Күлкитерапия

RA-img

  


Әке улынан:

– Менде апельсин бар. Екеўин жесем, нешеўи қалады?

– Билмеймен, – деди баласы.

– Бизлер мектепте мәселени алмада шешемиз.

*** *** ***

Бир күни қосықшы күйеў тойдан келип, ҳаялына:

— Мине, еки жүз мың сум! Алып қой! Бул пуллар дуўтарымның еки тарының ҳүрмети. Ҳәр бирине жүз мыңнан берди, – десе, ҳаялы ойланып турып:

— Пионино шертетуғынине тийсем болады екен, — деген екен.

*** *** ***

Еки әскер бир-бирине мақтанып атыр. Бириншиси депти:

— Ҳаялымның қолы гүл! Шалбарыма жамаў тиксе, жамаў улыўма билинбейди!

Екиншиси де бос келмепти:

— Э бул не бопты!? Мениң ҳаялымның қолын гүл десең арзыйды! Кийимлеримди жуўса, жуўғаны улыўма билинбейди!

*** *** ***

Доктордың алдына наўқас кирипти:

—Доктор, жәрдем бериң. Бир айдан берли уйқылай алмай атырман. Түсиме футбол ойнайтуғын тышқанлар кирип шығады.

— Мине усы дәрини ишиң, көрмегендей болып кетесиз.

— Доктор, ертеңниң арғы күни ишсем де бола ма? Ертең финал ойыны еди-дә...

*** *** ***

Баслық қол астындағыларға анекдот айтып берсе бир хызметкерден тысқары ҳәммеси күлипти.

— Неге сен күлмедиң? — деп сорапты.

— Маған қызығы жоқ. Ертең жумыстан босап атырман.

*** *** ***

Шыпакер:

— Ата-бабаларыңызда руўхый кеселлер болған ба?

— Яқ...

— Биринши болыў жақсы шығар я?..

*** *** ***

– Өтиниш, маған 5 кило майда картошкадан берип жибериң.

– Картошканы туқымлыққа алып атырсыз ба?

– Яғаў, ирисин алсам, көтериўге аўыр болып кетеди-дә.

*** *** ***

– Ағасы, мени жақсы көресиз бе?

– Аўа, әлбетте!

– Қаншелли жақсы көресиз?

– Сен қанша жақсы көрсең, мен де сонша жақсы көремен.

– Ҳаў, соншелли аз жақсы көресиз бе?!

*** *** ***

– Бул докторлар оғада тасбаўыр адам болады екен.

– Неге ондай деп атырсыз?

– Аўырып атыр ма, аўырып атыр ма, деп сорайды да, тап аўырып атырған жерди қолы менен басады.

*** *** ***

– Апажан, сизди алдын да тексериўден өткерип едим, наўқас емессиз. Және неден арыз етип келдиңиз?

– Дем жетпейди балам, демим қысып қала береди.

– Бул қандай ўақытта жүз береди?

– Автобустың изинен жуўырғанымда...

*** *** ***

– Доктор, маған тилиңди шығар, деп едиңиз, ярым сааттан берли усылайынша отырман. Сиз болсаңыз қарамайсыз...

– Кеселлик картаңыз бенен танысып боламан дегенше сиз тыныш отырыўыңыз керек еди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар