«Тек ҳешкимге айтпа» деген гәп сыйқырлы күшке ийе. Усы гәпти еситиўимиз бенен ҳәммесин ҳәммеге айтып бергимиз келеди. Көпшилигимиз сыр сақлай алмаймыз, әсиресе, ҳаяллар. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, тиккелей ҳаялларда «ҳешкимге айтпа»ның сақланыў мүддети бары-жоғы 47 саат 15 минутты қурайды екен. Мүддет тамамланғаннан кейин, нәзик жыныс ўәкили «ҳешкимге айтылмайтуғын» гәпти дәрҳал ким менендур бөлискиси келеди. Усы орында және бир мағлыўмат: бир ҳәптеде ҳәр бир ҳаял аўзынан шама менен 3-4 өсек гүрриң өтеди.
Сыр сақлай алмаслықтың да пайдасы бар
Ҳаяллар тәбиятынан көп сөйлеўге мейил. Бул қәсийет ҳаялларда нәсилине мөрленген десе де болады, деп есаплайды швед психологлары. Олардың пикирине қарағанда, алғашқы дәўирде ер адамлар аң аўлаў менен бәнт болғанда, ҳаяллар да үңгирде отырып, үйдеги жалынды сақлаў менен машғул болған. Бундай «жабық» жәмийетте қалған ҳаял перзентлери, қәўимлеслери менен көп сөйлесиўден басқа илажы болмаған. Усыннан бул қәсийет әсте-ақырын қәлиплесе баслаған. Ҳәзир де бир-бирине өз сырын айтып дәртлесиў ҳаяллар арасында дәстүрден қалғаны жоқ.
Бул кемшилик пе?
Американың Tafts илимий-изертлеў институты алымларының анықлаўына қарағанда, сыр сақлаў инсанды тек физикалық емес, ал руўхый езиў қәсийетине ийе екен. Бул көпшилик ҳаялларға аўырлық етеди ҳәм ҳаял өзи қәлеп-қәлемей «аўырлығын» төгип-шашады. Бул сана астының организмди артықша жүктен «босатыўы» дегендей гәп. Биреўдиң сырын айтып қоймаў инсаннан өзин қадағалаўды талап етеди. Бул қадағалаўдың күшейиўи болса, ҳәрқандай организм ушын стресс болыўы тәбийий. Базы да ҳаяллар сырды саналы тәризде, белгили бир нәрсеге ерисиў мақсетинде «сатып қояды». Мәселен, сырын исенип айтқан инсанды сиз оншелли хош көрмейсиз ямаса оның бул сырларына ғәзебиңиз келди ҳәм тағы басқа… Сырын паш етиў арқалы сиз оны ҳәммениң алдында уялтыўды қәледиңиз.
Психологлар сырлар артында кемшиликлер жасырын болады, дейди. Бул сырды биреўге айтыў арқалы нәзик жыныс ўәкили өз кемшиликлерин жасырғысы келеди. Ойлап көриң, кемшиликлериңизди әшкар етиўди қәлеген болармедиңиз?
Жаман иллет пе?
Жаслығында ата-аналары арасында «пәленше маған сондай нәрселерди айтып берди, ағасы, исенбейсиз», сыяқлы гәплерди көп тыңлаған болса, бул әлбетте, онда «сырды сатып қойыў» иллетин қәлиплестиреди. Өйткени, бала ата-анасының жасаў системасына үйренген болады, олардан өрнек алады. Сондай екен, сыр сақлай алмаў жаслықтан раўажланып атырған қәсийет болыўы мүмкин.
Қалайынша сырды сақлап қалыў мүмкин?
Сырды басқаларға ашып қоймаў ушын инсан өз үстинен қадағалаўды күшейтиўи керек. Мәселен, бул сырды бары-жоғы умытыўға ҳәрекет етиң ямаса қайта еслемеўге.
Сизге сырын исенип айтқан достыңыздың орнына өзиңизди қойып көриң: егер оның емес, сизиң сырыңыз әшкар етилгенинде не болар еди? Қуўатты керекли, пайдалы мақсетке бағдарлай алыў қадаған етилген сырды иште сақлаўға жәрдем береди.
Сол сырды еситкениңизден бери «ырастан да сондай болса-я», деп түнлери уйқылай алмай, өзиңизди ҳеш арқайын тута алмай атырған болсаңыз, аўҳал шатақ! Бул жағдайда психологлар бирқанша шығыў жолларын усыныс етеди:
• Ең дәслеп, «болды, басқа сыр сақлай алмайман» дегендей сәўбетлесиңизге бәлким бул сырды өзиң айтып көрерсең-ә, деп руўхыятыңызды бираз жеңиллестириўге ҳәрекет етиң. Егер ол бас шайқаса, жағдайға анықлық киргизиң: бул сырды қанша ҳәм тиккелей кимлерден сақлаў керек екенин анықластырып алың.
• Ҳәммесин төгип-шашыў мүмкин болған тилсиз сәўбетлеске не дейсиз? Тилсиз сәўбетлес те бола ма, дерсиз? Әлбетте, болады, бул қағаз ҳәм қәлем. Бул арқалы сиз ҳешкимге зыян жеткермеген ҳалда сыр жүгинен жеңиллескен боласыз.
• Сырды биреўге айтыўдан алдын оның ақыбетлери ҳаққында ойлаўға ҳәрекет етиң, деп мәсләҳәт береди психологлар. Сыр мазмуны ашылғаннан кейин, бул оның өмирине, жумысына, улыўма искерлигине қандай тәсир көрсетиўи мүмкин? Буны да ойлап көргенсиз бе? Егер сизге исенген адамды кеўилсизликлерден абайлаўды қәлесеңиз, ойлап көриң, сырды әшкар етиўде өзлигиңиз көринип атырған жоқпекен?
• Ҳәрқандай сырды «ол маған исенип айтты, мен оны ақлаўым керек», деп қорғаў мүмкин.
Мақаланы қытайлы атақлы кинорежиссёр Вонн Кар-Вайдың «Ышқы кейпияты» атлы фильминдеги бир көринис пенен жуўмақлаўды мақул таптық. Әййемги заманларда Қытайда басқаша бир әдет болған: инсанда ҳешким менен бөлисиўди қәлемеген сыр пайда болғанында ол таўға шыққан ҳәм өзине мақул түскен теректи таўып, денесин ойып, тесик ашқан екен. Сыр мине усы тесикке әсте даўыс, сыбырлаў менен айтылған. Кеўилдеги барлық сырлар төгип-шашылғаннан кейин ылай алынып, тесиктиң аўзы беркитилген. Сыр усы тесикте, усы терек денесинде әсирлер бойы қалып кеткен.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…