Организмниң қорғаўшылары

Күнсулыў Аметова, АИЖС орайының жоқары категориялы врач лаборанты
RA-img

       


1. Баўыр — қүдиретли дезинтоксикациялық ағза.

Баўыр күнлер даўамында организмниң ишки орталығының турақлылығын (гомеостазын) тәмийинлейди. Баўыр биохимиялық реакцияларды әмелге асырып, организмниң тиришилик процесиндеги пайда болған жүдә жоқары дәрежедеги зәҳәрли шығындыларды — төмен дәрежедеги зәҳәрли шығындыларға айландырады.

Организмниң искерлиги даўамында бөлинип шығатуғын оғада зәҳәрли нәрсе — аммиак. Баўыр бул жоқары дәрежели зәҳәрли элементти әпиўайы мочевинаға айландырады да, бүйрекке қарай узатады. Бүйрек оны киши дәрет пенен сыртқа шығарып жибереди. Баўыр сондай-ақ, организмди аўыр металлардан, санаатлық ҳәм турмыс руўзыгершилиги зәҳәрлеринен де қорғайды.

Жоқарыда айтқанларымызды жуўмақласақ, «Баўыр — бул зәҳәрли нәрселерди қайта ислеп шығатуғын биохимиялық фабрика»десек те болады. Оны ҳәрқандай фабрика сыяқлы, қыйралыўдан аман сақлап қалыўымыз тийис. Соның ушын да, майлы (палаў, картошка қуўырдақ), қақланған аўқатларды (колбаса, қақпаш балық), ҳәрқыйлы формадағы алкогольлерди (арақ, вино, пиво) тутына бермеў керек. Олар баўырдың клеткаларын набыт етеди. Басы сәл-пәл аўырса, парацетамол қабыллай беретуғынлар бул дәриниң баўыр клеткаларына зыянлы екенлигин билиўи лазым. Парацетамолды шыпакердиң рухсаты менен ғана қабыл етиў керек. Ал, ыссылықты төмен түсиретуғын шара ретинде оны тек дене температурасы 38 градустан асқан ўақытта ғана қолланыў лазым.

 

2. Бүйреклер — қанға зыянлы затларды жибермеўши фильтр болып табылады. Фильтрден өтпей қалған затлар киши дәретке қосылып, организмнен сыртқа шығарып жибериледи.

Бүйректиң бир бапта ислеп турыўы ушын суў керек. Оның суткалық нормасы шама менен 2 литрди қурайды (газланған емес, ал әпиўайы суў).

Бүйреклер — организмимиздеги таслар дөрейтуғын мәкан болғанлықтан, биз сидик-тас кеселликлерине имкан жарататуғын өнимлерди — щавель кислотасы бар аўқатларды (щавель, шпинат ҳәм т.б.), буршақлы өнимлерди ҳәм минерал дузлары көп суўларды рационымыздан шек￾леўимиз тийис.

 

3. Лимфатикалық система — адам организминдеги иммунлық системаның бир бөлеги

Егер баўыр ҳәм бүйреклер организмди химиялық затлардан қорғаса, ал лимфатикалық система (оған талақ ҳәм лимфотүйинлер киреди) организмге келип түскен микроорганизмлерди, микроблар ҳәм вирусларды зыянсызландырады.

Егер адамның бир жери исип кетсе, организмине инфекция кирип алған болса, онда лимфатикалық түйинлер лимфоцитлердиң санын көбейтеди. Буның нәтийжесинде лимфотүйинлердиң көлеми улғайып кетеди.

Лимфотүйинлердиң үлкейип кетиўине рак кеселлиги де себепши болады. Егер де омыраў сүйегиниң асты исине басласа, демек көкирек ағзаларында насазлықтың бар болғаны. Бәлким, өкпе раги раўажланып киятырған шығар? Жақ сүйеклериниң астындағы лимфатикалық түйинлер көбинесе ангина ўақтында исинеди. Бундай исиниўди сондай-ақ, тис аўырыўы да шақыра алады. Булардан тысқары, лимфотүйинлер шатта ҳәм қолтық астында да жайласқан. Егер олар искен болса (бармақлар менен барластырыўға болады), демек, организмге инфекция түскен болып саналады.

Лимфатикалық түйинлердиң исиниўи шыпакерге көриниў кереклигин билдиреди. Өйткени, инфекция тарқала берсе, талақ та жәбир көриўи мүмкин.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар