Не ушын адамлар аўыра береди?
Гәп сонда, бизлер кеселлик, анығырағы оның АҚЫБЕТИ жанымызға тийе баслағанда ғана шыпакерге мүражат етемиз. Ал, шыпакер болса, бизге кеселликтиң тек белгилерин сапластырыўға жәрдемлеседи ҳәм ақыбетти ғана емлейди, ал СЕБЕП болса, бизлердиң ишимизде, ойлаў тәризимизде, ис-ҳәрекетлеримизде қала береди.
Мине, сизлерге дәрилер — оларды профилактикалық рәўиште пайдалансаңыз, көплеген кеселликлериңизден қутыласыз. Бул дәрилерди билиў кемлик етеди, абзалы оларды ҳәр күн, ҳәр минут сайын қолланған мақул. Бул — сирә аңсат ис емес, табанлылықты талап етеди.
Биринши дәри — ГАРМОНИЯ
Ҳәдден тыс көп ислейтуғын, керегинен де артық аўқат жейтуғын адамлар ертели ме, кеш пе — қашан да болмасын бир күнлери, денсаўлығынан айырылады.
Гармониялы адам ҳеш ўақытта да «жумыс па — шаңарақ па», «аш болыў ма — тойып аўқат жеў ме», «форма ма — мазмун ба», «практика ма — теория ма» деп, екиниң бирин таңламайды. Ол ҳәмме нәрседе де нырықтан шықпаўды биледи ҳәм қәтержам жүреди.
Шыпакерлер тәрепинен психиканың инсан денсаўлығына тәсири дәлилленген. Дүнья жүзиниң гүллән психологлары «Гармониялы адам — саламат адам» деген ортақ пикирге келген.
Екинши дәри — ҚУЎАНЫШ
«Кеўил қәтержамлығы — пүткил инсан организмин тең салмақлықта услап турыўшы ең уллы регулятор. Ол денеде теңсалмақлықты ямаса гармонияны — улыўма алғанда, денсаўлықты орнатады».
Сыртқы орталықтан қуўаныш алатуғын адам тутыныўшы деп аталады. Ол өз сезимлерине рәҳәт бағышлаўшы нәрселердиң изинен бәрқулла қуўалап жүреди. Егер де сол ләззетлерден айырылып қалса, бирден пессимизмге бериледи, депрессияға ушырайды — бул кейпиятлардың ақыбетлери оның денсаўлығында көринис береди.
Қуўанышты өзиниң ишинен ала алатуғын адам — оптимист деп аталады. Оптимист мудамы қуўанышлы жүреди, оның унамлы кейпияты сарқылмайды ҳәмде сыртқы тәсирлерге ҳеш те байланыслы болмайды.
Барлық шыпакерлер бурыннан берли айтып киятырғанындай, қуўанышлы жүрген ҳәм өзин бахытлы сезген адам — мудамы гүрсинетуғын ҳәм наразы болатуғын адамға салыстырғанда кеселликке тегинликте шалынбайды.
Турмысында қуўаныштың болмаўы инсанды барлық қан кеселликлерине, атап айтқанда: анемияға, артерия тамырының машқалаларына, миокард инфарктына, вируслық инфекцияларға гириптар етеди.
Келешекке қуўаныш пенен қарай алмаслық катаракта кеселин келтирип шығарады. Мисли шөп басып кеткен қудықтың ишиндегисин көрмей, суўды басқа жақлардан излейтуғын кийик қусап, өзиниң ишиндеги бахытты аңғармаған тири жан, оны сырттан излейди.
Үшинши дәри — ӘДЕП-ИКРАМЛЫЛЫҚ
Әдеп-икрамлылықтың денсаўлығымызға тиккелей тәсир ететуғынын данышпанлар әййем заманнан берли айтып келген.
Төртинши дәри — МӨМИНЛИК ҲӘМ ҚАНААТ
«Шыпакер наўқасларға бирим-бирим «Сизде — МӘПГӨЙЛИКТИҢ тутқанағы, сизде — МЕНМЕНЛИКТИҢ анемиясы, сизде — САТҚЫНЛЫҚТЫҢ таслары, сизде — ӨСЕК АЙТЫЎЛАРДЫҢ қышымасы, сизде — ЖЕК КӨРИЎДИҢ мийге қан қуйылыўлары бар» десе не болар еди? Лекин шыпакердиң наўқасқа бундай «мораль оқып турыўға», оған мүнәсибет көрсетиўге ўақыты да жоқ, ол емлеўи керек. Бул иллетлердиң өзимизге жаман болып тийетуғынын бизлерге балалық дәўирден баслап-ақ уқтырыўы лазым еди».
Узақ өмир көрип киятырған адамлар менен сораўжуўап өткергенимизде, олардың ҳәммесин де биргеликли ойлаў тәризи бирлестирип туратуғыны анықланды; буны қысқаша «Мен бул дүньяны солайынша қабыл еткенмен» деген сөзлер менен ибаралаўға болады. Бул — турмыста болып атырған ўақыяларға пүткиллей бийпәрўалықты аңлатпайды. Бул — философиясы усындай адамлар турмыстың қыйыншылықлары ҳәм машқалалары менен дуўшарласқанда, критика, қаралаў, пессимизм, депрессия, жеккөриўшилик, ашыў-ыза ҳәм соған уқсаған агрессиялардың түрлерине берилип кетпейди, дегенди билдиреди. Инсан санасының бундай жағдайлары келтирип шығарған кеселликлердиң есап-саны жоқ. «Жоққа сөз жоқ, бары менен базар бол» деген турмыслық философия ҳәр қандай жағдайда да адамларға қанаатланыўшылық сезимин ҳәм оптимизмди бағышлайды, сондай-ақ денсаўлықты да сақлайды.
Ҳақыйқатында да, адам барына итәәт етип жасаўы лазым, өйткени турмысқа кеўли толмаўлар оны бахытқа қарай жетелемейди. Кимде-ким өз сезимлерине ийелик ете алмаса, ол дүнья жүзине патша болса да, бахытлы жасамайды.
Бесинши дәри — БИЛИМ
«Еки нәрсе ҳақыйқатында да шексиз: бири Әлем болса, екиншиси адамзаттың ақылсызлығы» — деген еди Альберт Эйнштейн.
Балалықта, мектептеги оқыўшылық жылларда, сондай-ақ өмиримиздиң булардан соңғы дәўиринде де бизлер ҳәр қыйлы пәнлерди үйренемиз. Лекин, бул мағлыўматлар денимизди қуўатлы, өзимизди бахытлы да ете алмайды.
Адамларға саламатлық бағышлайтуғын ҳәм бахытлы ететуғын билим қандай екен өзи? Бул — ҳәртәреплемели, жан-жақты қамрайтуғын ҳәм шексиз билим. Ҳәрбир адам өзин саў-саламат, әўметли, табыслы, улыўма айтқанда бахытлы ететуғын билимлерге ийе болыўы лазым.
Алтыншы дәри — ИНСАНЛАРҒА МУҲАББАТ
Қалайынша муҳаббат сезими денсаўлыққа унамлы тәсир жасайды? Алымлардың айтыўларынша, сүйип қалған адамда окситоцинниң атлығыўы бақланады. Бул гормон стресс гормонының муғдарын азайтады ҳәм ҳәр қандай аўыртыўларға сезимталлықты төменлетеди. Сондай-ақ эндорфин де пайда болады — бул тынышландырыўшы гормонның тәсиринде қәтержамлық, қәўипсизлик сезимлери жүзеге келеди, иммун системасы активлеседи.
Жақсы көриў, ҳеш қандай есап-китапсыз, тек жақсы көриў керек — барлық қупыя усында. Лекин, ҳәммемиз де ышқ басқа, ҳәўес басқа, ҳақыйқый муҳаббат басқа екенлигин шын жүректен аңлаўымыз дәркар. Ышқты — эгоизм, ал ҳақыйқый муҳаббатты алтруизм қозғалысқа келтире алады. Ышқ, қалайынша тез басланған болса, солайынша тез өтип кетеди, гейде урыс-бақырыслар, стресслер ҳәм соған қусаған, денсаўлықты қуртар қубылыслар менен ада болады. Лекин, ҳақыйқый муҳаббат бизлер менен өмирбақый қалады.
Жетинши дәри — ТАЗАЛЫҚ
«Аўқаттан алдын қолыңды жуў!» — дейди денсаўлықтың Уллы Қәдеси. Бул қәдеге ҳәзирги заманда ҳешким де қарсы пикир айта алмайды. Лекин, бир қызық жери, буннан 150 жыл бурын Вена қаласында жасайтуғын Игнац Земмельвейстиң барлық шыпакерлерге «Наўқасларды көриўден, хирургиялық әмелиятты өткериўден алдын, қолларыңды жуўыңлар!» деп шақырық таслағаны Европадағы шыпакерлердиң бурқасынлы қарсылығына ҳәм мысқылларына ушыраған.
Ҳәзирги заманда денсаўлықтың Биринши Қәдеси былайынша жараңлайды: «Ой-пикирлериңди таза тут!». Англиялық уллы жазыўшы Уилям Теккерей ой-пикирдиң қандай күшке ийе екенин айқын көрсете билген: «Ой-пикирди ексең — ис-ҳәрекетти орасаң; ис-ҳәрекетти ексең — әдетти орасаң; әдетти ексең — минез-қулықты орасаң; минез-қулықты ексең — Тәғдирди орасаң».
Сегизинши дәри — ӨМИРГЕ МУҲАББАТ
Өмирди ҳақыйқатында да жақсы көретуғын адам төмендегилерге умтылады:
— Өзин қоршаған дүнья менен гармониялы жасаў.
— Оптимист болыў, бул дүньяда болып атырғанлар бизлердиң ийгилигимиз ушын екенлигин түсиниў.
— Әдеп-икрамлылық нызамлары бойынша жасаў, Әлемниң «Нени ексең, соны орарсаң» деген нызамын ядтан шығармаў.
— Шадлы ҳәм қайғылы күнлерде де қәтержам болыў, ўақыяның себеп ҳәм ақыбетлерин түсиниў.
— Билимли болыўға умтылыў, өйткени надан адам жақсылықты түсинбейди.
— Ҳәр бир тири жанзатқа муҳаббат пенен мүнәсибет етиў, ӨМИРдиң муҳаббат екенин түсиниў.
— Ой-пикирдиң тазалығына умтылыў, оның ҳәрқандай ис-ҳәрекеттиң басламасы екенин түсиниў.
Бул дәрилерди умытпасақ ҳәм оларды күнделикли турмысымызда қоллансақ, биз санамыздан кеселликлердиң, физикалық жақпаслықлардың ҳәм эмоционаллық азаплардың себеплерин сапластырған боламыз ҳәм ӨМИРИМИЗДИҢ АТЫЗЫНА беккем денсаўлық ҳәм ҳақыйқый бахыт болып өсип шығатуғын туқымларды егемиз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…