Айлығын алған жумысшы кассирге қарап депти:
– Сиз маған алжасып, 50 мың кем бердиңиз!
Кассир:
– Өткен айлықта сизге 50 мың көп берип жиберген екенмен. Неге сол ўақытта алжасқанымды айтпадыңыз? – десе, жумысшы айтып турған қусайды:
– Бир мәрте адассаңыз мейли, кеширдим. Екиншисине қарап отыра алмайман ғой!!!
*** *** ***
– Ата, уйықлап атырсыз ба?
– Яқ, не еди?
– 200 000 сум бериң…
– Уйықлап атырман, балам, уйқылап атырман..!
*** *** ***
Бир отырыспақта жас сорастырып баслады. Әпендиге келип биреў:
– Әпенди, сиз нешеге шықтыңыз? – деп сорады.
– Быйыл қырыққа шықтым, – деди Әпенди.
– Ҳаў, – деди жаңағы адам, – буннан он жыл алдын да қырыққа шықтым деген едиңиз ғой?
Әпенди жуўап берди:
– Қызық адам екенсиз, еркек адам бир сөйлейди-дә.
*** *** ***
Судта:
– Неге ҳәмме урлықларды бир өзиңиз қылғансыз?
– Бул заманда инсаплы шерик табыў да машқала болып қалды, судья мырза.
*** *** ***
– Сизлердиң аўызбиршилигиңизге ҳәўес етемен. Турмыс қурғаныңызға 20 жыл болды. Елеге дейин ерли-зайып сейилге шыққанда бир-бириңиздиң қолыңыздан услап жүресиз…
Ери:
– Егер мен ҳаялымның қолын бир минутқа қойып жиберсем, ол дүканға барып, өзине қандай да бир жаңа кийим сатып алады!
*** *** ***
Әкеси баласына:
– Бүгинде де «2» алдың ба?
– Алажақ емес едим, муғаллимим мәжбүрлеп қойды.
*** *** ***
Бир ғарры көп қабатлы үйдиң тоғызыншы этажында жасар еди. Үйине шығарда ҳеш лифттен пайдаланбас екен. Сонда бир киси бақлап турып:
– Ата, таяр лифт турып, неге бәрҳама текшеден шығасыз? – десе, ғарры:
– Ҳей, балам-ай, «лифт төрт адам ушын» деп жазып қойылған. Және үш адамды қайерден табаман? – депти.
*** *** ***
Еки жигиттиң сәўбетинен:
– Қызың менен неге урысып қалдың?
– Меннен жасын табыўымды сорады.
– Усыған да урысыў шәрт пе?
– Мен дурыс таптым да!
*** *** ***
Шыпакер наўқасқа:
– Қорықпаң, бул жүрегиңиз бенен арқайын 70 жыл өмир сүресиз.
– Доктор, мен ҳәзирдиң өзинде 70 жастаман-ғой?!
– Әнекей, дурыс айтыппан ба?
*** *** ***
Поезддағы вагонда кетип баратырған бир жолаўшы бар даўысы менен бақырды:
– Араңызда доктор бар ма?
– Аўа, мен докторман. Кимге жәрдем керек?
– Маған.
– Қай жериңиз аўырып атыр?
– Ҳеш жерим. Сканворд шешип атыр едим. Тамақ аўырыўы кеселлиги, алты ҳәрипли, қандай?
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…