ҲӘМИЛЕДАРЛЫҚ ҲӘМ АЮРВЕДА

RA-img

Ҳәмиледарлықтағы қадағанлар саны әдеўир. Олардың үстине бундай ҳалатта нелерден тыйылыў кереклиги ҳаққындағы Шығыс дәстүрлерин де қоссақ, көплик етпейди.


1.     Күшли тәсир етиўши дәрилер. Олар баланың саламатлығын зыянлайды.

2.     Витаминлерди шектен тыс қабыллаўлар. Жатырдағы бала ириленип кетиўи мүмкин. Бул операцияның итималлығын күшейтеди.

3.     Көп уйықлаўлар ҳәм ҳәрекетсиз жатыўлар. Бала жалқаў болып туўылыўы мүмкин.

4.     Қолайсыз отырыўлар, организмниң тәбийғый талапларын (киши ҳәм үлкен дәретлер, түшкириўлер, есинеўлер) басып таслаўлар. Балада кеселлик пайда болады.

5.     Аўыр шынығыўларды ислеп зорығыўлар, шеннен тысқары жеўлер, керегинен артық шийринликлер. Баланың бүйреги ҳәлсиз болады.

6.     Дузды көп тутыныў. Баланың шашы ерте ағарады.

7.     Ашқылтым азық-аўқатларды көп тутыныў. Баланың қан тамырлары ҳәлсиз болады, тез-тезден қан кетип турады, жарақатлары әсте-ақырын жазылады.

8.     Ашшы аўқатлардың басым болыўы. Бала арық болады.

9.     Қудыққа үңилиў; қорқынышлы фильмлер, трагедиялар, драмалар көриў; адам өлтирген жынаятшылар, пейили бузықлар менен ушырасыўлар; самолёт ҳәм машиналардағы селкилдилер; жағымсыз даўысларды есите бериўлер; жерде, ашық алаңлықта ямаса полда уйықлаўлар; ҳайўанатлардың жан тапсырғанларын, адамлардың қайтыс болғанларын көрип турыўлар.

10.  Шалқасына жатпаў. Киндиклик шыйратылып қалады ҳәм жатырдағы бала жеткиликли азық алалмайды.

11.  Кеўил қабартатуғын сөзлер еситиў, даў-жәнжеллер, урып-соғыўларға гириптар болыўлар, ҳүжимге ушыраўлар.

12.  Жынысый қатнасықлар.

13.  Қапашылықлар ҳәм қайғы-ҳәсиретлер. Бала жөнсизден-жөнсиз қорқақ болып өседи.

14.  Басқалар ҳаққында жаман ойға кетиў, оларды критикалаўлар. Бала адамжат (яғный адамларға араласқысы келмейди, оларға душпанларша қарайды) ҳәм қызғаншақ болып өседи.

15.  Урлықшылық. Бала жалқаў ҳәм ызақор болады.

16.  Қәҳәрлениўлер. Бала жаўыз, қатал, ҳайяр, ҳийлекер, алдамшы ҳәм қызғаншақ болады.

17.  Арақ-шарап ишиўлер. Бала сөзинде ҳәм исинде тыянақлы болмайды, бәрқулла шөлиркеп жүреди.

18.  Темеки, шай, кофе, какао. Бул ишимликлердиң қурамында ҳәлсиз наркотик бар. Бала организми зәҳәрлеўши затларды қабыллаўға мейилли болады.

19.  Биймәни гәп-сөзлер, өсек айтысыўлар.

Ҳәмиледар ҳаял илажы барынша тәбийий талшықлы, экологиялық жақтан таза кийим-кеншеклерди кийгени абзал. Буннан тысқары, Аюрведа тийкарғы диетаға қосымша төмендегилерди усынады:

    • Ҳәмиледарлықтың биринши айында қайнатылмаған сүтти барынша көбирек ишиў. Бул айда ҳәмилениң басы раўажланады.
    • Екинши айында қайнатылған сүтти мазалы шөплер менен ишиў. Бул айда ҳәмилениң саўсақлары ҳәм табанлары қәлиплеседи.
    • Үшинши айында сүтти пал ҳәм күйдирилген сары май менен араластырып ишиў. Күйдирилген сары майдың ҳәм палдың муғдарлары ҳәр қыйлы муғдарда алыныўы керек. Бул айда ҳәмилениң тырнақлары ҳәм түклери, жынысый ағзалары өсе баслайды.
    • Төртинши айда сүтти сары май менен бирге ишиў. Бул айда қан дөретиўши ағзалар, мускуллер, сүйеклер, сүйек кемиги (жилик май), тери ҳәм туқымлық қәлиплеседи.
    • Бесинши айда күйдирилген сары майды жеў. Бала қозғала баслайды.
    • Алтыншы айда күйдирилген сары майды мазалы шөплер менен бирге жеў. Шөплерден күшли қайнатпа таярлап, соң оны сары май менен бирге пәс жалында, тап барлық суўы пуўланып жоқ болып кетпегенше, қайната бериў керек.
    • Жетинши айда алтыншы айдағысын тәкирарлаў. Қурғақ аўқатлар, салат, шпинат , картошка, ашшы затлар, зорығыўлар, стресс, бир жерден екинши жерге даўамлы жүриўлер, саяхатлардан аўлақ болыў лазым. Иштиң қаталаўларын болдыртпаў керек.
    • Сегизинши айда жармаларды көп жеў. Сүтли жармалар — бирақ, оларға палды араластырма. Сүт ҳәм сүт өнимлери ҳәмиледарлық ўақытта жүдә жақсы пайда береди. Сүт асқазандағы басқа аўқатларды күшейтеди, сондай-ақ қанды тазалайды, пәм ҳәм қәтийраны күшейтеди. Сүт — ақылдың, жаслықтың ҳәм ийилгишликтиң күшин өз қурамында сақлаған өним болып табылады.
    • Тоғызыншы айда сегизинши айдағын тәкирарлаў. Бул тек иш қаталаўлардың алдын алып ғана қалмастан, сондай-ақ ишки ағзаларды да ығалландырады. Нәтийжеде бала туўар канал жумсақ ҳәм ийилиўшең, майысқақ болады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар