ҚАНДЫ КӨБЕЙТИЎДИҢ ӘПИЎАЙЫ УСЫЛЛАРЫ
«Жасым 21 де. Гүз ҳәм бәҳәр айларында өзимди оғада ҳәлсиз сезинемен. Базы танысларым қаным азайып кеткенлигин айтты. Қанды тәбийий усылда нәтийжели көбейтиўдиң усыллары бар ма?»
Гүлсимай САПАЕВА, Шымбай
– Жақсы пискен алмадан пюре, варенье, сок ямаса пирогларды таярлап, тез-тез тутынып турың. Себеби, алмада қанды көбейтетуғын фолат кислотасы ҳәм С витамини бар.
– Ерик, қәрели, алма, ләблеби ширелери де қанды көбейтиўге хызмет етеди. Олардан күнине 200-400 г.нан тутыныў усыныс етиледи. Бул ширелерде минерал дузлар, микро ҳәм макроэлементлер, витаминлер, ферментлер және организмди тазалайтуғын биологиялық белсенди элементлер де бар.
– Ғарбыз да иммунитетти беккемлеп, денсаўлығыңыздың жақсы болыўына тийкар жаратады. Ғарбыздың қабығының ақ бөлиминен варенье таярлаў мүмкин.
– Жийде, смородина ҳәм шиповникте С витамини оғада көп. Олар да қанды көбейтетуғынлар қатарына киреди.
– «Май»ский палдан күнине 1 чай қасықтан 2 мәҳәл тутыныў да қанды көбейтеди.
– Ғоза, кишмиш, қақ ериклерде да қанды көбейтеди. Оларды ҳәр күни 2-3 мәҳәл пал менен бирге тутыныўыңызға болады.
КАЛИЙ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИ
«Ашыўланған ўақтымда жүрегимде қандай да бир тынышсызланыўды сеземен. Бәҳәр ҳәм гүз айларында аяқ-қолларымда, бетлеримде исик пайда болып, ҳәлсизленип қаламан. Соңғы ўақытлары ишеклеримде де унамсыз өзгерислер жүз бермекте. Шыпакерге көринсем, калий жетиспеўшилиги деп диагноз қойды. Бир ғана калий элементи саламатлық ушын соншелли үлкен әҳмийетке ийе ме?»
М. ҚАЛМУРАТОВА, Нөкис
– Әлбетте, ҳәрбир элементтиң инсан организми ушын өзине тән әҳмийетли тәрепи бар. Айырым жағдайларда күтилмеген унамсыз ақыбетлерди де келтирип шығарыўы мүмкин. Калий нерв системасының жумысын ҳәм зат алмасыўын жақсылаў қәсийетине ийе. Сондай-ақ, жүрек булшық ети, мий клеткалары, ишки секреция бези, бөтеке, баўыр ҳәм сидик жолларының жумысы ушын әҳмийетли. Аяқ, қол, базы жағдайларда бетлерде де исик пайда болыўы көп ушырасады. Бул жағдай калий жетиспеўшилиги нәтийжесинде жүз береди.
Ҳәзирги күнде кең тарқалған анемияның ҳәўиж алыўы да калийдиң азайыўына байланыслы. Организмде калий азайған сайын тамырдың тартысыўы, булшық етлердиң қысқарыўы және жүректиң ойнаўы жүзеге келеди. Сондай-ақ, ишек жумысының бузылыўы, жиңишке ишекте жара пайда болыўы, базы жағдайларда, ҳәттеки, жүректиң тоқтаўына да себеп болыўы мүмкин!
Калийдиң ҳәдден тыс азайып кетиўи медицинада гипокалий деп аталады. Бул өмир ушын қәўипли. Демек, калий жетиспеўшилигине не себеп болады? Бул сораў көпшиликти ойландырыўы тәбийий. Организмде калийдиң муғдарын сақлап қалыўды қәлесеңиз, фастфуд ҳәм қайта исленген өнимлерди имканияты барынша азырақ тутының.
Сондай-ақ, тағамдағы дуз муғдарына да итибар қаратыў керек. Умытпаң, дуз – натрийге бай өним. Натрий қаншелли көп тутынылса, калий соншелли азайып барады. Организмди калийге тойындырыў ушын палыз өнимлерин, атап айтқанда, ғарбыз-қаўынның суўын ишиў, дәнли өнимлер ҳәм цитрус мийўелерин тутыныў усыныс етиледи. Тийкарынан, ғоза, картошка, капуста, ләблеби, жүзим ҳәм айғабағардың қурамында калий көбирек болады. Әсиресе, балықтың гөши менен сүт өнимлеринде оғада көп. Лобыялы сорпа тағамнамаңыздан орын алса, сизде калий жетиспеўшилиги бақланбайды. Мийўе ҳәм палыз өнимлериниң ширесин көбирек тутыныў саламатлық ушын пайдалы. мәселен, 1 стакан гешир ширесиниң қурамында шама менен 800 мг калий бар.
БАЛАНЫҢ ИШТЕЙИ БОЛМАСА…
«Еки жасар балам бурын аўқатты жақсы жейтуғын еди. Ал енди, бир неше күннен берли улыўма аўқат жемей атыр. Тек ғана мазалы нәрселер менен мийўелерди жейди. Аўқат берейин десем, басын бурып жылайды. Не ушын аўқат жемей қалды? Бул бағдарда маған қандай мәсләҳәтлер бере аласыз?»
А. ЮСУПОВА, Нөкис районы
– Бала аўқат жемей, тек мазалы нәрселер менен мийўе жеп атырған болса, бул онда қурт барлығынан дәрек береди. Себеби, бундай жағдайда бала тек мазалы нәрселерди жейди. Соңынан иштейи жоғалып, кемқанлық раўажланады ҳәм азып кетеди. Айырым балалар болса, керисинше, семире баслайды. Мәсләҳәтим, бәринен бурын, баланың дәретин қуртқа тексертиң. Бет ҳәм қол терилерине ақ дақлар шықпағанлығына итибар қаратың. Буннан тысқары, гепатит кеселлигинде де баланың иштейи жоғалып, ҳеш нәрсе жегиси келмей қалады. Буны да тексериўлер арқалы анықлаў керек. Сиз балаңызды педиатр көригине алып барып, қәнигениң усынысларына әмел етиң.
Перзенти шетнеп қалған ана
«Перзенти шетнеп қалған ана қайта перзент көрмей (ҳәмиледар болмай) қалыўы мүмкин бе»?
Малика, Нөкис, 33 жас
– Бул дүньяда түрли нәрсе болыўы мүмкин. Перзент көрип турып, кейин ҳәмиледар болмай да қалыў мүмкин. Бийперзентликтен қыйналып, бир неше жыллар даўамында емлениў ҳәм басқа илажларын көрип, ҳәмиледар болыўы да мүмкин. Бәри адамның өзине ҳәм ис-ҳәрекетлерине байланыслы. Перзент шетнегенде оның себебин терең үйренип, сол машқалаларды сапластырыў үстинде жумыс алып барыў мақсетке муўапық болар еди.
ГЕПАТИТ А СОЗЫЛМАЛЫ БОЛЫЎЫ МҮМКИН БЕ?
«Перзентим буннан 1,5 жыл алдын гепатит А кеселлигине жолыққан еди. Елеге шекем майлы аўқат жесе оң тәрепи аўыратуғынын айтады. Бул не себептен болыўы мүмкин? Гепатит А созылмалы түрге өтип кетиўи ямаса қайталаныўы мүмкин бе? Машқаладан қалайынша қутылыўға болады?»
Дилбар НАҒМЕТОВА, Шоманай районы
– Гепатит – баўыр тоқымаларының исиниўи менен өтетуғын кеселик болып, оның түрлери жүдә көп. Бүгинги күнде гепатиттиң А, В, С, D, Е түрлери анықланған. Бул кеселликтиң А ҳәм Е түрлери тийкарынан балаларда ушырасады. Ол улыўмалық пайдаланылған буйымлар арқалы адамнан адамға жуғады. Тийкарынан гүз-қыс мәўсимлеринде көп ушырасып, бақша-мектеп жасындағы балалар арасында көп тарқалады. Ересек адамлар арасында да ушырасып турады. Гепатиттиң А түри оншелли аўыр кеселлик есапланбайды ҳәм саламатлық ушын үлкен қәўип туўдырмайды. Сондай-ақ, созылмалы жағдайға өтип кетпейди. Бирақ, әлбетте, шыпакердиң қадағалаўында емлениў шәрт. Гепатит пенен наўқасланған адамда бул вирусқа қарсы иммунитет пайда болады. Яғный, бул кеселликке қайта жолықпайды. Оны толық емлеў ушын наўқас дурыс емлеў илажларын алып барып, диета сақлаўы керек. Баўыр өз жумысын тиклеп алыўы ушын кеминде 3 ямаса 6 ай диетаға әмел етиўи шәрт. Керисинше жағдайда баўыр соңын-ала да тез-тез қыйнап турады. Перзентиңизде де мине усы жағдай ямаса улыўма басқа кеселлик бақланып атырған болыўы мүмкин. Сол себепли, оны шыпакер көригине алып барыўыңызды мәсләҳәт беремен.
АРАХНОИДИТ ҚАНДАЙ КЕСЕЛЛИК?
«Жақында грипп болдым. Соңынан мени қатты бас аўырыўы, мий айланыўы, кеўил айныўы ҳәм қусыў қыйнай баслады. Шыпакерге көринсем, “арахноидит” диагнозын қойды. Усы кеселлик ҳаққында қысқаша мағлыўмат берсеңиз».
Турғанбай, 57 жас, Қанлыкөл
– Арахноидит деп мийдиң жумсақ пердесиниң исиниўине айтылады. Сондай-ақ, бул кеселлик лептоменингит деп те аталып, спецификалық (ревматизм, туберкулёз) ямаса спецификалық емес инфекциялар ҳәм вируслар нәтийжесинде келип шығады. Кеселлик мий пердесиниң исиниўи және мийдиң ишки басымының артыўы менен өтеди. Оның диффуз және локальлық түрлери бар болып, белгилери де өзине тән тәризде ҳәрқыйлы. Яғный бас аўырыўы, дене температурасының көтерилиўи, базы жағдайларда кеўил айныўы ҳәм қусыў бақланады.
Гейде бул кеселлик күшли грипп кеселлигиниң асқыныўы сыпатында жүзеге келиўи де мүмкин. Бирақ, кеселликке анық диагноз қойылыўы ушын бирқанша тексериўлер өткерилиўи шәрт. Бул стационарлық шараятта люмбал пункция арқалы әмелге асырылады. Соның менен бирге, офтальмоскопия жәрдеминде наўқастың көзи де тексерилип, анық диагноз қойылады. Сиздеги жағдай грипптен кейинги интоксикация да болыўы мүмкин. Сол себепли, невропатолог қабыллаўында болып, жоқарыдағы тексериўлерден өтиң. Умытпаң, арахноидит созылмалы кеселлик болып, узақ мүддет емлениўди талап етеди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…