Әдетте, көпшилик «Ҳаял адамға не керек?» деген сораўдың әтирапында ғана ойланып, бул жарық әлемде еркеклердиң де бар екенлигин естен шығарып қояды. Тийкарында олардың да қәлеўи менен өз «әлеми» бар. Ал, сол әлемниң қырлы ҳәм сырлы тәреплерин түсинген ҳаял ғана күйеўин жақыннан биле алады. Демек, ер адамлардың қәлеўлерине тоқтап өтсек.
Оны ҳеш қашан аңлымаң
Мәселен, күйеўиңиздиң компьютериндеги кирген сайтларын ямаса оның уялы телефонын тексергенди тоқтатың. Бул жағдай күйеўиңиздиң ашыўын келтирип, араңызға суўықшылық салыўы мүмкин.
Ер адам ушын жора-жолдастың орны айрықша
Буны естен шығармаң. Сонлықтан, ҳәр жорасын жаманлап ямаса мақтай да бермең. Егер ол жоралары менен кеўил жазысып отырмақшы болса, кесент етпең.
Бәрқулла пәк болың
Күйеўиңизге қыялыңызда да қыянет етпең. Бул нәрсе ҳеш қашан жақсылыққа алып келмейди. Өмирлик жолдасыңызды қандай болса, сондайлығынша сүйиң ҳәм ардақлаң.
Ол басқаға итибар қаратса, уўайымламаң
Көрмегендей болып кете бериң. Оның бул ҳәрекети сол қызды (келиншекти) сүйип қалды ямаса ол сизден әдеўир сулыўлаў дегенди билдирмейди. Бул – тек ғана еркеклердиң көпшилигине тән тәбийий қәсийет. «Не ушын басқа қызларға қарай бересең?» деп жәнжел көтергениң менен ҳеш нәрсе өзгермейди.
Оның анасы туўралы жаман сөз айтпаң
Енеңиз қандай адам болса да, оны күйеўиңизге жаманламаң. Ҳәр бир инсан ушын АНА бул дүньядағы ең уллы инсан екенлигин умытпаң.
Бурынғы өкпе-гийнелерди умытың
Шаңарақ болғаннан кейин, кишигирим урыс-қағыстың орын алары сөзсиз. Бундай нәрселерди сол ўақыттың өзинде умытқан жақсы. Бурынғы өткен замандағыны қазбалап, «Сен баяғыда маған мынандай дедиң» сыяқлы сөзлер жақсылыққа алып келмейди. Буның орнына, келешегиңиз ҳаққында көбирек бас қатырың.
Жуўабын еситкиңиз келмейтуғын сораў бермең
Сизди ушыратпасынан алдын, оның да басқа жигитлер сыяқлы қызларға сөз салып, муҳаббат ашқаны айтпаса да түсиникли. Сонлықтан, бундай теманы қозғап, жүрегиңизди жарақатлаўдың қәжети жоқ. Ең баслысы – ҳәзир ол сиз бенен, сизди таңлады.
Үйге кирип, жайғасып алсын
Күйеўиңиз жумыстан шаршап келгеннен оған бар дәртиңизди дастурхан етпең. Дурыс, күн узақ, бир өзиңиз жалыққан шығарсыз, айтатуғын әңгимеңиз де көп шығар. Бирақ, дәслеп ол үйге кирип, шай-аўқатын ишип, жайғассын. Айтатуғын сөзиңизди тамағы тойғаннан кейин баслаўыңызға болады. Керисинше жағдайда, жумыстан өзи шаршап келгенде сизди тыңлаўға кейпияты да болмаўы, шамасы да жетпеўи мүмкин.
Оны қызғандырмаң
Ол сизди қәлеген еркектен қызғанады. Мейли, ол сизиң достыңыз ямаса классласыңыз болсын... Ер адамның ойынша сиз тек жалғыз оны ғана көриўиңиз керек. Сонлықтан, басқа еркеклердиң алдында сөзиңиз бенен исиңизге абайлы болың.
Өзиниң керек екенлигин сезингиси келеди
Бәлким, сиз ҳеш кимниң жәрдемине мүтәж емес, бийғәрез ҳаял шығарсыз. Бул оған унаўы да мүмкин. Сонда да, ол өзиниң сизге керек екенлигин сезингиси келеди. Сонлықтан оған имканият жаратып, кишкене ғана жәрдемине де алғысыңызды айтып, «Сен болмағанда, не ислер едим?!..» деп турыўды умытпаң.
Сын-сымбатыңызға итибар қаратың
Күйеўиңиздиң сизден басқа ҳеш кимге қарамайтуғынына 100 процент исенимли болсаңыз да, өзиңизге қаранып, шырайлы болып жүриўге әдетлениң.
Шәрт қоймаң
Шәртлесиў – ҳеш қандай мәселени шешпейди, керисинше, араңыздағы мүнәсибетке иритки салады. Сонлықтан, ҳәр нәрсени шәрт пенен емес, муҳаббат пенен шешиўге ҳәрекет етиң.
Баласы болғанын қәлейди
Бул – ҳәр бир еркекке тән жағдай. Изинде урпақ қалдырыў ҳәр бир инсанның әрманы. Сонлықтан, күйеўиңиз балалы болыўды қәлесе, оған қарсы шықпаң.
Қызығыўшылықлары менен бөлисиң
Ер адамның жеке қызығуўшылықлары: кино, спорт, түрли ойынлар ямаса тағы басқасы – булардың бәршеси оның әлеминиң кишкене қурам бөлеклери. Егер сиз де оларға қызығыўшылық билдирип, ой-пикириңиз бенен бөлиссеңиз, күйеўиңиз буны оғада жоқары баҳалайды.
Қәлеўлериңизди анық айтың
Ер адам жумбақ шешиўди унатпайды. Сонлықтан, қәлеўлериңизди ымлап түсиндирип, әўере болмаң.
Шаш қыйдырғанда...
Ер адамның көпшилиги келте шашлы қызларды уната бермейди. Олар ушын ҳаялдың шашы еркектиң шашындай тикирейип емес, толқындай таўланып турыўы лазым. Сонлықтан, оны қыйдырмастан алдын ойланып алың.
Оны руўхландырып турың
«Ҳәр бир уллы еркектиң артында уллы ҳаял турады» деген сөзди еситкен шығарсыз. Соның ушын да, күйеўиңизди ҳәмийше қоллап-қуўатлап, уллы ислерге руўхландырып турың. Тек сонда ғана күйеўиңиз сиз ушын таў қопарып, тас жарады.
Қыйналғанда арқа сүйерине айланың
Өмир тек жеңистен ғана емес, жеңилислерден де турады. Усындай ўақытта күйеўиңизди қоллап-қуўатлаўды умытпаң. Әлбетте, ақыл айтып, бәрқулла жол көрсетиўдиң қәжети жоқ. Оның орнына сүйикли ярыңызға қаншелли жақсы көретуғыныңызды айтың, кеўили күсейтуғын аўқатын писирип бериң. Ол сизиң ғамхорлығыңызды усы тәризде жақсы сезинеди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…