Күлкитерапия

RA-img

   


Бир ҳаял психиатрдың қабыллаўында:

– Айтың-шы, сизиң шаңарақта гәрдийиўшилик жағдайлары ушыраса ма?

– Аўа, дуқтыр, арасында күйеўим өзин «шаңарақ басшысыман» деп есаплайды.

*** *** ***

Бир адам аптекаға жуўырып келип депти:

– Маған клизма бериң…

– Бизде клизма жоқ…

– Онда…, 100 пипетка бериң…

*** *** ***

Бир ер адам аптекаға келип, лық-лық атыўды тоқтататуғын дәри бериўин сорапты. Аптекашы оны оң жағынан “бир илдирип” жиберипти.

– Бул не қылғаныңыз?

– Мине, лық-лығыңыз тоқтады!

– Лық-лық менде емес, ҳаялымда ғой!

*** *** ***

– Дуқтыр, түскинликке берилип жүрмен. Жәрдем етиң.

– Ең жақсы усылы – жумысыңа басың менен шүңгиў.

– Бирақ, мен бетон араластыратуғын цехта ислеймен ғой…

*** *** ***

– Дуқтыр, мен ешектей ислеймен, малдай аўқатланаман, ийттей жүгиремен. Не қылайын?

– Қаяқтан билейин, мен ветеринар емеспен-ғой.

*** *** ***

Жиллиханада телефон шыңғырлапты:

– Өтиниш, он сегизинши палатада ким бар екенлигин көрип жибересиз бе?

– Көрдим, ҳеш ким жоқ. Неге сорадыңыз?

– Ура, демек мен ырастан да қашыппан!

*** *** ***

Бир ер адам есикти ашарашпас шыпакер оған айтты:

– Жигит! Саған күшли көзәйнек керек екен! Буған гүман жоқ!

– Қаяқтан билдиңиз? Мен енди кирдим ғой?!

– Енди…, тәжирийбем жеткиликли... Оның үстине, гинеколог болсам…

*** *** ***

– Дуқтыр, қулағым шыңғырлай береди…

– Сиз жуўап бермең.

*** *** ***

– Усы рас па дуқтыр? Енди менде туберкулез улыўма жоқ па?

– Улыўма жоқ!

– Усы гәпиңиз ушын Сизди бир сүйип қойсам, руқсат бериң…

– Э, яқ! Керек емес!

*** *** ***

Шыпакер наўқасқа мәслаҳат берип атыр:

– Ҳәр күни аз болса да пияда жүриўиңиз керек.

– Қайсы ўақыт, дуқтыр? Азанда почтаны тарқатып болыўдан жүрсем бола ма?

*** *** ***

Наўқас шыпакер қабыллаўында:

– Дуқтыр, буннан үш ай алдын қабыллаўыңызда болған едим. Менде ревматизм анықланып, ызғарлықтан узақлаў жүриўди мәслаҳат берген едиңиз.

– Аўа, есиме түсти. Хош, енди қандай арызларыңыз бар?

– Дуқтыр, енди жуўынсам бола ма?

*** *** ***

Наўқас шыпакерден сорады:

– Усы рас па дуқтыр? Гешир көздиң өткирлигин асыра ма?

– Аўа, рас! Көзәйнек таққан қоянды көрдиңиз бе сирә?!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар