Перзентим енди ғана 5 жасқа толғанына қарамай, қолайсыз сөзлерди көп айтады. Маған ҳәм әкесине гәп қайтарады. Күннен-күнге жүдә өжет болып баратыр. Перзент тәрбиясындағы бул унамсыз өзгерислердиң себеби не?
Дильназ
Балаға дурыс-надурыс, жақсы-жаманды түсиндириў ата-аналардың ең биринши ўазыйпасы есапланады. Ал, баланың урысқақ ҳәм өжет болып қалыўы ата-ана ушын машқалалы жағдай болыўы мүмкин. Балалар агрессивлиги – ишки руўхый тынышсызлық, негатив сезим-туйғылар жыйындысы деп баҳаланады. Бундай балалар теңлеслери менен шығыса алмайды, олар менен тез-тез урысады, ойыншықларды бузып таслайды. Буның менен ол анасының ямаса басқалардың итибарын қаратажақ болады. Олар итибарды тартыў ушын биле тура әстен кийинеди, ойыншықларын жыйнастырмайды, жақсы сөйлемегениңизше гәпке кирмейди.
Өмиримизде жаман сезим-туйғыларды келтирип шығаратуғын, адамды мийримсиз, ашыўшақ, қанқызба етип қоятуғын жағдайлар көп ушырайды. Балалар болса әтираптағылардың кейпиятын тез илип алады. Сол себепли, ата-аналар перзентлери алдында жаман нәрселерди додаламаўы, өз-ара урыспаўы, апатлы ямаса қорқынышлы көрсетиў ҳәм фильмлерди көрмеўи тийис.
Перзентиңизде сондай минез-қулқты бақласаңыз айыпты тек өзиңизден излең. Бундай минез-қулқтың себеби: шаңарақтағы саламат емес орталық есапланады. Бул минез-қулқты дүзетиў ушын ең дәслеп шаңарақлық мүнәсибетлерди тәртипке салың.
Егер балаңыз ынжық ҳәм урысқақ болса, төмендеги ойынлар жәрдеминде де оның минез-қулқын унамлы тәрепке өзгертиўиңиз мүмкин.
Шаңды қағамыз
(4 жаслы бала ушын)
Ҳәр бир балаға биреўдан дастық бериледи. Балалар оны шаңын қағып атырғандай урыўы керек. Шынығыўдың пайдалы тәрепи сонда, бала өзиндеги жаман энергияны ҳәр бир соққы да, күш арқалы шығарып жибереди.
Минараны қулатыў
(5 жаслы бала ушын)
Дастықлардан онша бәлент болмаған минара қурың. Ҳәр бир қатнасыўшының тийкарғы мақсети
– бул минараға бар күши менен секириў, қуўанғанын бар даўысы менен билдириў. Дастықларды қулатып жибермеген ҳалда, минараны ийелеген қатнасыўшы жеңимпаз есапланады. Әлбетте, ҳәр бир қатнасыўшы жеңгенинде шийрин сөз бенен хошаметленеди.
Бул ойынлардағы тийкарғы мақсет баладағы агрессив ҳәм ынжық кейпиятты күш ҳәм ҳәрекет пенен шығарып таслаўға итибар қаратылған. Егер перзентиңиздиң келешекте кәмил инсан болып ер жетиўин қәлесеңиз, оның ишки энергиясын унамлы пазыйлетлер қәлиплесиўине бағдарлаң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…