№1. Баўыр үлкен дозадағы күшли ишимликлердиң тәсирин ҳәлсиретеди
Баўыр — организмимиздеги мудамы ислеп туратуғын, токсинлерди өзлестиретуғын «станция» болып табылады. Егер де организмге алкоголь келип түссе, баўыр оған дәрҳал ислеў бериўге умтылады.
Процесс барысында зәҳәрли нәрселер дөрейди. Олар баўырдың клеткаларына өзлериниң набыт етиўши тәсирлерин өткизе баслайды. Егер организмге ҳәр күни алкоголь түсип турса, мейли ол аз дозада болағойсын, бәрибир, баўырды кем-кемнен жемирип бара береди.
№2. Териниң сарғыш тартыўы баўырдағы машқалаларға байланыслы
Егер бир бапта ислеп турған баўыр қәпелимде «патырлап» қалса, онда қанның қурамында билирубинниң муғдарының артып кеткени. Усы пигменттиң салдарынан адамның териси сарғыш дөнеди. Лекин, адам бетиниң сарғайыўы бәрқулла баўыр кеселликлери менен байланыслы болып келе бермейди.
Егер биз беттиң соққы тийген жерин мысалға алып қарасақ, дәслеп ол қызарады, соң — көгереди ҳәм соңында сарғайып кетеди. Бул — қан клеткаларының бузылыўлары демек. Егер адамда қан кеселлиги бар болса (гемолитикалық анемия), бул дәрт те беттиң сарғыш тартыўына себепкер болады. Бул кеселликте қызыл қан денешелери набыт болады, сол себепли қанда билирубинниң муғдары артып кетеди.
Баўырдың басқа органлардан парқы сонда, ол өз-өзинен бурынғы қәлпине келе алыў қәбилетине ийе. Егер адам организминде баўырдың 20 пайыз зақымланбаған бөлеги қалса, онда ол белгили бир диетаны сақлай отырып, баўырын биротала тиклеп алыўы мүмкин.
№3. Баўыр тек алкогольди ғана зыянсызландырады
Көплеген адамлар «Қаншелли күшли градустағы ишимликлерди уртласақ та, бәрибир, баўырға ҳештеңе болмайды» деп ойлайды. Ҳақыйқатына келсек, бул — надурыс түсиник. Бундай турмыс тәризи адамды, әлбетте, баўыр циррозына алып келеди.
Баўыр, сондай-ақ, аўқат пенен келип түскен майларды да қайта ислейди. Медицинада «майлы гепатоз» деген түсиник бар — баўырды май басып, оның нормаль жумыс ислеўине кесент берилиўи усылайынша аталады. Ақыр-соңында майлы ҳәм жоқары калориялы аўқатларды көплеп тутына бериў де баўыр циррозына алып келеди.
Егер рационнан күшли ишимликлерди ҳәм майлы аўқатларды алып тасласақ, онда бул орган үш ай ишинде толығы менен өз қәлпине келеди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…