ҚЫСТАЎЛЫ «ТЕЗ ЖӘРДЕМ» ШАҚЫРЫЎ ЗӘРҮР БОЛҒАН ЖАҒДАЙЛАР

Ниязова Гулжамила Толыбаева, ҚР АИЖСке қарсы гүресиў орайының жоқары категориялы шыпакери, медицина илимлериниң кандидаты
RA-img

   


1. Ҳуўыштан кеткенде

Ҳуўыштан кетиў ямаса естен кетиў, талып қалыў – мийге қан жетиспей қалғанда пайда болады. Адам горизонтал ҳалатқа түскен заматы (яғный жығылса) қан айланыўы тикленеди ҳәм ол «қайтады». Әдетте буған шама менен бир минут ўақыт кетеди. Бул процесстиң созылып кетиўи қәўипли. Узақ даўам еткен ҳуўышсызлық ҳалаты денениң өмирлик искерлиги функциялары жаманласыўы, майыплық ҳәм ҳәтте өлимге де алып келиўи ҳеш гәп емес.

Егер ҳуўыштан кетиў бир минуттан көп даўам етсе, наўқастың бет ҳәм еринлери көгереди, ол ҳәрекетлерин қадағалай алмай қалады, бул жүрек искерлигиндеги бузылыўдан дәрек береди. Бундай жағдайларда қыстаўлы «Тез жәрдем» шақырыў тийис.

 

2. Тосаттан бас айланыўы, бас аўырыўы (ямаса күшейиўи)

Көбинесе бас айланыўы қәўипли емес. Бирден бир қәўип – жығылыў нәтийжесиндеги жарақат. Бирақ бас айланыўына бас аўырыўы, әззилик, көриў қәбилетиниң жаманласыўы, ис-ҳәрекеттиң бузылыўы, қол-аяқлардың уйыўы қосылса, шыпакерге көриниўди кешиктирмең. Бул бас мий қан айланыўы бузылыўы белгилери болып, мысалы, Россияда өлим себеплери арасында инфаркттен кейин екинши орында турады.

Қәўетериңиз орынлы екенине исеним кәмил етиў ушын наўқастан күлиўин, еки қолын көтериўин ҳәм бир нәрсе деўин сораң. Егер күлкиси асимметрик болса, ол тек бир қолын көтериўи, сөйлеўи болса анық емес ҳәм түсиниксиз шығыўы мүмкин – бундай қыстаўлы тәризде «Тез жәрдем» шақырыў шәрт.

Мийде қан айланыўы бузылыўы асқыныўсыз өтип кетиўи ушын наўқасты бир саат ишинде клиникаға жеткериў тийис. Басты ийгенде күшейетуғын кескин ҳәм күшли бас аўырыўының және бир себеби – менингит: бунда да наўқасты қыстаўлы емлеўханаға жеткериў керек.

 

3. Көкирек сүйегиниң арқасындағы күшли аўырыў

Егер ол қорқыў, ҳаўа жетиспеўи, ҳәлсизлик, териниң бозарыўы, қол ҳәм аяқлар музлаўы менен бирге өтсе, миокард инфарктине гүман етиў мүмкин. Бундай жағдайларда наўқасқа нитроглицерин таблеткасынан ишириў, жатқарыў, жағасы менен қайысын босатыў, басын сәл көтериў ҳәм қыстаўлы «Тез жәрдем»ге қоңыраў етиў тийис. Инфаркт басланғанынан 20- 30 минут өтер-өтпес жүректиң булшық ети өзгере баслайды. 70% наўқас инфаркттен кейин дәслепки 48 саат ишинде өмирден көз жумады. Адамға тек шыпакер жәрдем бериўи мүмкин!

 

4. Қан ағыўы он минуттан кейин де тоқтамаса …

Үлкен адамның денесинде шама менен 5 литр қан айланады. Нормал қан жоғалтыў (яғный дене «сезбейтуғын») – улыўма қан муғдарының 14% ин қурайды. Яғный шама менен 700 мл. Егер адам көплеў қан жоғалтса, қан басымы төменлейди, жүрек урыўы пәсеңлейди, мийде кислород жетиспеўшилиги келип шығады. Сол себепли ҳәрқандай қан ағыўы өмирге қәўип салатуғын жағдай есапланады. Еле де жақсы, қан уйыў системасы нормада ислегенде жарақат ҳәм кесилген жараларда қан 14% көрсеткишке жетпестен тоқтап қалады.

Егер қан кетиўи 10 минут даўам етсе ҳәм оны қолдан исленген қураллар (жгут ҳәм бинт) жәрдеминде тоқтатып болмаса, көп қан ақса, адамды бели менен жатқарып (ҳәрқандай жарақат қан кетиўин күшейтеди) ҳәм «Тез жәрдем» шақырыў тийис.

 

5. Қарындағы күшли аўырыў

Бул белги тийкарында бир-биринен қәўипли кеселликлер жасырынған болыўы мүмкин (аппендицит, панкреатит, холецистит ҳәм тағы басқалар). Егер қарын күшли аўырса, аўырыў дене ҳалатын өзгерткенде күшейсе, адамды суўық тер басса, «Тез жәрдем»ге қоңыраў етиң ҳәм диспетчерге: «Өткир қарын» дең. Әдетте бундай жағдайда «Тез жәрдем» машинасы қыстаўлы жетип келеди. Наўқас емлеўханаға қанша тез жатқарылса, реабилитацион дәўири сонша қысқа болады.

 

6. Ыссылық

Дене температурасы 37-38 градус дәреже диапазонында болыўы мүмкин. Шыпакерлер буны субфебрил деп атайды. Фебрил температура 38,1-39 градус дәреже диапазонында болады. Температура 40,5-41 градус дәрежеден жоқары болса, өмирге қәўип салады.

Ыссылықтың қайтарыў, көриў қәбилетиниң жаманласыўы, ҳәрекеттиң шеклениўи, булшық етлер спазмы менен өтиўи, әсиресе, қәўипли. Ыссылық үш күннен артық даўам етсе ҳәм дәридәрмақ пенен түспесе, ең қәўипли есапланады. Денениң шыдамын сынамаў керек. Қыстаўлы «Тез жәрдем» шақырың.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар