Ол өзи сынып қалды!

RA-img

  


Жақында үйге 5 жасар баласы менен бөлем қыдырып келди. Оның менен арқайын сәўбетлесип отырыў ушын баласының қолына бир ойыншық берип, бәнт етип қоймақшы болдым. Бирақ, үйде кишкене бала болмағанлықтан, әлбетте, ҳеш қандай ойыншық та жоқ еди. Сонда мен оған 4 жыл алдын Бухарадан сатып алған ағаштан исленген статуэтканы бердим. Ол қоллары, аяқлары, басы қыймылдайтуғын етип исленген статуэтка еди.

Ярым саатлардан соң баланың қолына қарасам, статуэтканың басы да, аяқ-қоллары да қалмаған. Бөлем оған қарап турып:

– Неге сындырып тасладың? – деп сорады. Ол болса:

– Мен сындырмадым, өзи сынып қалды! – дейди. Және ол бизлерге сондай етип қарады, тап ҳақыйқатында да өзи сынып қалғандай.

Сол ўақытта өзимниң балалығым ядыма түсип кетти. Бизлер де бағшада ойыншықларды сындырып қойып, тәрбияшыларымызды «Мен сындырмадым, өзи сынып қалды» деп исендирмекши болатуғын едик. Бул жалған сөйлегенимиз емес, ал сол ўақытта ойыншықтың өзи сынып қалғанлығына өзимиз де исенетуғын едик: «Мен тек ғана камазды дийўалға дүгип едим, өзи бирден сынып қалды! Мениң айыбым жоқ! Мен оның сынатуғынын билмеп едим!»

 

Ҳәзир бәршемиз де ер жеттик ҳәм бул ўақыяларды күлки менен еске аламыз. Бирақ, елеге шекем базы қылықларымызда балалығымыз сақланып қалғандай. Мәселен:

«Бизнесим өз-өзинен банкрот болды»

«Денсаўлығым өз-өзинен төменлеп кетти»

«Жумыстан қараптан-қарап шығарып жиберди»

«Шаңарағым түйирли ҳеш нәрсе болмаса да, бузылып кетти»

Бул сөзлер таныс па?

Бир достым менен сәўбеттен:

– Барлығы да өз орнында екен. Онда не ушын күйип-писе бересең?

– Билмедим, өз-өзинен нервим шыға береди!

 

Бир ўақытлары мен де усы тәризде ойлайтуғын едим. Бирақ, ҳәзир басқалар маған «Бундай жағдай өз-өзинен жүз берди» десе, мен оған жоқарыдағы сынып қалған ойыншық камаздай етип қарайман.

Егер сиз де тәғдириңизде ҳеш нәрсе өз-өзинен жүз бермейтуғынлығын, ўақыя-ҳәдийселердиң бәршесине тек ғана өзиңиз себепши екенлигиңизди түсинип жетсеңиз, өмириңиз 100 процентке өзгерип кетеди.

Дәслеп, биз жүз берип атырған жағдайлардың арасындағы байланысты көре алмаўымыз мүмкин. Ҳәм оларды «Өз-өзинен солай болды», «Дус келип қалды», «Әўметим шаўды» деп атаймыз.

Бирақ, ҳәр қандай жағдайдың себеп ҳәм ақыбети болады. Бизиң өмиримиз даўамында ислеген ҳәрекетлеримиз өзимизге басқаша көринисте қайтып келе береди. Мәселен, азанлы-кеш отырып алып тек ғана унамсыз нәрселер ҳаққында қыял етемиз, және «Мен бахытсыз өмир сүрип атырман» деп налынамыз. Өзимиз саламат турмыс тәризине әмел етпеймиз, бирақ «Денсаўлығым өз-өзинен төменлеп кетти» деп жыланамыз.

Келиңлер, бүгиннен баслап кишкене балалардай етип пикирлегенди тоқтатайық. Бизлер де ер жеттик-ғой, солай емес пе?

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар