Қан анализи. Нәтийжеси дурыс шықсын десеңиз, онда…

Күнсулыў Аметова, АИЖС орайының жоқары категориялы врач лаборанты
RA-img

  


Не себептен қан анализин азанда, аш қарынға тапсырыў керек? Не ушын шыпакерлер анализ алдынан алкоголь қабыллаўды шеклеўди айтады? Бәлким булар тек ғана шыпакерлердиң «ынжықлықлары» шығар?

 

1. Ерте турыў шәрт пе?

Адам организми суткалық биоритмлерге салыстырмалы тәризде жасайды. Мәселен, азанғы ўақытта кортизол гормоны ислеп шығарылыўы актив болады, кешқурын болса керисинше, оның қандағы муғдары пәс көрсеткишти пайда етеди. Тап усы жағдай көп ғана басқа гормонлар, май, белок ҳәм углевод элементлериниң алмасыўына да тийисли. Сол себепли, белгили бир инсаннан күнниң ҳәр қыйлы ўақытларында алынған анализ нәтийжелери бир-биринен парықланыўы мүмкин. Алжасыўлар болмаўы ушын шыпакерлер саламат инсаннан алынған азанғы анализ тең салмақлы көрсеткиш сыпатында қабыл етеди. Сол себепли де, көп ғана анализ белгили бир саатта, азанғы саат 7:00 ден 10:00 ге шекем өткериў усыныс етиледи. Бирақ бул бәрше анализге бирдей тийисли емес. Мәселен, қан муғдарындағы инфекцияларға қарсы антидәнешелерди анықлаўдағы анализ өткериўде суткалық ўақыттың әҳмийети жоқ.

Жуўмақ: сиз нәсиллик, улыўмалық қан анализи, қан топары, резус-фактор яки инфекцияға қарсы дәнешелерди анықлаўға тийисли анализди күнниң қәлеген ўақтында тапсырыўыңыз мүмкин. Биохимиялық ҳәм гормонлар муғдарын анықлаў ушын болса анализди азанғы ўақытта тапсырыўыңыз керек.

 

2. Не ушын аўқатланыўдан кейин болмайды?

Улыўма алғанда, аўқатланыў мүмкин, бирақ ҳәммеге де емес. Мәселен, азанда сиз не жесеңиз де қан топарыңыз солайынша қалады (бул анализ ушын аўқатланыўдың парқы жоқ). Сондай-ақ, улыўмалық қан анализинен алдын да бир затлар жеп алыўға болады, лекин буны анализден 2 саат алдынырақ қылыў керек. Себеби, қабылланған аўқатлық өнимге қарағанда қанда лейкоцитлер – асқынланыў бар яки жоқ екенлигин билдириўши ақ қан дәнешелери муғдары артыўы мүмкин. Сондай-ақ, узақ ўақыт аш қалыў (12 сааттан көп) да ақ қан дәнешелери муғдарына тәсир көрсетеди. Бул дәнешелер көрсеткиши артыўы себебин алжастырып алмаў ушын анализден бурын аўқатланбаған мақул.

Егер гормон муғдары яки биохимиялық анализ тапсырыў керек болса, аўқатланыў шыпакер алдына келиўден 8 саат алдын әмелге асырылыўы керек. Себеби, қабылланған аўқатлық өним организмде бир қатар химиялық процесслерди иске түсириўи себепли анализ нәтийжеси дурыс шықпаўы мүмкин. Қандағы холестерин, триглицерид, глюкоза, инсулин гормоны муғдарын анықлаўға тийисли анализ тапсырыў керек болса, 12 сааттан көбирек ўақыт аўқатланбаўға туўра келеди. Суўды да бул анализлерден алдын ишпеген мақул.

Жуўмақ: азанда тапсырылыўы керек болған анализди, әлбетте, өз ўақтында, аш қарынға тапсырыў шәрт. Кешки аўқатланыў ўақты болса анализдиң түрине байланыслы.

 

3. Сондай болса да, қандай да бир нәрселер жеп қойылса не?

Керекли анализ нәтийжесине аўқатланыў яки аўқатланбаўдың тәсири болмаса да, аўқатланыў қан тапсырыўдан 2-3 саат алдын әмелге асырылыўы орынлы. Себеби, аўқатланыўдан кейин қанда оны булдыратыўшы элемент – хиломикронлар муғдары көбейеди. Бул анализ нәтийжесиниң надурыс шығыўына яки нәтийжениң улыўма шықпаўына себеп болады. Лабораторияда ислейтуғын қәнигелер бундай сыпатсыз биоматериал алыўы да мүмкин емес.

Жуўмақ: Азанда қан тапсырыўға туўра келмесе де, анализ алдынан аўқатыңыз майсыз, жеңил сиңиўши болыўы зәрүр. Сиз қанша көп ҳәм тойып аўқатланған болсаңыз, қанға булдыраўшылықбериўши элемент (хиломикрон) жоғалыўын ҳәм анализ ушын алынған қанның жарамлы ҳалға келиўин соншелли көп күтиўге туўра келеди.

 

4. Қан анализинен алдын ишип қойылса не?

Спиртли ишимлик баўыр искерлиги ҳәм тийкарғы элементлер алмасыўы процессине тәсир көрсетеди. Және де, баўыр қан ағыўын тоқтатыўшы элементлер синтезинде қатнасады. Егер сиз гормон, улыўмалық қан анализи алдынан ишкен болсаңыз, ондай жағдайда анализ нәтийжеси надурыс шығады. Буннан тысқары, алкоголь организмде суўсызланыўды пайда етиўи себепли қан қурамындағы суў ҳәм зәрүрли компонентлер (медицина тилинде гематокрит көрсеткиш) муғдарының өзгериўине себеп болады. Әпиўайы етип түсиндиргенде, қан қойыўласып, ондағы формалық элементлер (лейкоцит, эритоцит ҳәм тромбоцит) муғдары артады.

 

5. Венадан қан тапсырыўға қорыққан ўақытта оны бармақтан тапсырыў да мүмкин бе?

Мүмкин емес, бундай етиўге болмайды. Себеби, вена қан тамырынан алынған қан анализ нәтийжеси көпшилик ўақытта дурыс шығады. Бармақтан алынған қан қурамында болса майда қан тамырлар, тоқымалар аралық суйықлықлар да болыўы себепли анализ нәтийжесин анықлаў бираз қыйыншылық туўдырады. Буннан тысқары, бармақтан қан ҳәммеде де аңсат алынбайды. Жетерли муғдардағы қанды алыў ушын қәниге бармақты қайтақайта езиўине туўра келеди. Бул болса, қызыл қан дәнешелериниң зыянланыўына ҳәм анализдиң надурыс шығыўына себеп болыўы мүмкин. Және де, бундай «зорлық» пенен алынған қан лейкоцитлер көрсеткишине де тәсир көрсетеди.

Жуўмақ: бармақтан қан алыў әмелияты вена тамырынан алыўдың имканы болмаған жағдайда ғана әмелге асырылады. Қан басымы төмен, химиятерапия әмелиятын алып атырған яки вена тамырлары аўыр жарақатланған инсанлардан ғана анализ ушын қанды бармақтан алыў мүмкин.

 

Қадаған етилген 3 жағдай:

1. Анализден алдын спорт пенен шуғылланбаған мақул. Себеби, шынығыў даўамында организмде суў, глюкоза теңсалмақлылығы өзгереди. Өзгерген көрсеткишлер өз муғдарына қайтыўы ушын болса күтиўге туўра келеди.

2. Анализден алдын темеки шекпеў керек. Никотин өкпеге түсип, қан арқалы бүйрек үсти безлерине барып жетеди. Бүйрек үсти безинде болса тийкарғы гормонлар синтезленеди. Никотин бул синтез процессине тәсир көрсетиўи себепли биохимиялық анализ нәтийжелери надурыс шығыўы мүмкин. Анализ жуўмақлары дурыс шығыўын қәлесеңиз, қан тапсырыўдан ҳеш болмаса 3 саат алдын шекпеўге ҳәрекет етиң.

3. Саққыз шайнаў да усыныс етилмейди. Саққыз шайнаўды баслаўыңыз бенен бас мий сиңириўши ферментлерди иске түсиреди. Бул болса гормонал теңсалмақлылыққа байланыслы процесс есапланады. Сол себепли саққыз биохимиялық ҳәм гормон муғдарын анықлаўға тийисли анализ нәтийжелерин өзгертиўи мүмкин.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар