ТОПИНАМБУР

RA-img

Бул жер алмуртының латыншасы — Heliantnus tuberosus. Ол сондай-ақ Өзбекстанның ўәлаятларында — «ер ноки», Россияда — «земляная груша», «волжская репа», «солнечный корень», «Иерусалимский артишок», Чилиде — «топинамбо» атлары менен де белгили.


Өсимликтиң тарийхына көз жуўыртайық. Америкада индеецлердиң топинамбус деген қәўими бул өсимликтиң усылайынша аталыўына тийкар жаратты. Өйткени, XVII әсирде Европаға бир қызыл тәнли топинамбурдың туқымларын көплеп сатыўға алып келген еди. Соннан баслап, топинамбурдың географиясы кеңейе барды. 

Америка Қурама Штатларында, Японияда, Голландияда, Бельгияда топинамбур диеталық аўқатлар қатарына киргизилди. Оннан кофе таярланды. Косметологияда жүздиң жыйрығын кетириўде пайдаланылды.

Топинамбур XXI әсирдиң де диеталық аўқатларының дизиминен өзиниң мүнәсип орнын ийеледи.

Топинамбур — жүдә өнимдарлы, шорға шыдамлы өсимлик болып, азықлыққа бай егин бағдарында жетистирилгенде ҳәр гектар жерден орташа 180-200 центнер түйнек мийўе ҳәм 500-1000 центнерге шекем көк масса алынады. Мағлыўматларға қарағанда, оның түйнекли мийўесинде 19,2 пайыз қурғақ затлар болып, солардың — 11,4 пайызы протеин, 1,0 пайызы май, 4,2 пайызы клетчатка, 5,8 пайызы күл.

Топинамбурдың қурамы:

инулин - 18 мг%;

кальций - 40 мг%;

калий - 200 мг%;

кремний - 8 мг%;

магний - 30 мг%;

марганец - 45 мг%;

цинк - 500 мг%;

темир - 12 мг% ҳәм т.б.

 

Энергетикалық қуўаты 73 ккал.

Аўқатлық қәдири: белок — 2 г, май — 0,01 г, углеводлар — 15, 84 г.

 

 

Медициналық турғыдан қарағанда ...

Топинамбурдың қәсийетлерин талқылағанда, оның адам денсаўлығын сақлаўдағы абзаллықларын көриўге болады:

 

1) Микроэлементлерге бай. Сонлықтан, эндокринологиялық, иммунологиялық ҳәм  нерв системаларының функционаллық активлигин күшейтеди ҳәм қанның көрсеткишлерин жақсылайды. Калий ҳәм кремний элементлериниң есабынан журек ритминиң жақсыланыўына тәсир етеди.

2)  Витаминлер ҳәм аминокислоталар менен бирге  токсик затлардың денеден шығып кетиўин тәмийинлейди, яғный антиоксидантлық тәсири бар.

3)  Белоклары тимус безиниң белокларына жақын болғанлықтан, адам денесиниң өсиўине имкан жаратады ҳәм иммун системасы клеткаларының функционаллық активлигин күшейтеди.

4) Пектинлер (11%), жоқары молекулалы углеводлар. Денеде холестеринди түсиреди, зат алмасыўын нормалластырады, қан менен тәмийинлениўин жақсылайды ҳәм  ишек перистальтикасын жақсылайды, яғный улыўма алғанда денени тазалайды.

5)   Инулин (18%), тәбийий фруктоза. Зат алмасыўды нормалластырады ҳәм қандағы қант муғдарын түсиреди. Көздиң көриўин жақсылайды, Сонлықтан, қан кеселликлери, атеросклероз, жүрек қан тамыр кеселликлери бар наўқасларға жақсы жәрдем етеди.

6)  Қантлы диабетли наўқаслар ушын аўқат бола алады. Олар ҳәр күни 2-3 мийўе түйнегин аўқаттан 10 минут алдын ҳәр күни жеп барса болады.

7)   Асказан-ишек хызметиниң активлигин асырады.

8)   Өт айдаўды күшейтеди.

9)   Дисбактериозларда  жақсы жәрдем етеди.

10) Қусыўды тоқтатады, кеўил айныўды қалдырады.

11) Асқазан ҳәм 12 бармақлы ишек  жара кеселлигинде, дуоденитте, гастритте, колитте, панкреатитте, иш катыўда, иш кетиўде пайдаланылады.

12) Остеохондроз, полиартритлерде, алкоголизмде пайда береди.

13) Қаланың жаман экологиялық жағдайында  денеден аўыр металл дузларын шығарыўда жәрдем етеди ҳәм т.б.

Топинамбур ишекте жел пайда еткенлиги себепли метеоризм кеселлигине шалынған адамлар оннан пайдаланбаўы тийис.

 

Аспазлық турғыдан қарағанда ...

Топинамбурдың түйнек мийўеси аўқатқа пайдаланылады. Мийўесиниң үлкенлиги — 10 граммнан 150 граммға шекем. Түри — сары, қызыл, көгимтир болады. Топинамбур қамлай ҳәм қайта таярланғаннан кейин пайдаланылады. Қамлай ўақтында дәми — капустадай, писирилгенде — картошкадай.

Топинамбур картошкадай қазып алынғаннан кейин, оны көпке шекем сақлаў қыйын болады. Қамлай ўақтында салатларға пайдаланылады. Пюре, сорпа, квас ислеўге, қуўырыўға, писириўге, демлеўге, кептирип алыўға, дузлаўға, мариновкалаўға болады.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар