ПӘНДИЎ НӘСИЯТЛАР

RA-img

   


Ҳаяллардың пәклиги

Пәклик – бул садықлық. Пәклик қалайынша бузылады?

Ҳаял өзиниң дослары менен телефон арқалы яки көрисип сөйлесип отырғанда күйеўиниң әззи, жаман тәреплери ҳаққында айтып басласа, не болатуғынын билесиз бе? Ол кейин күйеўи менен көрискенде, күйеўи оған қопал мүнәсибетте бола баслайды. Күйеўиниң ҳеш нәрседен хабары жоқ, бирақ жубайлар оғада нәзик көринбес каналлар арқалы байланысқан болады.

Күйеў психикалық энергиясын жойыта баслайды. Бул ҳаялдың пәк емеслигиниң белгиси, ол күйеўиниң әззи тәреплерин басқаларға дәстан қылыў арқалы усындай унамсыз ақыбетке жетеди. Күйеўдиң ҳаялына агрессиясы – өзиниң энергиясын сақлап қалыўға болған умтылыў. Ол өзи билмеген ҳалда, интуитив түрде ҳәрекет қылады.

Егер ҳаялы күйеўи менен қатнасықларды үзгиси келсе, ол буны қыла алады. Егер ол қатнасықларды жоқары дәрежеге алып шығыўды қәлесе күйеўиниң жақсы тәреплерине дыққат аўдарыўы тийис. Себеби усы арқалы ҳаял оған тиргек бола алады, еркектиң жақсы тәреплери өсе баслайды. Бул ҳаялдың пәк сезимлеринен белги береди.

 

 

Қатнасықларымызды абайлайық!

Ҳәзирги заманда материаллық затлар әҳмийетли мақсетлеримиздиң орнын басты. Адам машина алады, бирақ жақынларына бийпәрўа болып қалды. Адамды ким бундай аўҳалға салды? Бизлер жумыс ислеп атырмыз. Не ушын жумыс ислеп атырмыз? Себеби айфон, айпад, машина керек ҳәм т.б. Егер сизиң қасыңыздағы, дәрежеңиздеги адамларда телефон, машина болыў керек болса – алың. Сизиң қатарыңыздағылар джип минип жүрген болса, сиз де алың. Егер сиз буларды биреўден көргеннен, көре алмаўшылықтан яки «мен де ала аламан, минекей!» деп мардыйыў ушын алажақ болсаңыз, буннан ўаз кешиң. Адам әйне не керек екенлигин аңлап алыўы керек. Булар сизди бахытлы қыла алмайды. Бахытлы болыў ушын адамға қатнасықлар керек. Басқа барлық нәрселер усы қатнасық ушын қылынады. Барлық бахытлы демлер қатнасықлардан келип шығады. Барлық машқалалар, кеўилдеги жарақатлар да усы қатнасықлардан келип шығады. Соның ушын да қатнасықларымызды абайлайық.

 

 

Урықланыў ўақытында сананың дәрежеси

Урықланыў ўақытында ерли-зайыплылардың санасы қандай дәрежеде болған болса, туўылатуғын бала да усындай дәреже менен туўылады екен. Ата-анасының бири мәс ҳалында урықланған баланың келешекте қандай болатуғыны түсиникли шығар…

Баланың  95% тәрбиясы – оны дурыс ҳәм өз ўақтында көтериў. Ал 5% ғана тәрбия – бизиң айтып атырған тәрбиямызға байланыслы.

Урықланыў ўақтында дурыс сазланыў керек. Бурынғы мәдениятларда бала көтериўге бир жыл таярланған. Ерли-зайыплылар бир жыл қосылмай жүрген. Олар усы бир жыл даўамындағы ўақтын муқаддес жерлерди зияратлаў, уллы адамлар менен қатнаста болыўға сарыплаған. Олардың санасы бул күнлери жоқары руўхый дәрежеде болғанлығы себепли олардың туўылажақ баласына да уллы, жоқары дәрежели руўх питеди екен. Бул дегени, бундай балада сигарета шегиў, насыбай атыў, спиртли ишимликлер ишиў, алдаў, ериншекликке бейимлесиў улыўма болмайды дегенди аңлатады.

 

 

Биз қандай аўқатлансақ, өзимиз де усындаймыз

Аўқат ҳәм суў бизиң санамызға оғада күшли тәсир етеди. Мәселен, сиз спиртли ишимликлер ишсеңиз, ол санаңызға күшли унамсыз тәсир етеди. Егер «Cоca-cоla» ишсеңиз басқаша эффект, ал, әпиўайы суў ишсеңиз улыўма басқаша нәтийже болады.

Биз китапқа итибар қаратып, оны түсиниўге, мәнисин аңлап жетиўге ҳәрекет етемиз, лекин жеп атырған тағамларымыз болса, бизиң ақылымызды шетлеп өтип, туўры асқазанымызға барады. Деген менен, қабыл еткен тағамлар бизиң руўхиятымызға тәсирин көрсетеди.

Ҳәр бир тағамның нәзик тәреплери де бар. Сизде де алдынлары ушырасқан шығар, мәселен, биреўдиң үйине барып, әпиўайы ҳәм пайдалы салат яки қайнатылған картошка жедиңиз, бирақ өзиңизде аўырлық сезесиз. Екинши сапары, басқа биреўдиң үйинен тап усындай аўқатландыңыз - өзиңизди жақсы ҳәм жеңил сезип шықтыңыз. Демек, бул тағамларда оны таярлаған адамның санасы бар. Көз алдыңызға келтириң, өзин-өзи өлтирежақ аспаздың аўқат таярлап атырғанлығын... Оның таярлаған тағамын жейсиз, бирден жасаў қыйын екенлигин, барлығын тезирек жуўмақлап, қутылағойсам болар еди-аў ҳәм т.б. лар ойыңда пайда бола баслайды. Биз не жесек — сондаймыз. Ал, биз болса буннан кейин ойланып жүремиз, неге кейпиятым жоқ, не болды маған деп… Соң вокзалда яки базарда пирожки жегениңиз ядыңызға түседи.

Тағамларыңызда зорлық элементлерин азайтырыўға ҳәрекет қылың. Мәселен, помидор бул басқа нәрсе, қайнатпа гөш – бул басқа! Екиншисинде жәниўардың энергиясы күшлирек. «Сонда қалай, гөш жемеймиз бе?» киби пикир болады, лекин оларды аўқат рационымызда азайтыўымызға болады-ғо! Соның ушын да данышпанлар «Өзиңде қаншелли жақсылық, диянетти көбейтиўди қәлесең, соншелли жанзат гөшин тутыныўдан өзиңди тий» деп айтады. Себеби бундай тағамларда өлтирилген, зорлық ақыбетинде жаны қыйналған жанзаттың энергиясы бар. Өмирине илажы барынша көбирек жақсылық алып кириўди ойлаған адам, буннан узағырақ жүриўге ҳәрекет етеди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар