Адамларда созылмалы аллергия, астма, гипертония, холестеринниң көтерилиўи, мигрень, бел аўырыўы, ўақтынан бурын қартайыў, артықша салмақ, руўхый зорығыў ҳәм басқа да көплеген кеселликлердиң келип шығыўы және раўажланыўы организмниң суўсызланып қалыўы себебинен жүз бериўин америкалық алым, медицина илимлериниң докторы Ф.Ботмонхолиж жигирма жыллық илимий тәжирийбеси даўамында анықлаған.
Алымның тастыйықлаўына қарағанда, адамда шаршаў, ашыўланыў, руўхый түскинлик, шийринликти хош көриў, булшық етлердиң тез-тез қысқарып турыўы, бас аўырыўы сыяқлы жағдайлар дене суўсызланыўының дәслепки белгилери есапланар екен. Егерде, жүрек күйиўи, иш қаталаўы, бел ҳәм буўынлар аўырыўы ҳәмде жүрек әтирапындағы жағымсызлықлар гүзетилсе, организмде суўсызланыў раўажланып атырған болады.
Аллергия, қантлы диабет, псориаз ҳәм руўхыятқа байланыслы турақлы тынышсызланыўлар дене суўсызланыўының жоқары басқышқа көтерилип атырғанын билдиреди екен. Бундай созылмалы кеселликлерди дәри-дәрмақларсыз, тек ғана суў менен емлеў мүмкинлигин алым айрықша айтып өткен.
Ҳақыйқатында да, организмде суўдың жетиспеўи клеткаларды жарақатлайды. Демек, ҳәр күни зәрүр муғдарда суў ишип турсақ, түрли аўырықларды келтирип шығарыўшы улыўма ҳәм жергиликли суўсызланыўдың алдын алған боламыз.
бийминнет «амортизатор»
Инсан организминиң 65-70 процентин суў қурайтуғынын, суўдың ҳәр бир клетка ҳәм тоқыма қурамында бар екенлигин көпшилигимиз билемиз. Соны да умытпаў керек, денемизде жүз беретуғын биохимиялық ҳәм физиологик процеслерде суў белсенди қатнасады. Затлар ҳәм энергия алмасыўында да ишилетуғын суўдың әҳмийети жүдә үлкен. Әсиресе, суў клеткаларға кислород жеткизип берип, оларға азықлық затларды тасыйды ҳәм суўға тойыныўын тәмийинлейди. Сүйек ҳәм буўынлар ушын суў амортизатор ўазыйпасын өтейди, сондай-ақ, ағзаларды сыртқы соққылардан сақлайды, дене ыссылығын тәртипке салады. Буннан тысқары, суў организмдеги зәҳәрли затларды жуўып кетеди, клеткалардың өз-ара байланысыўын жақсылайды.
Демек, суў саламат өмир кешириўде, узақ өмир көриўде, нәтийжели мийнет етиўде, организмниң түрли қолайсыз шараятларға шыдамлылығын асырыўда теңи-тайы жоқ ресурс есапланады.
Егер ишилип атырған суў сапалы ҳәм таза болса, ол ҳәр бир ағза ҳәм системада жаңа өзгерислер пайда етеди, организмдеги клетка ҳәм тоқымалардың жағдайын жақсылайды, өз ўазыйпасын өтеп болған тоқымаларды денеден шығарып жиберип, жаңа тоқымалар жаратылыўын тәмийинлейди.
ол тағам емес, лекин…
Жәҳәнге танықлы қәниге-алымлардың тастыйықлаўларына қарағанда, дени саў адам денесинде күнине шама менен қырық стакан суў айланып жүреди. Сонша муғдардағы суў денеге бир кеше-күндиз даўамында зәрүр болады. Буннан тысқары, және бес-алты стакан суў талап етиледи. Он жасар бала бир күнде 300 грамм таза суў ишиўи керек болса, 40-50 жастан өткен адам ҳәр күни еки литр әтирапында суў ишиўи зәрүр.
Организмди барлық өмирлик қуўатлар менен тәмийинлеп туратуғын кристаллдай тынық таза суў тийкарында шыпалы тағам орнын өтейди. Сонлықтан, суў ишиў қағыйдаларына әмел қылынса, адам өз денесиниң саламатлығына ериседи ҳәм суўсызланыў себебинен жүзеге келетуғын кеселликлерден азат болады.
Сиз ҳәр күни кеминде алты-сегиз стакан таза суў ишиң. Кофе, шай, газленген сироплы суў, пиво ҳәм спиртли ишимликлер денеге зыян. Оларды ишиўден өзиңизди тыйғаныңыз мақул. Лекин, мийўелерден алынған тәбийий шербетлерди қәлегенше ишсеңиз болады.
Таң азанда аш қарынға бир ямаса еки стакан таза суў ишсеңиз, ас синириў жоллары жуўылады ҳәм организм бул суўды рәҳәт бағышлаўшы тағам орнында қабыл қылады. Шөллеўди күтип отырмай аўқатланыўлар аралығында тез-тез суў ишип турыўыңыз керек. Ҳәрдайым өзиңиз бенен бир ыдыста суў алып жүриўге әдетлениң. Тағам жеўден ярым саат алдын әлбетте, суў ишиң.
Сондай-ақ, үйден шығып баратырғанда, жумыс орныңызға келгенде ҳәм жумыстан үйге қайтқан заматта дәрҳал суў ишиўди әдет қылың. Актив ақылый мийнет менен шуғыллансаңыз, күшли стресс жағдайында болсаңыз ямаса режеден тысқары шынығыўларды орынлап атырғаныңызда ишилетуғын суў муғдарын асырың. Көбирек булақ суўларын, егер буған имканият болмаса, газсиз минерал суўларды ишкениңиз мақул.
«тазалап» ишсеңиз, пайдалы
Крандағы суўды тазалаў ушын бүгинги күнде түрли технологик усыллар бар. Ең аңсаты — әўел суўды музлатып, соң еритиў ҳәм ишиў.
Ишиў ушын жарамлы болған таза ҳәм сапалы суўды үй шараятында таярласа болады. Дәслеп ишимлик суўы бир-еки минут қайнатылады. Соңынан ыдыс жаўылып, суў температурасы 20-25 дәрежеге түсириледи. Соң, суў кеселерге ямаса стаканларға қуйылып, музлатқыштың музханасына қойылады. Ыдыс жарылып кетпеўи ушын суўды оған ярымнан зыятырақ етип қуйың.
Суў толық музлағаннан кейин ыдысы менен музханадан алынады ҳәм хана температурасында еритиў ушын қойылады. Суў ерип, ыдыс ортасында шама менен жаңғақтың үлкенлигиндей муз қалады. Ериген суўды таза ыдысқа қуйып, музды болса алып таслаймыз. Себеби, бул муз суўдағы организм ушын зыянлы затларды өзинде «тутып» қалған болады.
Қараң-ә, таўлардан ағып келетуғын суўлардың шыпалылығы ҳаққындағы гәп-сөзлер бийкардан-бийкарға емес екен-дә! Ақыры, олар дәслеп муз ҳалында, кейин ерип, қурамындағы зыянлы затлардан тазарып, бизге жетип келеди!
Қулласы, үй шараятында еритип алынған суў зәҳәрлерден тазаланып, тутыныў ушын таяр болады. Бундай таза суў «тири» есапланып, оның пайдалы қәсийетлери кеминде сегиз саатқа шекем сақланады.
Еритип алынған суўды күнине үш-төрт мәртебе аўқатланыўдан ярым саат алдын бир-бир ярым ай даўамында ишип турылса, организмдеги көплеген кеселликлер жоғалады. Усындай тәртипте сегиз-тоғыз ай даўамында ишилсе, және де жақсырақ нәтийжелерге ерисилип, адам кеселликлерден пүткиллей азат болады.
Умытпаң, еритип алынған суўды бирден емес, әсте-ақырынлық пенен, уртлап ишиў зәрүр. Көпшилик «Адам бир күнде қанша еритилген суў ишиўи керек?» деп сорайды. Мәселен, дене салмағы 50 килограмм болған адам 500 грамм еритилген суўды күн даўамында ишиўи лазым.
Улыўма алғанда, ҳәр бир адам таза суўды ишиў тәртибин сақлаўы, сол жол менен өз денсаўлығын беккемлеўи лазым. Әне, сонда ғана кеселликлер сизден узақласады, көп жыллар дәрт нелигин билмей жасайсыз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…