Табыслы адамлардың көпшиликтен айырылып туратуғынына итибар бердиңиз. Аўа, олар басқаша. Олардың сыртқы көриниси, ойланыў ҳәм өмир сүриў тәризи, әдетлери басқаша.
Адамның әдетлери оның тәғдирине тәсир ететуғынын еситкен болсаңыз керек. Келиң, табыслы адамлардың әдетлери менен танысайық.
1. Табыслы адамлар тәўекел етиўден қорықпайды. «Тәўекелшиден Қудайда қорқады!» дегенди еситкен шығарсыз. Тәўекелшилик – табыслылықтың тийкары! Тәўекел етип үйрениң!
2. Табыслы адамлар жуўапкершиликти бәрқулла өзлериниң мойнына алады. Басқаларды айыплай бермей, ўәдеңиздиң үстинен шығыўға, еткен ҳәрекетлериңизге өзиңиз жуўап берип үйрениң.
3. Табыслы адамлар жаңа нәрселерди үйрениўден жалықпайды. Табыс өзин жетиклестирип жүриўши ҳәм жаңа ойларға ашық адамларды қолынан жетеклейди.
4. Табыслы адамлар, әдетте, баслаған ислерин ақырына шекем жеткереди. Тап усы әдет табыслы адамларды басқа көп талантлы адамлардан айырып турады. Баслаған ислериңизди ярым жолда таслап кетпең! Нәтийже алың. Нәтийжениң унамлы яки унамсыз болыўы әҳмийетли емес. Жеке өзиңиздиң нәтийжеңизге ийе болып, сиз баҳасыз басқа ҳешкимде жоқ тәжирийбе арттырасыз.
5. Табыслы адамлар ҳәр бир машқаладан жаңа мүмкиншиликлер, имканиятлар көре биледи. Ядыңызда болсын, ҳәр бир машқала өзинде өнип-өсиўге ҳәм жетиклесиўге үлкен имканиятлар жәмлеген.
6. Табыслы адамлар өзлериниң ўақытларын басқарып биледи.
7. Табыслы адамлар көп ойланып жүре бермейди, ал ҳәрекет етеди! «Келисеме – келиспейме», «баслайым ба – басламайын ба» сыяқлы бос ойларға ғәниймет ўақтыңызды бос жибермең. Ҳәрекет етиң! Табыс жүрексине алатуғынларға ғана күлип бағады.
8. Табыслы адамлар басқалардың гәп-сөзлеринен бийғәрез. Басқаларға күлкили, түсиниксиз көриниўден қорықпаң. «Басқалар не деп айтады (ойлайды)» деген қорқыныш адамды паралич етеди, ҳәрекет еттирмейди, раўажландырмайды, ис баслаттырмайды.
Өзиңизде усы әдетлерди ендириң, олар сизге өмирдиң барлық тараўларында табыслы болыўыңызға жәрдем етеди.
Сизиң басламаларыңызға табыслар!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…