ҚАНТ МУҒДАРЫНЫҢ ТӨМЕНЛЕЎИ НЕДЕН ДӘРЕК БЕРЕДИ?
«Қанда қант муғдарының төменлеўи не нәрседен дәрек береди? Оның нормалық көрсеткиши қанша болыўы керек?»
Лола Саидова, Төрткүл районы
– Саламат адамның сидигинде қант муғдары болмайтуғынынан хабарыңыз бар шығар. Енди қандағы қант муғдарына келсек, таңда – 5 миллимоль/л ямаса 90 мг% болыўы керек. Азанғы чайдан кейин бул муғдар бир дегенде 7 ммоль/л (126 мг%) ға артады. 3,5 ммоль/л (63 мг%) дан аз муғдар болса саламат адамда оғада сийрек ушырасады.
Қандағы қант муғдарының жоқарылығы, соның менен бирге, қанттың сидикте де бар болыўы асқазан асты бези жумысының бузылғанлығы ҳәм қантлы диабеттиң бар екенлигинен дәрек береди. Қант муғдарының төменлеп кетиўи, яғный 3,5 ммоль/л.дан аз болыўы да қантлы диабет белгиси болыўы мүмкин. Мәселен, инсулин гормоны ямаса басқа да дәри-дәрмақларды көп муғдарда қабыл етиў, сондайақ, бөтеке жумысының жаманласыўы, узақ даўам еткен диета да қанттың төменлеўине себеп болады.
ШАШ ҚЫЙДЫРҒАНДА ГЕПАТИТ ЖУҒЫЎЫ МҮМКИН БЕ?
«Шаштәрезханада гепатит вирусын жуқтырып алыў мүмкин бе? Менде жақында гепатит В вирусы анықланды. Бирден-бир гүманым сол шаштәрезханадан».
– Гейде шаштәрезханаға киргенимизде, барлық клиентлерге бир қайшы, бир тарақ пенен хызмет көрсетип атырғанлығының гүўасы боламыз. Дурыс, ҳәрбир клиентке өз алдына қайшы-тарақтан пайдаланыўдың илажы жоқ. Бирақ, оларды әпиўайы спирт пенен де зыянсызландырмайды.
Маникюршилер де пилка ҳәм тырнақтың әтирапындағы артықша тери қабатларын қырқатуғын әсбап-үскенелерин ким келсе де, ҳәммесине избе-из, ҳәттеки, жуўмай пайдалана береди. Биз олардан: «Не ушын қайшы, пилка ҳәм тарақларды ҳәр сапары хлор ямаса спирт пенен зыянсызландырмайсыз?» деп сорағанымызда, олар: «Буған бизиң артықша ўақтымыз жоқ. Сондай-ақ, пилка, қайшы ҳәм тарақтан кеселлик жуқпайды» деп даўласады. Әтирапта соншелли көп инфекция ҳәм кеселликлер ҳәўиж алып атырған бир ўақытта шаштәрез ҳәм маникюршилер адамлардың өмири менен саламатлығына бул дәрежеде итибарсыз болмаўы керек.
А ҳам В гепатити, ҳәттеки АИЖС та қан арқалы жуғады. Егер кимниңдур басында жарасы болса, оған тийген тарақтан тери кеселликлериниң жуғыў қәўпи жоқары. Қайшы ҳәм шаш қырқатуғын машинканы айтпасақ та болады…
Тырнақтың шетиндеги терини қырқатуғын арнаўлы қайшы кеселлик тарқатыў бойынша ең қәўипли әнжам. Себеби, оның менен тырнақ терисин қырқыған ўақытта, көпшилик жағдайларда тери қанап кетеди. Вирус тийген әнжамлардың қәўиплилик дәрежеси, ҳәттеки, оларды 10 минут қайнатқанда да 100 процентке азаймайды. Бундай процесстен қан арқалы жуғатуғын гепатитлер, АИЖС сыяқлы кеселликлер жуқпайды, деп ҳешким кепиллик бере алмайды. Биз шаншытыў ушын емлеўханаға келгенимизде, бир мәртелик шприц, бир мәртелик қолқап пенен укол салыўын қадағалап турамыз да, шаштәрезханада оған итибар қаратпаймыз. Бирақ, шаштәрез ҳәм маникюрлер төмендеги гигиена қағыйдаларына әмел етиўи шәрт:
– тарақ, шаш алатуғын машинка, қайшы ҳәм басқалар ҳәрбир клиентке пайдаланылғаннан кейин хлорамин, формалин, этил спирти жәрдеминде зыянсызландырылыўы лазым;
– ең исенимли дезинфекциялаў усылы – әнжамларды суўда 15 минут қайнатыў;
– пластмасса тарақлар 0,5 процентли хлорамин еритпесине салып қойылады. Бул илажлар, бәринен бурын, хызмет көрсетиў орнына келген клиентлердиң саламатлығын қорғаў, сондай-ақ, жуқпалы инфекциялардың кең тарқалыўының алдын алыўда оғада әҳмийетли.
БАЛАҢЫЗДЫ КӨКИРЕК СҮТИНЕН АЙЫРМАҢ!
«Ҳәзирде перзентим 8 айлық. Сүтим азайып баратыр, соның ушын баламды улыўма емшектен шығарып, жасалма азықлық затлар берсем бе екен, деп ойлап турман.»
Шынаргүл, Кегейли
Баланы көкирек сүти менен бағыў керек. Себеби, оның қурамында аңсат сиңетуғын белок, углевод, протеин ҳәм организм ушын зәрүр болған микроэлементлер бар. Ең әҳмийетлиси, ана сүти менен азықланған балалар түрли кеселликлерге аз жолығады, анаў-мынаўға аязлай бермейди, иммунитети беккем болады. Бирақ, базы жағдайларда ҳаяллар баласын көкирек сүти менен баға алмаўы мүмкин. Бундай ўақытта ол шыпакер менен мәсләҳәтлесип, баланың жағдайынан келип шыққан ҳалда азық-аўқат ҳәм жасалма сүтли араласпаларды бериўи тийис. Бирақ, түсиниўимше сизиң денсаўлығыңыз жақсы, қандай да бир себепке бола сүтиңиз азайған болыўы мүмкин. Бул жағдайда баланы көкирек сүтинен айырып, жасалма азықландырыў жақсы емес. Буның орнына, сүтиңизди қалайынша көбейтиўди ойлаң, бул бағдарда шыпакерлер менен мәсләҳәтлесиң. Соның ушын, балаңызды бирден көкирек сүтинен айырып, толық жасалма азықландырыўға өтип кетиўди мәсләҳәт бермеймен.
ГОРМОН ҲӘМ ЙОД ПРЕПАРАТЛАРЫНЫҢ БАЛАҒА УНАМСЫЗ ТӘСИРИ БАР МА?
«Бир ай алдын перзентли болдым. Ҳәзирде емизиўли ҳаялман. Менде екинши дәрежели буғақ (зоб) бар. Жақында гормонға қан тапсырған едим, нәтийжеси жаман шықты. Шыпакерлердиң айтыўынша, емизиўли ўақтымда ҳешқандай гормон ҳәм йод препаратларын ишиўиме болмайды екен. Бул балам ушын зыянлы қусайды. Енди не ислеўимди билмей турман. Йод препаратлары балаға соншелли унамсыз тәсир ете ме?»
Зияда ИСАЕВА, Тахтакөпир
– Ҳақыйқатында да, емизиўли дәўирде ана ҳешқандай гормон дәрилерди қабыл етпеўи керек. Бирақ, бул дәўирде йод препаратларын қабыл етиўге болады. Себеби, баланы йод пенен тәмийинлеў ушын, бәринен бурын, өзиңизде де йодтың муғдары жеткиликли болыўы керек. Сиздеги барлық витаминлер балаға сүт арқалы барады. Мәсләҳәтим, маман эндокринологқа мүрәжат етип, йод препаратларын қабыл етиў бағдарында кеңес сорап көриң.
Сораўларға тийисли қәнигелер жуўап берди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…