Тоғызыншы стол: Қантлы диабет

Жеңис Үббиев, Академик Ё.Х.Туракулов атындағы Республика қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медициналық орайы ҚФ директоры
RA-img

   


Қантлы диабетте дурыс аўқатланыў – кеселликтиң зорайып кетпеўиниң алдын алады. Наўқас организмге жеңил ғана сиңетуғын углеводларды, яғный қантлы өнимлерди, қанттың өзин, қумшекерди бериўге болмайды. Ол тийкарынан сүтли аўқатларды, түрли-түрли палызларды, мийўелерди (алма, әнар, алша ҳәм т.б.ларды) аз-аздан ҳәм тез-тезден тутыныўы керек. Кеселликти даўалаўда диетаға әмел етиўден тысқары, денени зорықтырмайтуғын дәрежеде физикалық шынығыўлар менен (мәселен, таза ҳаўада көбирек сейил етиў) шуғылланыў лазым. Сонда, булшық етлер тетиклеседи, май кислоталарының пәршелениўи, қанттың сорылыўы, тоқымалардың инсулин ҳәм дәрилерди сезиўшеңлиги асады. Көплеген семиз ҳәм инсулинге ғәрезли болмаған диабетли наўқасларда режели физикалық мийнет ҳәм ақылға муўапық дүзилген диета жақсы нәтийжелер береди. Зәрүрият туўылғанда дәри-дәрмақлар менен даўалаўға өтиўге де болады.

Улыўма алғанда, ишки кеселликлерге 15 диеталық стол режеленген. Тек қантлы диабетте ғана наўқасларға 9-стол буйырылады. Бул диетаның тийкарғы талаплары төмендегише:

1.      Нан ҳәм ун өнимлери: қара нан, кепекли бийдай наны; 2-сортлы уннан таярланған бийдай наны (күнине 150 граммға шекем); бийдай, гүнжи, зағара, топинамбур салынған нанлар; гүлше нанлар, сорбитли печеньелер ҳәм т.б.

2.      Палызлардан таярланған сорпалар: капусталы, ләблебили, қайнатпа сорпалар. Оларға картошка, гречка, сулы, жүўери, перловка қосыўға болады.

3.      Гөш өнимлери: майсыз болған таўық гөшлери; түйетаўық гөши (қайнатылған ҳалда, гейде ҳәптесине 1-2 мәртебе), соң картошка қуўырып бериў; сүтли сосискалар, диетикалық колбаса (писирилген), писирилген баўырды ҳәм соң айырым қуўырылған тағамлар. Балықтың барлық түрлерин сорпа сыпатында да, өсимлик майында да қуўырып жеўге болады. Бирақ, балық консерваларын жеўге болмайды.

4.      Сүт өнимлери: майсыз кефир (биокефир, бифидок), майсыз творог, сметана (20 пайыз майлы), сыр (30 пайыз майлы), писирилген ямаса ярым писирилген мәйек (бир күнде 1-2 дана).

5.      Палызлар: әпиўайы капуста, реңли капуста, кабачкалар, баклажан, помидор, қыяр, болгар бурыш, редиска, қабақ, түрпи, көк горохлар ҳәм лобияларды писириў, қуўырыў.

6.      Шийринликлер: қумшекердиң орнын басыўшы жегиўликлер рухсат етиледи. Ҳәзирги күнде дүканлардағы арнаўлы текшелерге қантлы диабетке ушыраған наўқаслар ушын қант орнын басыўшы азық-аўқат өнимлери жайластырылған ҳәм олар қарыйдарларына сатылмақта.

7.      Ишимликлер: алмалы, сүтли шай, тәбийий қурамында қант болмаған мийўе ҳәм палызлардан таярланған шербетлер, минерал суўлар. Мүмкин емес: шийрин шербетлер (жүзим, цитруслылар), лимонад, морс, газлы ҳәм спиртли ишимликлер, қаўын, әнжир.

 

Қантлы диабеттиң алдын алыў бойынша илажлар:

ü  наўқастың жумыс ислеў қәбилетин узайттырыў, екилемши кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеў;

ü  дене салмағын нормалластырыў;

ü  қант муғдарын азайттырыўшы дәрилерди өз ўақтында ишип турыў;

ü  аўқатты аз муғдарда, лекин тез-тезден қабыл етиў (күнине 4-5 рет);

ü  таза ҳаўада көбирек жүриў;

ü  қан басымының артериал системада көтерилиўин (артериал гипертензияны) дәри-дәрмақларсыз емлеў (гипотоник ҳәм киши дәрет айдаўшы препаратлар кеселликти күшейттириўи мүмкин. Оларды абайлап пайдаланыў керек);

ü  жүрек жетиспеўшилигине ушыраған наўқаслар ЭКГ-ның өзгериўине қарай отырып, кардиолог мәсләҳәтине әмел етиў керек;

ü  эндокринолог-шыпакер менен мәсләҳәтлескен ҳалда емлениў илажларын белгилеў зәрүр.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар