1. «Адам күнине 8 саат уйқылаўы шәрт!»
Яқ! Егер кешки саат 22:00 де уйқылаўға жатсаңыз, таңда ертерек оянсаңыз да болады. Себеби, шама менен саат 22:00 да уйқы гормоны – вазопрессин ислеп шығарыла баслайды. Егер бул ўақытта уйқыға кетпесек, денеге мүнәсип жуўап қайтара алмаған боламыз.
Жумысларыңызды азанғы ўақытқа мөлшерлең. Түнде ислеўге үйренбең. Бул гормонал фонды бузып, бирқанша кеселликлер, соның ишинде, бийпушлықты келтирип шығарады. Күн ҳәм түнниң орын алмасыўы – дене ушын үлкен стресс.
2. «Адам күндиз уйықлаўы тийис».
Яқ! Күндизи талыққан адамға көп болса 15-20 минут мызғып алғанның өзи жетеди. Негизинде күндизги уйқы дене ушын пайда емес. 15 минут дем алыў ушын дийўалға көпшик сүйеп яки диванға сүйенип ярым горизонталь ҳалда отырған мақул.
Өзиңиз еслеп көриң, түсликтен кейин 1-2 саат уйқыдан соң тынығып турдыңыз ба ямаса диңкеңиз қурып қалды ма? Аўа, узақ күндизги уйқы бас аўырыўы ҳәм кейпиятсызлықты келтирип шығарады. Сондай-ақ, гормонал дисбалансты бузады.
3. «Дем алыс күнлери уйқыға тойыў керек».
Яқ! Жумыс күнлери азанда 6 да турған ҳалда екшембиде 9 ға дейин уйқылап қәтелесесиз.
Өзиңизге дем бериў, уйқы менен сыйлаўды қәлейсиз негизи. Бирақ, денемиз өзгеристи қыйналып қабыл етеди. Тап жумыстан босатылған, айлықсыз қалған хызметкер сыяқлы кейпиятсыз болып қалады. Ҳәр күни бирдей ўақытта ояныўға ҳәрекет етиң, ҳәтте екшембиде де ерте турың.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…