Кене шағыўыныӊ алдын алыў

RA-img

Қарақалпақстан Республикасында кенелердиӊ 40 тан аслам түри болса, соныӊ 15 ке жақыны қәўипли кеселликлерди пайда етеди. Кенелер жылдыӊ май, октябрь айлары арасында қозыў ҳәм көбейиў дәўиринде болады. Сонлықтан, күнделикли турмысымызда жылдыӊ жыллы мәўсимлеринде кенелер көп ушырайды.


Кене көбинесе кимлерге жабысады?

Кене көпшилик жағдайларда дала шараятында жумыс ислеўшилерге, экспедиция хызметкерлерине, мал шарўашылығы менен шуғылланыўшы адамларға, яғный шопанларға, саўыншыларға, қой-ешкилердиӊ жүнин қырқыўшыларға, шөп орып жыйнаўшыларға, ири ҳәм майда маллардыӊ терисин жыйнаўшыларға, қәссапларға жабысқыш болады.

Кене шағыўыныӊ алдын алыў ушын жайлаўға шыққанда қалыӊ, кенелер тез көзге көриниўи ушын ақшыл материалдан тигилген кийим кийиў, шалбардыӊ балағы шулыққа ямаса етикке тығылыўы керек. Кенелерди қашырыў ушын репеллентлерден қолланыў усыныс етиледи.

Дала жумысынынан кейин дыққат пенен кийимлерди ҳәм денени көзден өткериў тийис. Егер кене адам денесине жабысып турған болса, оны медициналық резиналы қолқап кийип кенениӊ қан сорыўшы жерине жақын жерден жиӊишке пинцет, беккем сабақ яки арнаўлы әсбап пенен қысып алыў керек болады. Денеге жабысып турған кенени жулып алыўға, қайшы менен қыйыўға болмайды, себеби кенениӊ шағыўшы тикенлери териде қалып қояды ҳәм жаман ақыбетлерге алып келеди. Денеден алған кенени керосинге салыў, қайнаған суўға салыў, дезинфекциялық еритпелерге салыў, жағып жибериў усыллары менен өлтириў ҳәм жоқ етиў усынылады.

Кене шаққан адам дәрриў емлеў-профилактикалық мәкемеге мүрәжат етиўи керек. Ол жергиликли поликлиникаға, емлеўханаға көрингеннен кейин үй шараятында 7 күн даўамында, ҳәр күни еки мәрте термометрия етиледи. Яғный, дене температурасы өлшеп барылады, териси көзден өткерилип, жағдайы соралып, үй жағдайында медициналық бақлаўға алынады. Егер дене температурасы көтерилсе, териде ҳәрқыйлы таспилер (сыпь) пайда болса, тислери қанаса дәрҳал емлеўханаға барыўы тийис.

 

Муҳаббат Мамбеткаримова,

Гүлнара Ерниязова,

Республикалық оба профилактика орайыныӊ Қарақалпақстан филиалы қәнигелери

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар