Өмир ҳәрекетте

RA-img

  


Ҳәрекеттиң тийкарғы мақсети булшық етлердиң күшин беккемлеў, денениң ийкемшиллигин арттырыў, қан тамырларының тонусын жақсылаў болып табылады. Бунда ақыл менен денениң гармонияға келиўине үлкен итибар қаратылады. Физикалық шынығыўлар — денсаўлықты беккемлеўдиң тийкарғы шәртлеринен бири. Актив ҳәрекетлер барлық булшық етлерди бир қәддинде беккем етип турады.

Тарийхтан белгили болғанындай-ақ, әййемги ойшыллар Аристотель, Сократ ҳәм Софокл актив ҳәрекетлерди унатқан. Мәселен, Аристотель теңиз жағасында шәкиртлерин изине ертип жүрип сабақлар өткерген.

 

Физикалық шынығыўлардың абзаллықлары

Физикалық шынығыўлар холестеринлик қатламларды азайтады, артықмаш салмақты болдыртпайды, атеросклероздың алдын алады. Сондай-ақ, актив турмыс тәризин кеширип атырған адамның барлық булшық етлери, соның ишинде жүрегиниң булшық етлери де, көплеген, перифериялық минималь қарсылықлы  капиллиярлар менен тәмийинленген болады. Бул жағдай жүректиң оптимал режимде ислеўине мүмкинлик береди.

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, физикалық жақтан актив адамлар кем ҳәрекетли адамларға қарағанда жүрек-қан тамырлары кеселликлери, рак кеселлиги менен аз наўқасланады, оларда психикалық бузылыўлар сийрек ушырасады. Көп жасаған адамларды бақлаўлардың көрсеткениндей, физикалық активлилик адам өмирин узайтады.

Илимпазлар физикалық ҳәрекетлердиң жүректи жасартыратуғынын ҳәм беккемлейтуғынын дәлилледи.

Жүректиң қандай жағдайда екенлигин билиў ушын әпиўайы тест өткериўге де болады. Буның ушын секундомерди қолланып, жүректиң бир минут даўамындағы соғыўын өлшеўге болады. Соң шкалаға қараймыз:

— минутына 48 рет соқса — демек, жүрек жүдә жақсы аўҳалда (яғный шыныққан);

— минутына 60 рет соқса — жүрек сааттай соғып тур, пүткил организм оптимал режимде ислеп тур, демек тәшўишлениўге ҳәжет жоқ;

— минутына 72 рет соқса — демек, денсаўлық ҳаққында ойланатуғын ўақыт келди, физикалық шынығыўлар менен машғул болыўымыз керек;

— минутына 80 рет соқса — денсаўлық туўралы шынтлап ойланыўымыз ҳәм турмыс тәризимизди өзгертиўимиз лазым.

Физикалық шынығыўлар тамырлардың жағдайын жақсылайды, перифериялық қарсылықларды азайтады ҳәм нәтийжеде улыўма қан айланысты нормалластырады. Тамырлардан қанлардың ағып өтиў тезлиги көплеген факторлардан ғәрезли: тамырдың көлденең кесими, тамырдың эластиклиги ҳәм қанның қурамы. Физикалық шынығыўлар ҳәм ийилиўлер тамырлардың эластиклигин жақсартады ҳәм жаңа нейронлық байланысларды дөретеди. Булардың ҳәммеси мийдиң ҳәлсиреген ямаса қысман өз хызметин жойытқан бөлимлерине организмди басқарыў ушын жаңа программалар ислеп шығыўға имканият жаратады.

Гәптиң қысқасы: қаншелли көп қыймылдасақ, биздеги ойлаў процеси соншелли жақсарады екен. Циркуляцияланған қанның көбейиўинен мийдиң жумысы анағурлым жақсыланады: қәтийра беккемленеди, жумысқа инта күшейеди, интеллектуаллық қәбилет жоқарылайды. Адамның бет-ажары жақсарады, әжимлер кетеди.

Қус — ушыў, ал адам ҳәрекет ушын жаралған. Биздеги ендиги мәселе — бос ўақыт таўып, ериншекликти қойып, еркимизди күшейтиўимизден ибарат. Ең тийкарғысы, иске кирисиўге бизге түртки керек. Ең аңсатынан — узақ шақырымды жаяў басып өтиўден баслаў керек, өйткени жаяў жүриўлерге медицинаның ҳешқандай қадағанлаўы жоқ. Соң, кем-кемнен жуўырыўға өтсек те болады.

Ҳәр күни жуўырып турыўлар адамды 20 жылға шекем жасартады — буны илимий изертлеўлер тән алады. Егер сизге 100 метрди ямаса 1 километрди жуўырып өтиў қыйын соқса, онда аздан баслаңыз — 33 метр ямаса 333 метр.

Дәслеп — жүзлеген метр, соң — мың. Оқыўшыларымда «Автор тек теориялық жақтан ғана жуўырып жүр» деген пикир орнап қалмаслығы ушын, мен өзимниң шынығыўлар системам менен ортақласпақшыман:

1.             Бир аяқта отырып-турыўлар — 7-9 рет.

2.             Полдан тартылыўлар — 30-40 рет.

3.             Турникте аяқларды жоқары көтериўлер — 12-15 рет.

4.             Тез жүриў — ҳәр күни 10 000 адым.

5.             Қыста 30-40 килограммлық ломды ийинағаштай көтерип, бир орында турып жуўырыў.

6.             Бәҳәрде бағды айланып жуўырыў.

7.             Жазда азанғы алтыдан кешки сегизге шекем бағда жумыс ислеў. Йога шынығыўлары. Дәрьяда шомылыўлар ҳәм т.б.

8.             Гүзде — атыздағы картошканы қазып алыў, жемис-жийдеклерди жыйнаў.

 

Улыўма алғанда, физикалық шынығыўлар — денсаўлықтың жақсы болыўын қуўатлап туратуғын илаж болып табылады.

Мақсетке ерисиўиң ушын аз-аздан, системалылық пенен ислеп бар. Денени «қыздырып алыўға» итибарсыз болма, соның ушын да жеңил-желпи шынығыўлардан басла.

Мениң сизлерге мәсләҳәтим:

1.             Ҳәр күни физикалық шынығыўлар менен 2 сааттай шуғылланыў.

2.             Екшемби күнлери гимнастикалық шынығыўлардың комплексин, мәўсимлик биологиялық ритмлерди есапқа ала отырып, орынлаў. Спортлық ойынлар.

3.             Күн сайын адымлар санын көбейтип бара бериў.

4.             Суў процедуралары менен денени шынықтырыў.

 

Қандай нәтийже береди?

— бастың мийи жақсы ислей баслайды;

— тынышсызланыўлар, депрессиялар жоқ болады;

— қәтийра күшейеди, уйқың қанады;

— артериаллық басым нормалласады;

— бас аўырыўлар болмайды;

— бойың тикленеди, бет-ажарың жақсарады;

— дене салмағың, зат алмасыў нормалласады;

 

Өзиңди сүўретке түсиртип ал. Оны бурынғы сүўретлериң менен салыстыр ҳәм унамлы өзгерислерди көрип сүйсин.

«Тезирек нәтийжеге ерисейин» деп 15-20 километр жуўырыўдың дым кереги жоқ. Екшемби күнлери 2-3 километр жуўырып келсең денсаўлығыңа да жүдә пайдалы, ўақытты да мазмунлы өткерген боласаң.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар