Күлкитерапия

RA-img

  


— Үйлениў жақсы ма, аға?

— Жақсы, балам. Ҳаялың дәртлесиң болады.

— Жақсы-ғо, бирақ мениң дәртим жоқ-ғо, аға?!

— Үйленсең ол да болады, балам.

*** *** ***

Сәҳәрде ерте оянған күйеўи, ҳаялын оятпақта:

— Мениң менен бирге жуўырыўға шығыўды қәлейсең бе?

— Не сиз мени семиз деп гүманланып атырсыз ба?

— Яқ... Жуўырыў денсаўлық ушын пайдалы дегеним-ғо...

— Болмаса мени аўырыў деп айтып турғаныңыз ба бул..?

— Яқ, яқ, егер турыўды қәлесең тур, болмаса жатабер арқайын...

— Ҳәә солай ма... Енди мени ериншек деп ойлап атырсыз ба?

— Яқ-яқ, надурыс түсиндиң, мен буны нәзерде тутпадым...

— Аҳаа, енди сиз мени саўатсызға шығарып турсыз ба?

— Ҳаў, мен бундай демедим...

— Сонда мен алдап турман ба..?

— Өтиниш, таң азаннан ашыўланба...

— Енди мен сизиңше урысқақ болдым ба?

— Болды яқшы, жатып уйқыла, мен өзим жалғыз шығып жуўырып келемен.

— Сиз бәрқулла ҳәмме жерге бир өзиңиз барып ҳәзлик етип келесиз...

— Қоя ғой. Мениң басым айланып баратыр...

— Көрдиңиз бе? Сиз сондай өзимшилсиз. Тек өзиңиз туўралы ойлайсыз, мениң денсаўлығым сизге бир пул…

P/S: Күйеўи елеге шекем қай жерде қәтелескени ҳаққында ойлап жүрипти…

*** *** ***

Әпенди базарға тоты сатыўға шығыпты. Тотысының бир аяғына қызыл, екинши аяғына ақ жип байлапты. Адамлар:

— Әпенди, бул жиплерди неге байладыңыз, – десе, Әпенди:

— Бул тоты данышпан. Қызыл жиптен тартсаңыз сөгеди, қарғайды. Ақ жиптен тартсаңыз, жақсы гәплерди сөйлейди, – депти. Сонда бир адам:

— Ҳәр еки жипти бир ўақытта тартса не болады? – десе, Тоты шыдап тура алмай:

— Берекет тап, келтепәм, тентек екенсең, … жығылып түсеменғо! – деген екен.

*** *** ***

Бизнесменнен қалайынша миллионер болғанын сорады.

— Ҳаялым себепли.

— Қалайынша?

— Қанша пул тапқанымда ҳаялым пул жоқлығынан налыўды тоқтатыўын билежақ едим…

*** *** ***

Қытай вокзалында жигит пенен қыз ушырасып қалыпты. Жигит:

— Чан-чун михааа, – десе, қыз:

— Мианкшинука, – депти.

— Куа мианкшинука, - депти және жигит.

Тап бир нәрсени түсинип атырғандай даўамын оқып атырғаныңызға қараң!

*** *** ***

— Ағасы, ырасын айтың, мени сизге ким усыныс еткен?

— Билмедим, ҳаял, душпанларым көп болған...

*** *** ***

— Ҳә жора, кейпиятың жоқ?

— Эй, ҳаялым және жәнжел шығарып атыр.

— Неге?

— Үш миллион айлық жас шаңараққа жетпейди, дейди.

— Тежеп ислетсе жетеди.

— Мен де соны айтаман-дә. Ол болса «Жетпейди, сиз де ислең» дей береди.

*** *** ***

Жигит: — Жаным, сени жақсы көремен, сен не?

Қыз жерге қарап: — Аўа, әлбетте. Жүдә.

Жигит: — Ўай мениң ийбелим-ай, меннен уялғаныңнан жақсы көриўиңди жерге қарап айттың ба? Қыз: — Ақыр өзиңиз айтқансыз-ғо «көзиме қарап өтирик сөйлеме», деп.

*** *** ***

Егер парашют ашылмай қалса, әтираптағы гөззал тәбиятты тамашалап қалың. Басқа бундай имканият болмайды!

*** *** ***

Баласын мектепке жайластырыўға келген әкеге мектеп директоры: — Бизге қандай материаллық жәрдем көрсете аласыз? – депти.

Әке: — Бийпул прокуратура тексериўин өткерип бере аламан, – депти.

*** *** ***

Сатыўшы қарыйдардан сорады: — Кеше балаңыз қымбат баҳалы товарлардан алған еди, сиз не буншелли арзанын таңлайсыз?

Сонда қарыйдар: — Баламның әкеси бар, мен болсам ғырт жетиммен, – деген екен.

*** *** ***

Егер сизди ҳаялыңыз жүдә уйқышы болса, таңда будильник даўысына да оянбаса, буның жолы аңсат: Бийгана басқа ҳаялдың атын айтып оятың!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар