Дүнья илимпазлары 100 жастан асқан япон кекселериниң турмыс тәризин бақлап, олардың узақ өмир сүриў сырларын табыўға еристи. Буларды төменде билип аласыз:
1. Япониялылар күнди чай менен емес, ал 2 стакан пал қосылған жыллы суў менен баслайды. Азанда бул ишимликти қабыл етиў асқазан-ишек системасын тазалаўға ҳәм пайдалы микрофлораны тиклеўге жәрдем береди. Себеби, суўсыз дене бағдағы гүлдей солыўы мүмкин.
2. «Гөш өнимлерин көп тутыныўға әдетленсең, наўқас боласаң ҳәм тез қартаясаң». Япон халқы гөш ҳәм гөш өнимлеринен таярланған тағамларды жүдә аз тутынады. Бундай жағдайда организм ушын зәрүр болған белокты қай жерден алады, деп сораўыңыз мүмкин. Олар күнделикли белоктың муғдарын балық өнимлери менен толықтырады екен. Балықтың қурамындағы белок клеткалардың жаңаланыўын тезлестиреди ҳәм өз орнында қартайыўдың алдын алады. Сондай-ақ, балықтың гөши асқазанда тез сиңеди ҳәм қурамында холестерин дерлик жоқ. Буннан тысқары, Япония халқының аўқатланыў рационынан көп муғдарда өсимлик белоклары орын алған. Олар гүриш, мәш, лобыя, ғоза, гречка ҳәм тарыны жақсы көрип тутынады.
3. Мазалы нәрселерсиз өмир. Японияда мазалы нәрселерди көп жейтуғынлардың саны оғада аз. Өйткени, олар мазалы десерттиң орнына гүриш, пал, әнжир сыяқлы тәбийий өнимлерди тутынады.
Японлар қумшекер қанда қант муғдарының артыўына ҳәм клеткалардың қартайыўына себеп болады, деп есаплайды. Сондай-ақ, қанда қант муғдарының жоқары болыўы қан тамыр дийўалларының тарайыўына ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлериниң ҳәўиж алыўына алып келеди.
4. Жумсақ ҳәм шырайлы тери ийелери болған япон ҳаялларының гөззаллық сыры соннан ибарат, олар күнине 2,5 л.ден зыят суў ишеди ҳәм ҳеш қандай дәм бериўши қосымталар қосылмай суўда писирилген тағамларды (тийкарынан гүриш) тутынады. Сондай-ақ, японлар аўқатты асықпай, жақсылап шайнап жеўге ҳәрекет етеди. Сонда аўқат жақсы сиңеди.
Атап өтиў орынлы, гүриш ҳақыйқатында да ең пайдалы өним болып, организмнен зәҳәрли токсинлерди шығарыўға жәрдем береди. Сонлықтан да ҳеш болмағанда ҳәптесине 2-3 мәрте гүришли тағам тутыныў лазым.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…