Бундай етпең! 1-класс оқыўшысының ата-анасы жол қоятуғын қәтелер

Лола Раўажова, психолог
RA-img

  


 1-класс оқыўшысының ата-анасы қандай қәтелерге жол қоймаўы керек? Көп ата-аналардың мектепке дәслепки қәдемин атқан жаннан әзиз перзенти қыйналмаўы ҳәм тезирек масласыўы ушын оған қандай жәрдем берсем екен, деп ойланып қалады. Усындай жағдайда нелер мүмкин емес екенин билип қойсаңыз, шеп болмайды.

Ал, 1-класс оқыўшысының ата-анасы қандай қәтелерге жол қоймаўы керек?

 

1. Үйге тапсырмаларын дәрриў бала менен бирге таярлаў. Айырымлар ҳәтте бала еле жәрдем сорамасынан үйге тапсырмаларын оның орнына өзи орынлаўға түседи. Нәтийжеде бала оқыў алдындағы жуўапкершиликти сезиў имканиятынан журдай болады ҳәм буны жан деп анажанының мойнына жүклеп қояғояды. Бундай жағдайда ўақыялар раўажы және де унамсыз түс алыўы мүмкин – баланың оқыўға болған қызығыўы ҳәм қәлеўи пүткиллей пәсейип кетеди. Егер бул өзинен көре анасына керек болса, не қылады жан күйдирип?

 

2. Баланы қорқытыў. «Бақшадағыдай сени еркелеп отырмайды», «Алдында сени үлкен өмир күтип турыпты, бул саған ойыншық емес, ол жерде саған баҳалар қояды», «Енди сениң мультфильм ҳәм ойынларға ўақтың болмайды!» сыяқлы жақпайтуғын «нәсиятлар» менен баланы қорқытпаң. Булардың барлығы балада қәўетер ҳәм зорығыўды күшейтеди, мектепке масласыўына унамсыз тәсир көрсетеди.

 

3. Ҳәммеси аңсат ҳәм қызықлы болады деп алдаў. Баланы мектепте азаннан кешке дейин ойын-күлки болады деп исендириў. Мысалы, ол анасына исенеди, мектепке келгеннен кейин, анық қыйыншылықларға ушырайды – қопал педагоглар, ғайры-тәбийий күн тәртиби, қыйын тапсырмалар, түрли талаплар ҳәм тағы басқалар. Ол буған таяр емес. Булар оны және де қорқытады, ҳақыйқый реаллыққа дус келгенде болса өзин жойтып қояды.

 

4. Идеал нәтийже талап етиў. Идеал дәптер, қосықларды тоқтамастан ядтан айтып бериў, кемшиликсиз сүўретлер сызыў ҳәм т.б.

Оқыў процесиниң басында қәте жибериўи тәбийий ҳал, бала ҳәмме тапсырмаларды да толық орынламаўы мүмкин. Қараламадағы жазыўларды таза дәптерге бирнеше мәрте көшириў – мектепте баланың тез шаршаўына ҳәм оннан кеўли қалыўына алып келеди.

 

5. Күнделикте қойылған жаман баҳалар ушын урысыў. Бул алдынғысына уқсап кетеди, тек жаман баҳалар ҳәм дәккилер қосылады, болғаны – бул ҳүким емес, керисинше, балаға бир нәрсе жетиспей атырғанлығын, оны кейиў емес, жәрдем бериў керек екенлигине белги деп қабыл етиң.

 

6. Педагоглар, басқа балалар менен қарама-қарсылықлы жағдайлар келип шыққанда ойламастан асығыс жуўмақ шығарыў. Дәслеп ҳәр тәреплеме шараятты үйрениў әҳмийетли.

 

7. Баланың шағымларын итибарсыз қалдырыў. Егер бала педагоглар ямаса теңлеслери оны тынымсыз қапа етиўин айтса, өзи келисип алады деген үмитте итибарсыз қалдырмаў тийис. Тилекке қарсы, сондай жағдайлар да ушырап турады, онда бала өзин қорғай алмайды, ата-ана мәдетинен үмит етеди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар