БАЎЫР ЦИРРОЗЫ БЕЛГИЛЕРИ

RA-img

   


«Маған «баўыр циррозы» деп диагноз қойылды. Кеселликтиң характерли белгилери нелерден ибарат? Емлеўде нелерге итибар бериў керек?»

Асан Сексенбаев, Нөкис қ.

— Биринши нәўбетте — ҳәлсизлик. Аўыр жүк көтергенде оң бүйирде жағымсыз аўырыў пайда болады (бул жағдай майлы аўқат жеген соң да сезилиўи мүмкин). Қарын иседи, газ топланады. Изли-изинен иш кетеди ямаса иш қаталайды. Аазанда ерте аўызда ашшы дәм сезиледи. Гейде сидик реңи қойыўласады, үлкен дәрет болса, керисинше, суйықласады. Улыўма алғанда, кеселлик белгилери ҳәр бир наўқаста өзиншеликлерге ийе болады.

Кеселлик гейде жасырын тәризде өтеди. Соның ушын да, наўқаслар шыпакерлерге кеш мүрәжат етеди. Баўыр циррозындағы биохимиялық тексериўлер билирубин ҳәм ферментлердиң көтерилгенин көрсетеди. Кеселлик ҳәўиж алғанда болса, альбуминлер, протромбинлер муғдары кемейиўи нәтийжесинде геморрагиялық синдром (тери ҳәм силекей қабатлардағы қан қуйылыў) келип шығыўы мүмкин.

Егер морфологик тексериўлер нәтийжеси клеткалардың тәсиршең болып қалғанын көрсетсе, бул актив цирроз болады. Егер бул жағдай сезилмейтуғын болса, цирроздың қәлиплесип атырғанын билдиреди. Қәлиплескен циррозда асцит (қарын бослығында суйықлықтың жыйналыўы), тамырлардың варикоз кеңейиўи (өңеш ҳәм асқазан веналарында), талақтың үлкейиўин келтирип шығарыўшы гипертензия жүзеге келеди. Соны айтыў орынлы, баўыр циррозы менен кеселленген наўқаслардың 30 процентинде баўыр раги раўажланады. Бундай наўқаслар рактен де, варикоз тамырлардан қан қуйылыўы нәтийжесинде де ямаса баўыр жетиспеўшилигинен де қайтыс болыўы мүмкин.

Бул кеселликте ең жақсы ем – оның алдын алыў. Дәрилер менен емлениў курслары бар. Мәскүнемлерди емлеў жеңилирек. Егер бундай наўқас ишиўди тасласа, ол вируслы наўқасқа салыстырғанда көбирек жасайды.

Вируслы наўқаслар арнаўлы дәрилер жәрдеминде емленеди. Баўыр кеселленгенде арнаўлы диета тутыў зәрүр әҳмийетке ийе. Баўыр жарақатланғанда көбинше микроэлементлер ҳәм витаминлер жетиспейди. Соның ушын, шыпакер буйырған минерал затлар қосылған препаратларды турақлы рәўиште, өз ўақтында қабыл етиў лазым. Тез-тез ҳәм аз-аздан суйықлықлар ишиў тийис.

Баўыр циррозы (асцитсиз) ушын ашшы, шор ҳәм майлы аўқатлар қадаған етиледи. Оларға дерлик дузсыз тағамлар жеў мәсләҳәт етиледи (күнине 2-3 гр дуз). Майлы творог, үй сыры, майсыз йогуртлар, шәўлелер, таўық гөши, мийўе ҳәм палызлар ҳәм кем муғдарда нан жеў мүмкин. Спиртли ишимликлер ҳәм химиялық синтезли дәрилер үзил-кесил қадаған етиледи.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар