1. Түнге қарай ҳештеңе жемей, аш қарынға уйықлап көр. Сонда сен бир-еки ҳәпте даўамында жеңил-жарқын түслер көре баслайсаң.
Ҳәр күни таңда көтериңки кейпият пенен көзиңди ашасаң, қандай да бир исти орынлаўға илҳамланасаң, азанда уйқың қанып, орныңнан жеңил турасаң.
2. Сен аўқатыңды бурышсыз жеп көр. Сонда сен бурынғыға қарағанда еки-үш есе аз татсаң да, тойыўға болатуғынды аңлайсаң.
Бир-еки ҳәпте даўамында өзиңди жеп-жеңил сезип жүресең. Семиз болсаң, онда бир айдан соң әдеўир салмақ таслайсаң.
3. Дүканларда сатылатуғын лимонадларды ҳәм ҳәр қыйлы газленген ишимликлерди ишпей көр. Сонда әпиўайы суўдың қандай татлы екенлигине көзиң жетеди.
4. Кофе ҳәм шайды еки ҳәпте даўамында ишпе. Сонда тыныш уйықлайсаң, терең уйқыға тез кетесең. Жүзиңнен қатыўланған жыйрықлар кетеди, нервиңниң шығыўлары, ең кем дегенде, еки есе азаяды.
5. Шөптиң үстинде, тереклер арасында, тәбият қушағында жатып көр. Сонда сен өзиңниң бурыннан берли күткен тынышлығыңа ерисесең.
6. Көшелерде тик жүрип, ханалардағы стулларда тик отырып көр. Сонда еслеп қалыў қәбилетиңниң жақсарғанын, мийиң-ниң жақсы ҳәм жылдам ислейтуғын болып кеткенин байқайсаң.
7. Өзиңниң жаман көретуғын адамың есиңе түскенде, оған қыялыңда ең қымбат баҳалы (ямаса айрықша жақсы) саўғалар берип, оның қатты қуўанып қалатуғынын көз алдыңа келтирип көр. Сонда оның бул турмыста саған мүнәсибети жүдә жақсы тәрепке өзгергенин көресең.
8. Уйықларға бир-еки саат қалғанда телевизор ҳәм компьютерди өшир. Сонда сен өз қәлеўлериңди ҳәм дөретиўшилик импульсларыңды сезе баслайсаң.
9. Еки ҳәпте даўамында телефоннан тек жумыс бабында сөйлесип көр. Сонда сен бир суткада 36 саат бар екенлигине исене баслайсаң.
10. Қолыңды пачкадағы сигаретаға емес, ал мандарин, алма, апельсин, банан ямаса бир стакан суўға созып көр. Сонда өзиңди еки есе беккем, шыдамлы ҳәм күшли сезе баслайсаң.
11. Өзиңди қызықтырып қалған исти (саған тән емес, бурын ислеп көрмеген исиң болса да), көп ойланып-толғанып отырмастан-ақ, қылып көр. Сонда сен анағурлым көп жумысларды дөндирип таслайтуғыңды биле баслайсаң.
12. «Мен туўралы қолайсыз ойлап қалар-аў» деп қысынып-қәўипсинбестен, жаныңнан өтип баратырған бийтаныс адамға бир-еки секунд күлимсиреп қарап қойыўды әдетке айландырып көр. Сонда сен бир ай даўамында ҳәр бир адамды өзиңе таныстай ҳәм қәўипсиз көре баслайсаң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…