Немец илимпазлары кардиологиялық ҳәм онкологиялық кеселликлер адамлардың баланслы аўқатланбаслығы ҳәм диетологияның тийкарларын билмеслиги себебинен келип шығады, деп есаплайды.
«Биз не жесек – солмыз» дейди Аюрведа тәлиматы. Саўлыққа пайдалы аўқатларды жей отырып, биз денемизди тазартамыз ҳәм беккемлеймиз. Тек дурыс таңланған азықлық ғана кеселликтен айығыў ҳәм көп жасаў бағдарына қарай атқан елеўли қәдемимиз бола алады. Бир қызық жери, ири фирмалар, әсиресе Батыстағы (АҚШ, Франция, Англия) фирмалар, өзлериниң штат кестесине диетологларды да киргизип қойыпты — олар фирма хызметкерлерине диетаны ақылға муўапық таңлап алыўға жәрдемлеседи. Раўажланған мәмлекетлерде диетология бойынша конгресслер, семинарлар, көргизбелер болып турады. Оларға қатнасқан тараў қәнигелери өз-ара тәжирийбе алмасады, қолланып атырған усылларын ортақласады.
Франция илимпазлары денсаўлықтың тиккелей аўқатланыўға байланыслы екенлигин анықлады. Әсиресе, бул байланыс жүрек кеселликлерине шалынғанлар үстинен өткерилген экспериментлерде айқын көзге тасланды. Бул наўқаслардың бир бөлеги бурынғы әдетинше аўқатланып жүрди, ал екинши бөлеги болса диетологлар тәрепинен ислеп шығылған диетаға раўа қылды. Диета гөш өнимлери муғдарының қысқартылыўын, ал таза жулынған ҳәм қақланған палыз, жемис муғдарының көбейтилиўин нәзерде тутты.
Бақлаўлар қоңыр гүриш, гречка жармасы, өнип кеткен дәнлер, сондай-ақ буршақлар, соялар менен аўқатланған наўқаслардың аўҳаллары анағурлым жақсарғанын көрсетти. Нәтийжеде, олардың тәкирарланған инфаркттен өлиў итималлығын 75 пайызға қысқартыўға ерисилди!
Ҳәр бир адам аўқатланыў тийкарларын билиўи керек, мудамы қуўнақ ҳәм қуўатлы жүриўи ушын қәрежетиниң шамасына қарап, өзине сай рационды таңлап алыўы тийис.
Адам қалайынша аўқатланып жүрген болса, ойланыўы да соған сай болады. Гейпара азық-аўқат өнимлериниң бас мийдиң искерлигине қалайынша тәсир ететуғынын билиў ушын әдеўир экспериментлер өткерилди ҳәм бир қатар қызығарлы факторларды анықланды: адамдағы ойланыў күши көп жағынан азық-аўқат өнимлеринен ғәрезли! Адамның мийи 60 пайыз майдан ибарат. Соның ишинде мийдеги қурғақ затлардың 30 пайызын лецитин аминокислотасы қурайды.
Нейронлардың импульсларды жибере алыў мүмкиншиликлери мына факторларға байланыслы: адамның жасы, жынысы, денсаўлық жағдайы, шыныққанлық дәрежеси, аўқатланыўы. Адам биологиялық жасын өзгерте алмаса да, лекин аўқатланыў сапасын өзгертиўи қолынан келеди.
Бас мийиниң бир клеткасы миллиардтан аслам молекулалардан ибарат. Олардың ҳәр қайсысы, өз нәўбетинде, аминокислоталардан турады. Ҳәзирги ўақытта илимге 22 аминокислота белгили. Соның ишинде сегизи жүдә керекли, организм оларды синтезлемейди. Олар мыналар: лизин, валин, триптофан, фенилаланин, треонин, лейцин, метионин и изолейцин. Организм нормаль ҳалатта болыўы ушын бул аминокислоталардың болыўы шәрт. Бул элементлер аўқатлық затлардың қурамында бар болғанда ғана бас мийи қабығының жақсы ислеўине имкан жаратылады.
Адамға бир күнде 100 граммға шекем май керек. Улыўма майлардың 33 пайызын сүт майлары қураўы тийис.
Сары май мийге улыўма зәрүр болған майлардың ярымынан көбирегин сақлап қалыўға имкан береди. Күнделикли рационда қурамында олеин ҳәм линол кислоталары бар өсимлик майы да болыўы тийис. Бул кислоталарға оливка, арахис, мәкке ҳәм шимишкиден алынған майлар бай.
Холестеринлик зат алмасыўда метионин аминокислотасы ҳәм холин витамини үлкен әҳмийетке ийе. Холинниң склерозға қарсы тәсир көрсетиўши қәсийети бар, сонлықтан ол кексе жастағы адамлардың аўқатында әлбетте болыўы тийис. Холин мына дәреклерден алынады: балық, капуста, буршақлы ҳәм палыз өнимлери. Метионин жасыл буршақ, апельсин, қаўын ҳәм мәйектен табылады.
Аўқатланыўдың ең әҳмийетли қурам бөлеги — углеводлар болып табылады.
Адамның бир күнлик аўқатының улыўма калориялылығы, оның жынысы, ислеп атырған жумысы, жасаў жағдайлары, жасы ҳәм денсаўлығының жағдайынан ғәрезли түрде, 2 000-нан 4 500 ге шекем калорияда болыўы тийис. Организмниң талабын толық қанаатландырыў ҳәм биологиялық теппе-теңликти сақлап турыў ушын суткасына қанша энергия сарыпланатуғынын билиўимиз тийис.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…