Қаттықоллығыңыз себепли балада тутлығыў пайда болады

RA-img

  


Балалар арасында жийи ушырасатуғын кеселликлердиң бири болған тутлығыў (тутлығып, иркилип сөйлеў) көп жағдайларда ата-ананың жүдә қаттықоллығы ақыбетинде пайда болады.

Адамның бас мийинде сөйлеў ушын жуўап беретуғын 7 орай бар болып, бул орайлар 7 жасқа шекем қәлиплесип барады. Соның ушын да 7 жасқа дейинги болған балаларда тутлығып сөйлеў жағдайы көп ушырайды. Сондай екен, ата-аналардан усы жасқа шекемги болған балалар менен жүдә абайлы болып сөйлесиў, қатнас жасаў керек. Раўажланып киятырған сөйлеў орайларына үлкен зыян жеткеретуғын ис-ҳәрекетлерге улыўма жол қоймаў талап етиледи.

Егер балада әллеқашан қорқыў себепли тутлығып сөйлеў раўажланған болса, оны педагогпсихолог ҳәм логопед қабыллаўына алып барып, емлеў илажларын қыстаўлы түрде әмелге асырыў тийис. Егер балада сөйлеў бузылыўлары бас мий кеселликлери, соның ишинде олигофрения, бас мий жарақатлары ҳәм т.б. себепли раўажланған болса, оны невропатолог ямаса медициналық психолог жәрдеминде емлеў керек.

Әлбетте, бундай диагноз қойылғанда, емлеў процесинде логопед те қатнасыўы шәрт. Себеби балаға сөзлерди дурыс айта алыўды тек логопед ғана үйрете алады. Балада түрли руўхый кеселликлер раўажланыўының алдын алыў ушын оны мектеп жасына жетпей турып емлетиў зәрүр.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар