Аўыр диеталар, спортзал абонементлери, сыйқырлы дәри-дәрмақлар – заманымыз адамлары узақ өмир көриў ҳәм жаслықты узайтыў ушын нелер қылмайды дейсиз. Универсал эликсир ойлап табыламан дегенше, түрли усыллардан пайдаланып көриўге туўры келеди, бирақ олар ҳәрдайым да нәтийже бере бермейди. Итимал, Гималай халқы бундай жетискенлик сырын билер? Цивилизациядан узақта жасайтуғын жергиликли халық жас ҳәм тетик көринеди, 100 жаслы юбилейлерди нышанлайды ҳәм изертлеўшилерди инсан саламатлығы ушын зәрүр ҳәмме нәрсе тәбиятта бар екенлигине исендиреди.
Узақ өмир көретуғын сырлы қәўим хунзакутлар атын алған, себеби олардың жасаў орны Хунза дәрьясы қырғағында жайласқан. Европалылар бул адамлар ҳаққында ХХ әсирдиң басларында инглиз шыпакери Мак-Каррисоннан еситкен. Ол таўларда жасайтуғын халықларға жәрдем бериў ушын Ҳиндстанға кеткен. Оның бақлаўларына қарағанда, кеселликлерден жәбирленбеген бирден-бир халық өзине тән турмыс тәризин кеширетуғын ҳәм саў-саламатлығы менен айырылып туратуғын хунзакутлар болған.
Қәўимниң турмысы ҳаққында толық билиў мақсетинде французлар хунзакутларға изертлеў экспедициясын жиберген. Европалыларды ашық жүз бенен қарсы алған. Алымлар халықты дизимнен өткериў ўақтында өзлериниң таң қалғанлықларын жасыра алмаған: 20 мың хунзакуттан көпшилиги узақ өмир көретуғын адамлар болған. Олардың ақсақалы 120 жаста болса, айырымлары оннан да үлкен болған!
Бул жерде жасайтуғын адамлардың узақ өмир көриў феноменин анықлаў қыйын болмаған. Алымлар олардың турмыс тәризи ҳәм не менен азықланыўын үйренген. Белгили болыўынша, экологиялық сап орталық, қәтержамлық ҳәм артықша тәсирленбеў, турақлы физикалық ҳәрекетлер ҳәм дурыс аўқатланыў жергиликли халық саламатлығына унамлы тәсир көрсеткен. Олардың рационы тийкарын мийўелер (көбирек ериклер), палыз өнимлери, дәнли егинлер ҳәм бринзадан ибарат болған. Хунзакутлар бәҳәрде – жаңа ҳасыл мийўе бергенге шекем диета услайды, оған дейин болса тийкарынан қурғатылған ериктен шербет таярлап ишеди.
Дүньяға хунзакутлар ҳаққында мағлыўмат берген шыпакер Мак-Каррисон әжайып изертлеў өткерди. Ол жергиликли халық рационының пайдасын үйрениўге қарар етти ҳәм буны 1200 тышқанда сынап көрди. Ол тәжирийбедеги кемириўшилерди үш топарға бөлди: тышқанлар европалылар диетасы, ҳиндулер диетасы ҳәм хунзакутлар диетасына қарап азықлантырылды.
Белгили болыўына қарағанда, тышқанлардың биринши топары тасланғыш ҳәм ашыўшақ болып қалған, екинши топардағыларда ҳиндулерге тән болған кеселликлер бақланған, үшинши топар тышқанлары болса өзлерин жүдә жақсы сезген, шадлы ҳәм белсенди өмир кеширген.
1977-жылда француз шыпакерлери тәрепинен алып барылған және бир бақлаў дыққатқа ылайық. Дүньяның барлық континентлериндеги көплеген адамлар рак кеселлиги нәтийжесинде өмирден көз жумып атырған бир ўақытта хунзакутлар онкологиялық кеселликлерге ушырамаған бирден-бир халық деп тән алынған.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…