Бул ўақыя Ташкент қаласында 80-жыллардың орталарында жүз берген. Мен автобуста жумысқа кетип баратыр едим. Қасымдағы орынлықта алты жасар шамасындағы бала шатақ салып қутырып атыр. Оның анасы болса оған итибар бермей, айнаға қараў менен бәнт еди. Ал, бала болса анасының қолынан тартып, бир нәрселерди сорап, талап етиў менен оның мазасын ала берди.
Бирден анасы оған қарады-да:
- Меннен не қәлейсең? – деди.
Бала индемей қалды.
- Меннен саған не керек? Саған айтып атырман. Сен өзи кимсең, билесең бе? Сен ҳеш кимсең! Түсиндиң бе? Ҳеш кимсе-е-ең! – деп баланың бетине жалп етип айтып салды.
Бала анасына қарап тур, бирақ оның басы қалтырап турғандай көринди маған. Бәлким мен қалтырап кеткен шығарман. Буларды еситип мениң арқамды тер басып кетти. Ойыма келген биринши пикир «Анасының қалайынша бул сөзлерди айтыўға тили барып атыр... Буны айтып атырғанда не ҳаққында ойлап атыр екен?»
- Көргим келмейди сени, - деп сымбырланды анасы.
- Сен оны «өлтирип» қойдың-ғо! – дедим мен, бирақ ҳеш ким еситпеди.
Автобуста адамлар қәдимгидей, ҳеш нәрсе болмағандай, өзлери менен өзлери болып атырған адамлар...
Мен болсам қыймылдамай отырман. Бала жыламады. Анасы оның қолын силтеп таслады-да, және айнаға қараў менен болды. Бала ендиги жағында қутырып атырған жоқ еди. Алдындағы орынлыққа қарап, тым-тырыс отыр еди. Ал, мениң болса орнымнан турып, ҳәммениң көзинше анасын бөлеклерге бөлип таслағым, «Тийкарынан алғанда сен ҳеш кимсең! Сен-ғо оны өлтирип атырған!» дегим келип тур. Сөз беремен, мен буны қылған болар едим. Бирақ бала мени тоқтатып қалды. Көзлеримди жумдым-да, терең дем алып, өзимди тынышландыра басладым. Көзимди ашқан гезимде конфетаны көрдим. Бир жас жигит, студент болса керек, балаға конфета узатып атыр.
- Мына конфетаны ал, - деди.
Бала алды. Жигит және бир конфета шығарып берди. Бала азырақ ойланып турды-да оны да алды.
Кейин болса көз жасымды зорға тутып туратуғын ўақыялар жүз берди.
Бала конфетаны жемеди, ол анасының қолын түртти. Анасы да оған қарайғоймады. Анасы қарады, менимше, және урысажақ болып еди, баласы оған кип-кишкене алақаны менен конфетаны узатты. Ол конфетаға қарап, ҳеш нәрсени түсинбей турды. Кейин баласы конфетаны оның қолына услатты. Ал, анасы болса қолы күйгендей болып, қолын тартып алды.
- Конфета керек емес, - деди ол.
Қолында еки конфета тур.
- Өзиң жейғой. Жегим келип турған жоқ. Шын сөзим, - деди.
Баласы болса конфеталарды оның дизесине қойды.
Мен бул тәнеписти ҳеш қашан умытпайман. Көзимниң алдында бир неше минут ишинде бала ержетип, үлкен еркекке айланып үлгерген еди, ал, анасы болса ашыўшақ, жаўыз анадан суп-сулыў ҳаялға айналды. Бәлким, маған солай түйилген шығар...
Анасы көп ўақытқа шекем индемей, тым-тырыс отырды. Баласына оны тап биринши ирет көрип атырғанда болып қарады. Кейин баўырына басты. Баласы да оны қушақлады.
Баласы конфетаны аштыда оған берди. Анасы конфетаны жеп басламағанша өзи де жемей қарап турды. Көз алдыңызға келтире аласыз ба? Бул бир шок ҳалатындай ўақыя еди ырасын айтқанда. Мен өзимше ойлай баслады: Жаңа ғана сен өзиңше ҳақыйқатшыл болып, орныңнан турып анасын айыплап, оны «бөлеклерге бөлип» таслағың келип тур еди. Даў-жәнжел, айқайласыўдан басқа нәрсеге ериспес те едиң. Ал, бул бала болса, уллылығын, даналығын қараңлар. Улыўма басқа адам болып шықты. Ислеген ҳәрекетлери адамның кеўлин елжиретип жибереди.
- Ал, оған конфета берген жас жигит ше? Ол бийкардан бийкарға әйне еки конфета бермеди-ғо.
Мен оны излей басладым. Автобустың артқы айнасында оның жаўынлы көшеде кетип баратырғанын көрдим.
Ана менен бала бир-бирине басларын қосып отыр. Бир-бирин жақсы көретуғын жас жубайлардай! Я, Тәңрим!
Сол гезде мениң де түсетуғын жериме жетип келдик. Орнымнан турып атырып, баланың қолын услап «Рахмет» дедим. Бала буны түсинип жетпеген шығар, бирақ бул әҳмийетке ийе емес. Мен өзиме керекли болған бир өмирлик сабағымды алған едим.
Еслеп қалыўына қалдым-аў, бирақ аңлап жетиўиме жыллар керек болды. Барлығымыз да түсинип жете бермейтуғын ҳақыйқый тәрбия! Урыс-қағыс, айыплаўлар, урып-сабаў менен емес, үлги болыў арқасында тәрбиялаў! Биз балаларды тәрбиялай алмаймыз, оларға тек үлги бола алады екенбиз. Бул бала маған усыны жақсы мысал етип көрсетип берди. Анасына да! Ол бизлерди өзгерте алды.
Ол бала енди бар ма? Қаерде?
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…