ЫССЫ АЎҚАТТАН КӨРЕ СУЎЫҒЫН ЖЕГЕН МАҚУЛ МА?

RA-img

  


Ыссы аўқат аўыз қуўыслығы, кегирдек, қызыл өңешке зыян жеткериўи мүмкин

Адам ыссы аўқатсыз туралмайды. Сорпа, палаў, манты, ханым – булардың барлығын ыссы гезинде жегенге не жетсин?! Үстинен пуўы көтерилип турған ыссы ғана сомса иштейди ашады! Суўып қалған аўқат биймаза ҳәм жағымсыз сезиледи. Дурыс, аўқатты қайта ысытыў усыныс етилмейди. Шыпакерлердиң сөзлерине қарағанда, ҳәдден тыс ыссы аўқатты даўамлы жеў үлкен машқалаларды келтирип шығарыўы мүмкин. Онкологиялық кеселликлер де буннан шетте емес. Ал, аўқат қабыл етилиўинде қандай температура мақул саналады?

 

АЛҚЫМ ТАРАЙЫЎЫНАН ҚЫЗЫЛӨҢЕШ РАГИНЕ ДЕЙИН

Исик ҳәм жаралар көбинесе алқым стенозы – оның тарайыўына себеп болады. Бунда адам жақсы дем алыў қәбилетинен айырылады. Ҳаўа өкпеге жетерли көлемде келмей қалады ҳәм де наўқас буўыла баслайды.

Ишки органлардың күйиўи қәўипли әлбетте. Ҳақыйқатында ол онкологиялық кеселликлер келип шығыўына түртки болыўы мүмкин. Күшли зыянланыў гейде қәўипли өспелер келип шығыўына себеп болады, деп атап өтеди экспертлер. Әсиресе, буған күшли жыныс ўәкиллери итибарлы болыўы тийис. Өйткени тамақ ҳәм қызылөңеш раги менен көпшилик жағдайларда көбинесе еркеклер кеселленеди. Онкология қәўипин азайтыў ушын ҳәдден тыс ыссы аўқатлардан бас тартқан мақул.

 

ЫССЫСЫ ДЕНЕНИ ИСТЕН ШЫҒАРАДЫ?

– Бултлы ҳаўа райында қайнап турған шай ишиў ямаса ыссы ғана сомса жеўдиң де өзгеше гәшти бар! Буны қараң, ыссы аўқатты унатыўшылар қәўипли топарға киреди екен. Аўызды күйдиретуғын шай ишиўди хош көриўшилер ең кеминде тили ҳәм аўыз қуўыслығын күйдирип қойыўы мүмкин, – дейди диетологлардан бири. – Бул қорқынышлы емес, бирақ бәрибир жағымсыз. Аўызда жаралар пайда болады ҳәм аўқат мәҳәли қолайсызлық сезесиз. Ҳәтте биймәлел сөйлей алмай қалыў да мүмкин. Күйиў ақыбетинде пайда болған жараның питиўи ушын бир неше күн керек болады.

Тислер ушын болса, әсиресе, ыссы ҳәм суўыған аўқаттың кескин алмасыўы зыян. Мәселен,   музқаймақ үстинен ыссы ғана кофе ишсеңиз, тис эмалында жарықлар пайда болады. Буның ақыбетинде бактериялар топлана баслайды. Бул болса әсте-ақырын тислер жемирилиўине алып келеди.

Ыссы аўқаттың қызылөңешке түсиўи буннан да жаман. Ол жоқары температура тәсиринде бөлеклене баслайды. Қызылөңеш дийўалы зыянланады. Термик күйиў исикти пайда етеди ҳәм адам ҳәтте суў жутыўға да қыйналып қалады. Егер қатты күйсе бар ма, қызылөңеш тоқымалары набыт болыўы мүмкин. Зыянланған жерлерде жаралар жүзеге келеди. Олар медициналық жәрдемсиз өз-өзинен тәўир болып кетпейди.

 

АЎҚАТ ЖЫЛЛЫ БОЛЫЎЫ ТИЙИС

Әлбетте, аўыз қуўыслығы яки қызылөңеш күйиўи ҳәр дайым ракке алып келмеўи мүмкин, бирақ арықлықты келтирип шығарыўы анық. Егер турақлы күйдириўши аўқат қабыл етсеңиз, ишки органларыңыз тез истен шығады ҳәм жақсы ислемей қояды.

Диетологлар пикиринше, аўқат ҳәм ишимлик ушын ең мақул температура – 20С-40С. Бундай норма аўқаттан ләззет алыўыңызға жәрдем берип, саламатлыққа ҳеш қандай зыян жеткермейди. Егер де аўқат жүдә ыссы болса, биреки минут асықпай турың: сонда аўқаттан жетерлише пайда аласыз. Бул ҳәтте ысыныў мақсетинде ишилетуғын қайнаған шайларға да тийисли. Тексерип көриўиңиз мүмкин, ҳәтте 40С дағы шай да сизди суўықтан қутқарады. Өйткени бул көрсеткиш адам дене температурасынан жоқары. Бийкардан бийкарға денсаўлығыңызға зыян жеткермең!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар