КЕЛЕШЕГИҢЕ САЯ САЛМАЙДЫ
— Ата-анамда қантлы диабет бар. Бул кеселлик маған да нәсил қуўалап өтиўи мүмкин бе?
Шайда Арзымбетова, Нөкис қаласы
— Дәслеп ата-анаңда қантлы диабеттиң қайсы түри бар екенлигин билип алайық. Егер оларда қантлы диабеттиң 1-түри анықланған болса, онда кеселликтиң нәсилден-нәсилге өтиў қәўипи 25-30 процентти қурайды. Ал егерде, 2-түри менен аўырған болса, онда қантлы диабеттиң әўладқа мийрас болып қалыў итималлығы 70-80 процентке шекем көбейеди (әсиресе 40 жастан кейин). Мына нәрсени умытпаң: тек қантлы диабеттиң ғана емес, сондай-ақ басқа да, айырым кеселликлердиң раўажланыўына да нәсиллик фактор себепкер болады. Бирақ, нәсиллик кеселликлердиң қашан өзлерин көрсетиўин күтип отыра бермеў керек. Оннан көре, сол кеселликти келтирип шығаратуғын факторлардан қорғаныў лазым. Мәселен, өзиң ушын саламат турмыс тәризин жарат. Көбирек ҳәрекетлениўге, шийринликлерди жеўди шеклеўге умтыл. Сондай-ақ, майлы тағамларды тутыныўды да кемейттириў лазым. Тағамнамаңды көбирек жаңа мийўе ҳәм палызлар менен байыт. Егер сен артықмаш салмақ байлап киятырғаныңды сезсең, азыўға ҳәрекет ет. Артериал қан басымының нормада болыўына итибар қарат. Және…, қандағы холестерин дәрежесин де қадағалап турыўды умытпа. Бундай кеңеслерге қулақ берип, әмел қылсаң, онда ҳеш қандай да нәсиллик кеселлик келешегиңе сая салмайды.
Қанда қант муғдары қанша болыўы тийис?
— Жақында қантли диабет бойынша қан анализин тапсырған едим. Нәтийжеси 6,2 ммоль/л шықты. Бул ҳаққында танысыма қулақ-қағыс етип едим, ол менде кеселликтиң басланғанын айтты. Оның айтқаны ырас па?
Айгүл Самендарова, Кегейли районы
— Улыўма алғанда, қантлы диабетке бир ғана анализ бенен диагноз қойыўға болмайды. Бул көрсеткиш глюкоза тәмийнатындағы өзгерислерден, айтайық, оның қанда жақсы сорылмай атырғанлығынан дәлалат берип турған болыўы мүмкин… Бул — сенде қантлы диабеттиң раўажланып атырғанынан емес, ал қандағы инсулинди сезиў функциясының бузылғанынан дәрек берип атырған болыўы да итимал. Бирақ, бул анализ көрсеткиши сениң қандағы глюкоза дәрежесине сергек болыўыңды талап етеди. Өйткени, бундай ҳалатты өз ўақтында даўалаў лазым. Егер ондай қылмасаң, оның қантлы диабетке айланып кетиўи ҳеш гәп емес. Қайтадан және бир рет қан анализин тапсырыўды мәсләҳәт етемиз. Соның менен бирге, гемоглобиндеги қант муғдарын анықлаў ушын да тапсырыўың лазым. Өйткени, бул көрсеткиш 3-4 ай алдыңғы углевод алмасыў процесин көрсеткени себепли, бундай таласлы мәселениң шешими есапланады. Қан анализин аш қарынға тапсырыў лазым. Ҳәтте азанда, анализ тапсырыў алдынан тисти де жуўыўдың кереги жоқ. Өйткени, тис пастасының қурамында қумшекер болғанлықтан, ол аўыздың силекей қабаты арқалы сорылады. Кейин ол диагноз нәтийжесине тәсир көрсетиўи мүмкин.
БАСЫН ТУТАЛМАЙ АТЫР
— Үш айлық қызым басын елеге шекем көтере алмай атыр. Бул жасқа келип, нәресте биймәлел басын тутыўы керек, деп еситип едим. Бул ҳаққында маған мағлыўмат берсеңиз?
Мәдийна Жуманазарова, Нөкис қаласы
— Дәслеп қызыңызды қарны менен жатқарып, бақлап көриң. Ол рефлекторлық рәўиште, яғный бийықтыяр өзин қорғаў ҳәм дем алыў ушын басын көтереди ямаса қапталына бурылыўға урынады. Егер балада бундай ҳалат бақланса, бирақ ол тез шаршап қалса ҳәм жыласа, жәрдемге келиң. Бираз ўақыт өткеннен соң қайтадан тексериң. Усы процессти биреки ҳәпте даўамында күнине 6-8 мәртелеп тәкирарлаң ҳәм басын тута алыў ўақты узайып атырғанлығын қадағалаң. Қарны менен жатқан баланы ойыншықлар менен шалғытып, басын көтериўге үндең. Оның менен сәўбетлес. Егерде, бул шынығыўлардан ҳеш қандай нәтийже шықпаса, онда невропатологқа мүражат етиң.
ТОҒЫЗ АЙЛЫҚ БАЛАМА ТИС ШЫҚПАЙ АТЫР…
— Улым тоғыз айлық болды. Бирақ, оның аўзында тистен дәрек жоқ. Сегиз айлығында баламды шыпакерге көрсеткенимде, ол «Тислери бөртип турыпты, жақын арада шығып қалады» деп исендирди. Мүмкин, балама қандай да бир витаминлер жетиспей атырған шығар?
Гүлбәҳәр Асаматдинова, Шоманай
— Балалардың тиси нормада 10 айға шекем шығып болады, гейде оннан кейин де даўам етеди. Сизиң балаңыздағы ҳал организмине қандай да бир затлар жетиспей атырғанлығынан дәрек бермеўи де мүмкин. Перзентиң жақсы аўқатланып, тыныш уйықлап, нормаль раўажланып атыр ма — демек, қәўетерлениўге ҳәжет жоқ. Ҳәзир сиз балаңызға қосымша аўқат бериўди баслаған болсаңыз керек. Оған көбинесе палыз ҳәм мийўелер пюресинен бериң. Азанғы он бирлерде таза ҳаўада сейил қылдырың. Тез арада тислери әлбетте шығып кетеди.
Сораўларға жуўаплар медициналық қәнигелер менен биргеликте таярланды.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…