БЕЛ АЎЫРЫЎЫНЫҢ СЕБЕБИ
«Белдиң аўырыўлары ҳәм шаншыўлары қандай себеплерге гөре келип шығады?»
— Бел аўырыўына түрли факторлар — қалтыс ҳәрекет етиў, аўыр жүк көтериў, ызғар жерлерде узақ ўақыт қалыў, суўықта қалыў, жарақатлар алыў, бүйректеги таслар, радикулит, омыртқа бағанасындағы диск грыжалары себеп болыўы мүмкин. Сонлықтан да, белдеги аўырыў ҳәм шаншыўларды даўалаў олардың себебин анықлаўдан басланады.
Егер белдеги аўырыўлар қатты тутса сидикти тексертиў, ультрасес тексериўлеринен өтиў ҳәм бүйректеги тасты сапластырыў лазым. Егерде бул тексериўлер жақсы шықса, онда омыртқа бағанасындағы өзгерислерге итибар бериў керек. Себеби, нерв түйиншеси қысылып қалған, аязлаған яки омыртқа жылжыған ҳәм олар арасындағы сиңирлер созылған болыўы мүмкин. Бул мәселе жөнинде невропатолог-шыпакерге ушырасыўыңыз керек. Жоқарыдағы анализлер менен бир қатарда рентген, компьютерлик томография тексериўлеринен де өтиўиңиз шәрт. Егер себеби анықланып, керекли емлер алып барылса, машқала да пүткиллей жоқ етиледи.
ҚАЙСЫ ШЫПАКЕРГЕ КӨРИНЕЙИН?
«Әйтеўирден-әйтеўир нервим шығып кете береди. Қан басымым да бар. Сондай-ақ, ҳаўа райы бултлы болғанда, ҳәр 10-15 минутта киши дәретке шығаман. Буның себеби неде? Қайсы шыпакерге ушырасып, қандай тексериўлерден өтейин?»
Б. Бекайдаров, 57 жас
— Қан басымы кеселлиги нерв системасы менен байланыслы. Соның ушын гипертония кеселлигине көбинше тез-тез ашыўланатуғынлар жолығады. Бул — кеселликтиң тийкарғы белгилеринен бири. Қан басымы мийдиң қан тамырларын да зыянлантырады. Егер ўақтында емленбесең, түрли асқыныўлар жүзеге келиўи мүмкин. Соның ушын да кардиолог ямаса терапевт көригинде болыўыңыз керек.
Тез-тез киши дәретке шығыўыңа келсек, нефрологтан мәсләҳәт алғаның мақул. Себеби, бул жағдайға сени алып келген пиелонефрит кеселлиги болыўы да мүмкин. Лекин, есиңизде болсын, қан басымы кеселлигинде де соған уқсас белгилер ушырап турады. Анализлер тапсырыўыңыз, жүрегиңизди де тексертиўиңиз шәрт. Нәтийжелерге қарап ем буйырылады. Емленбеген қан басымы инфаркт, инсультқа алып келиўи ямаса бүйрек ҳәм қан тамырлардың истен шығыўына себеп болады.
Ҳәзирги күнде адамлар қан басымы кеселлигине немқурайды қарамақта. Олар бул кеселликтиң турақлы түрде емлеп турылыўы лазымлығын түсинип жетпей атыр. Көпшилик адамлар қан басымы көтерилгенде ғана бир дәри ишеди. Бирақ, бул — қан басымының еми емес. Бүгинги күнде қан басымын емлейтуғын жүдә нәтийжели, жаңа препаратлар шыққан. Олар күнине 1 мәрте қабыл қылынса да, қан басымын сутка даўамында бир мөлшерде услап турады. Соның менен бирге, асқыныўлардың да алдын алады. Мәселен, бүйрек, жүрек ҳәм қан тамырларды қорғайды. Бундай препаратлар пүткил дунья жүзинде қолланылмақта.
ҚӘЎЕТЕРЛЕРДЕН ҚАЛАЙ ҚУТЫЛАЙЫН?
«Үйде отырғанымда ҳәжетке 4-5 саатта бир мәрте бараман ҳәм ҳәжетхана бар болғанлығынан кеўилим тыныш табады. Лекин, биржақларға бармақшы болсам, қыялымды «Ол жерде ҳәжетхана бармекен?!!» деген қәўетер ийелейди. Ҳәжетхана болған жағдайда да, мен жүдә кем ҳәжет шығараман. Сол себепли, барған жеримде тынышлық таппайман. Ырасын айтқанда, қатты қыйналып кеттим. Психологқа мүрәжат етсем, ол «өзиңди исендир, пикириңди басқа жаққа аўдар» дейди. Бирақ, бул қолымнан келмей атыр. Бул дәрттен мени ким қутқарады? Илтимас, жәрдем бериң».
Г. Нурабуллаев, 48 жас
— Жақсылап еске түсирип көриңши: ең биринши мәртебе бул жағдай не себепли болған еди? Яғный, ҳәжетхана менен байланыслы қандайда бир кеўилсиз ўақыя жүз берген бе? Себеби, бундай тынышсызлық өз-өзинен жүзеге келе бермейди.
Сиздеги бул жағдайды — мийге орналасып қалған бир пикирге қарам болыў, яғный невроз шығар, деп шама қылыў мүмкин. Оны даўалаў ҳәм сапластырыў ушын машқаланың қашан, қандай жағдайда ҳәм не себептен келип шыққанын анықлаў зәрүр. Егер ҳәрекет етпесеңиз, онда бул бара-бара ҳәжетхана менен байланыслы қорқыўларға айланыўы да мүмкин. Психолог пенен мәсләҳәтлесип, емлер алған ҳәм олардың тәсирин сезбеген болсаңыз, демек, қосымша медициналық даўаны қолланыўға туўры келеди. Буның ушын шыпакер усынысы бойынша керекли препаратларды қабыл етиўиңиз лазым. Ең жақсысы, өзиңди қолға алып, мийге орналасып алған пикирлерге қарсы руўхан гүресиўиң керек. Туўры, буның ушын сабырлылық ҳәм қанаатшыллық дәркар.
Алдыңызда еки жол турыпты: психолог мәсләҳәти менен қәўетерлениўшиликке қарсы руўхан гүресиў яки күшли, айрықша таңланған медициналық препаратларды қабыл қылыў. Сизди әйне ўақытта руўхый кесел деп есапламайман, лекин, даўаланбасаңыз, онда бара-бара сондай аўҳалға түсиўиңиз мүмкин. Оның алдын алыў ушын өзиңизде күш таўып, мийиңизге орналасып алған пикирден қутылыўға ҳәрекет қылың. Қорқыў сезимин жеңиў ушын, биринши гезекте, мәселениң қашан ҳәм неден соң пайда болғанын еслеп көриң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…