АТА-АНАНЫҢ ЕҢ ТИЙКАРҒЫ ЎАЗЫЙПАСЫ

RA-img

Ата-аналардың ең тийкарғы ўазыйпасы – өзлери бахытлы болыўы ҳәм усыны перзентлерине үйретиў!


Көп адамлар менен сөйлесип жүриппен. Олар бастан кешкен ўақыяларын, ойларын ортақласады. Гейпаралары неше балам бар екенлигин билсе, онда сәўбет қызықлы арнаға — «Ата-ананың тийкарғы ўазыйпасы неде?» деген темаға қарай аға баслайды.

Сәўбетлескен адамларымның көбиси «ең тийкарғысы — баланы жоқары мағлыўматлы етиў» деп есаплайды. Университет, институт, диплом. Шет тиллер. Баланың ең кем дегенде еки тилди билиўи, ал төрт тилди билсе — әбден жақсы болғаны. Басқалардан жақсы оқыўы.

Бирақ, еле олардың ҳешқайсысы да маған мынаны дурыслап түсиндирип бере алған емес — ал, оннан кейин ше? Жақсы оқыды дейик, дипломды да алды, жумысқа да кирди — усы болғаны ма? Ата-ана сонда «ўазыйпамды толығы менен орынладым» деп өмириниң ахырына шекем арқайын жасай берсе болады ма?

Ондай емес екен. Сәўбетлеслеримниң көпшилиги өзлериниң ғам-тәшўишсиз турмысқа ерисе алмағанлықларын айтады. Ҳәтте еки жоқары мағлыўматтың дипломын алған балаларының да жүрис-турыслары бир түрли. Олардың турмыс тәризлерине адам түсинип болмайды: гейде ажырасады, гейде қосылысады, арақ ишиседи, пулларды аямай желге ушырады. Ата-ананың мойнына отырып алған, нервин шырматпақта. Ямаса керисинше — ата-анасын пүткиллей умытқан, қарым-қатнасықларды кесгеллем үзген, келешеклерин өз бетинше қурмақта.

Негедур олардың айтқанлары мениң басыма жайғаспай атыр. Егер ата-ананың «бахыт» дегени — перзентин жоқары мағлыўматлы етиў болса, онда оқыў дәргайы табыслы тамамланғаннан кейин жағдай басқаша кешиўи керек еди-ғой. Усы жерде «Бәлким, ўазыйпа дурыс белгиленбеген ямаса биз оны қандайдур надурыс түсинип жүрген шығармыз?» деген гүман кеўилди уялайды.

Тилимизде «тәлим-тәрбия» деген сөз бар. Ол мисли тәрезиниң еки пәллесиндей. Бир жағы «тәлим» — мектеп, институт ҳәм университетлерде ийеленген билимлер. Екинши жағы «тәрбия» — әтирапындағы адамлардың тәсири астында баладағы қәлиплескен жүрис-турыс. Мәселен, мамасы папасын таслап кеткен болса, онда шаңарақта бойжетип киятырған қыз бир күнлери, турмысқа шыққан ўақлары, анасының қылғанын қайталайды. Өйткени қыздың басында ҳәм жүрегинде анасының көрсетип кеткен үлгиси мөҳирленген. Усы тақылетте, шылымкеш әкениң перзентлери бәрқулла шеккиш келеди. Мейли, қадағанланса да, қадағаланса да, таяқланса да — бәрибир, шегеди!

 

Баламыздың қандай болып шыққанын қәлеймиз?

Қандай келешек оны бахытлы етеди, деп ойлаймыз?

Баламыз қандай болып өсип-өниўи керек?

Егер баламыздың бахытлы, өзлеримизди жақсы көретуғын перзент болыўын қәлесек, онда барлық күш-жигерин тиллерди, математиканы жақсы үйрениўине қаратыўымыз жеткиликли ме екен?

Меҳрийбаншылық, бахытлы болыў сабақларын қалай оған үйретемиз?

Қалайынша табыскер болыўды, пуллардың алдында өзин жойтып қоймаўға қалай тәрбиялаймыз?

Шаңарақлы болыўды, бала бағыўды қалай үйретемиз?

 

Мен бир топар жасларды билемен. Олардың ата-аналары тәлим-тәрбияны жоқарыда айтылғанындай, «жоқары мағлыўмат», «диплом» деп түсинген. Соның ушын да, балаларының төмендегише ислерин көрип, мақтаныш ететуғындай ҳешқандай себеп жоқ деп есаплайды.

Бир қыз институтты биринши семестрдан кейин-ақ таслап кеткен.

Бир жигит тоғызыншы классты ылғый «бес»лер менен питкерип, адамларды ҳайран қалдырып, техникумға оқыўға кирген.

Бундай мысалларды турмыстан көплеп келтирсе болады.

Арматурасыз таярланған бетон буйым үлкен аўырлыққа төтепки бералмайды, бирден сынады. Салыстырмалы түрде айтқанда, адамның ишинде де усындай темир негиз жайласыўы тийис, буны шәртли түрде «шахслық стержень» деп атасақ болады. Жоқарыда келтирилген мысаллардағы қыз ҳәм жигитти ортақ бирдеңе бирлестирип турады. Екеўинде де ишки, шахслық стержень бар. Олар өзлерине не керек екенлигин биледи, жүрегиниң айтқанларын тыңлай алады.

Мениң ойлаўымша, усындай «стержень»ди баласына бериў — ата-ананың ең тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек. Принциплер, исенимлер, образлар стержени. Егер бала надурыс жолдан жүрип қалса, зыянлы нәрселерге қунықса, жаман балаларға қосылып кетсе ҳәм батпаққа батып баратырған адамның аўҳалына түссе, бул стержень оның қармайтуғын талы болыўы тийис.

Егер биз баламызға диянаттан сабақ берген болсақ, егер бизлер оларға тек ғана сөз жүзинде емес, ал жеке үлгимиз бенен қалай жасаўға, қандай болыўға үйреткен болсақ, онда баламыздың болашағынан қәтержам жүрсек болады. Биз, демек, ўазыйпамызды орынлағанбыз. Қолдан келген барлық ислеримизди қылғанбыз. Мүмкиншилиги барынша. Енди қалған жағы — баламыздың өзине ҳаўала: бул, енди оның тәғдири, оның өмири, өзи шешсин.

Тәлим-тәрбия бериў дегенимиз — бул, қәдириятлар туўралы оның менен сөйлесиўлер демек. Бул — сөзлер емес, ал ислер арқалы «сөйлесиўлер».

Егер сен оған столыңдағы бир буйымды сорамай-соқпай алғанына кейисең, ал өзиң болсаң, мәкемең беттен қағазларын урлап әкелип турсаң — онда балаң нелерге үйренеди, әкеси?

Егер сен кеширимли болыў ҳаққында ўаз айтсаң, бирақ қайненеңди ийт етинен беттер жек көрсең ҳәм бул ҳаққында күн қуры емес айтып турсаң — онда қызың нелерге үйренеди, мамасы?

Егер сен садықлық, муҳаббат, шаңарақ ҳаққында рәўиятлар айтсаң, соның менен бирге, күйеўиңди қурбыларыңа жаманлап турсаң — онда қызың қандай жуўмаққа келеди, анасы?

Соның ушын да, балаларға тәлим-тәрбия бериў — оғада қурамалы ҳәм қыйын процесс. Балаларыңа үлги көрсетиўиң ушын сен өзиңди мудамы тәрбиялап барыўың тийис. Өрнек бол. Балаңды емес, ал өзиңди қыйнаўың, қайраўың, қашаўың керек. Усындай тәлим-тәрбия — ата-ананың ўазыйпасы. Қалған жағын — балаңа қойып бер. Өзи өмир жолын таңласын. Университет, институт ямаса колледж.

Ҳәмме балаларға да университет, институт керек емес. Айтсақ, жоқары оқыў орынларын питкергенлердиң барлығы да дипломындағы жазылған қәнигелиги бойынша жумыс ислеп атырған да жоқ. Сонда ата-анаға «диплом» деп аталатуғын қатты картонның неге кереги бар?

Мениң ойлаўымша, ата-аналардың тийкарғы ўазыйпасы — КӨРИЎ болыўы лазым. Баласының ықтыяжларын, айрықшалықларын көрсин. Оларға қарсылық көрсетпесин, ал керисинше, баласының өзин иске асырыўына жәрдемлессин.

Мениң үлкен балам «поезд» десең, ишкен асын жерге қойып кетеди. Суткалап «темир тулпарларға» қарап турыўға таяр. Соның ушын да, балам Дамир ағасы менен бирге үйден алыс емес вокзалға барып турады. Балам поездларға хызмет ететуғын темиржолшылар менен досласып кетти. Олар да баламда кәрият бар екенин сезип, өз адамындай көрип қалған. Бир күни ол темир жол вокзалы хызметкерлериниң қасында турып, флажокты былғады, өзине поездлардың бойсынғанын, машинисттиң күлимсирегенин мақтаныш етти, үйге келген соң қаншадан-қанша сезимлер бийлеп кеткен кеўили менен көпке шекем уйқысы келмей жатты. Оның жарқырап турған көзлери — мен ушын жолшы жулдыз. Мен оның тәрепин аламан, «темиржолшы боламан» десе, өз ерки.

Үлкен қанаатланыўшылық сезимин бағышлайтуғын исин етиўге балаға рухсат бериўдиң не қыйыны бар дейсең! Бирақ, негедур, бизлер бул ҳаққында умытамыз, баламыздың келешеги ҳаққында тәшўишлерде болғанлықтан, шектен шығып кетемиз. Танец ойнаўлар, ағаш ҳәм қағазларды желимлестирип самолётты модельлестириўлер, кесте тигиўшилик — «булар, абырайсыз, келешеги жоқ кәсиплер» деймиз. Баламыздың жүреги усы өнерлерге алып-ушса да, бизиң суғылысыўларымыздың ақыбетинде, кеўли өшип қалады, бул ҳәўеслери оның өтмишинде қалады, ал келешеги бизлердиң таңған кәсибимизге шырматылады. Баламыз қыялымыздың, диплом ҳаққында әрманларымыздың орынланыўы ушын өз умтылысларын қурбан етеди. Мине, балетти жақсы ойнай алатуғын бойжеткен қыз суўық дем алып «Математикалық анализ тийкарлары»н оқып-үйренип атыр. Әне, ержеткен бала машынның қандай да бир деталын ақ қағазға сызып, ара-тура «Эх, ҳәзир дуўтарда ойнағанымда!» деп гүрсинип қояды.

Эй, ата-аналар, сизлер балаңыздың ким болыўы керек екенлигин өзлериңиз шеше отырып, Қудайдың орнына Оның исин қылып атырған жоқ па екенсизлер, ойланып көриңизлер? «Биз баламыздың кәсип таңлаўына тәсиримизди өткериўимиз, оны бағдарлаўымыз, оқыўы ушын төлеўимиз, оқыўға кире алмайтуғын болса, таныс-билислерди иске салып, баламызды дәргайға орналастырыўымыз керек» деген шешим  қабыл еткениңизде? Укроптың туқымынан гешир өсиргимиз келген ўағында? «Баламыздың келешегин өз қолымыз бенен қурамыз» деген ўағымызда?

Жер астына бир сандық алтын көмилген деп көз алдыңызға келтириңиз. Сонда сизлер әйне сол ғәзийне жатқан жерди бел менен қазып атырғаныңызға исенимиңиз кәмил ме? Ямаса шалғып кетип, басқа жерди геўлеп-шуқылап атырсыз ба? Бәлким, өзимизди өзимиздиң түсинетуғын ўақтымыз келген шығар? Өзимизге бул өмирден не керек? Бизиң кеўлимиздеги төринде қандай әрманларымыз шаң басып жатыр? Қашан олар өзимизди ҳәм пүткил дүньяны қуўантар екен?

Ҳәммемизде балаларымыздың бахытлы болғанын қәлеймиз. Онда бизиң ўазыйпамыз — оларға бахтымызды жуқтырыў болыўы тийис. Усындай тәризде «жуқпалы» болыў ушын әўел өзимиз «кеселлениўимиз» керек.

Сондай инсанға айланайық, балаларымыз қасымызға келиўди жүдә қәлесин.

Сондай инсан болайық — өзимизге өзимиз унап қалайық. Балаларымыз бизди мақтаныш етсин, исимизден заўықлансын.

Ата-ананың ўазыйпасы усылардан ибарат болыўы тийис. Бахытлы болайық ҳәм усы бахыттың көринисин балаларымызға ендирейик. Мүнәсип, уйғынлы, бахытлы, жыллы жүзли, балаларын, өмирлик жолдасын жақсы көретуғын ҳаялға айланайық. Ал, қалғанлары — сырты жалтырақ, иши қалтырақ нәрселер. Олар көрер көзге унаўы мүмкин, бирақ кеўилди жылыта алмайды, өмириңди бахытлы етпейди.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар