Арақ бас мийдиң тамырларын питеп таслайды, эритроцитлерди бир-бирине жабыстырады. Ақыбетинде мийге кислород жетиспей қалады (гипоксия) ҳәм клеткалары — нейронлар набыт бола баслайды.
Кейпиятты көтере ме?
Әйне усы гипоксияны көпшилик адамлар мәсликтиң ҳешкимге де зыянсыз басқышы деп түсинеди. Ол бас мий бөлекшелерин дәслеп ләң қылады, соң жансызландыра баслайды. Бундай ўақытта ишип алған адам қоршап турған жәмийеттен өзин еркин сезиўге кириседи, кеўилин түрмеден азатлыққа шыққандай қуўаныш кернейди. Ал, ҳақыйқатына келсек, бунда мийдиң бир бөлеги сырттан келип турған хабарларды сезиўден қалған болады. Лекин, өзин еркинликте жүргендей сезиў — бул, еркинлик емес, ал ишиўшиниң ең қәўипли иллюзиясы.
Босастыра ма?
Басың айланды ма? Сенде биринши гезекте мийиңниң желке жағында жайласқан вестибуляр аппарат бузылады. Сен тентиреклей баслайсаң, аяғыңда дурыслап тура алмайсаң.
Адамлар менен еркин сөйлесе баслайсаң ба?
Еркинсип кеттиң бе? Сенде биринши гезекте «әдеп-икрамлылық» орайы бузылады. Пивоның тәсири астында адам есаўанға айланады. Мийдиң жүрис-турысты қадағалайтуғын клеткалары ишкилик тәсиринен набыт болады.
Машқалаларды умыттыра ма?
Кимлер менен бирге отырып ишкенлериңди умыттың ба? Сенде биринши гезекте еслеў қәбилети бузылады, унырайды. Гейде қай жерлерде болғаның, нелер ислегенлериң ядыңа түспейди.
Бас мийдеги, кешеги күнди еслеп қалатуғын клеткалар биротала набыт болады. Мәскүнемлердиң тили менен айтқанда, «запись өшип қалады».
Кейпиңди жақсылай ма?
Азан менен «басжазар» қыласаң ба? Мийдиң өлтирилген клеткалары ирип-ширий баслайды. Организм оларды жуўып таслаўға мәжбүр, соның ушын ол бас сүйеги астына суйықлықты айдайды. Бул суйықлық ишкен адамнын басын азаннан баслап қыса баслайды.
Өзиңди жеп-жеңил сезесең бе?
Бас сүйегиниң астына қарай айдалған суйықлық мий клеткаларын еритеди ҳәм адам өзиниң киши дәрети менен оларды сыртқа шығарады. Демек, кимде-ким арақ, шарап, пиво ишсе, ол азанда турып, мийин киши дәрет қылып жибереди екен.
Организмимизге пайдалы ма?
Алкогольдиң ҳәрқандай дозасы да зыян келтиреди! Ҳәтте орташа ишиўлер де адамның исшеңлигин төменлетеди, организмди зәҳәрлейди ҳәм бузады, адамның өмирин орташа 20 жылға қысқартады. Арақ ишкен адамның дөретиўшилик, талқылаўшылық, мағлыўматларды қорытыўшы қәбилетлери 18-20 күннен кейин ғана зорға тикленеди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…