Сораў – жуўаплар

RA-img

  


ПЕРЗЕНТИҢИЗ ГЕПАТИТ «А» МЕНЕН АЎЫРСА…

 

«Жети жасар балам бир ай алдын А гепатити менен наўқасланды. Бул кеселлик пенен аўырған наўқас циррозға шатылмаўы ушын нелерге итибар қаратыўы керек? Диетаны сақлаў бағдарында да мағлыўмат берип өтсеңиз».

Сапаргүл Ҳакимова, Нөкис қаласы

 

А гепатити – бул факел-орал жолы арқалы жуғатуғын, баўырды зыянлаў менен ҳәрекетленетуғын инфекциялық кеселлик саналады. Гепатиттиң тек ғана А түри емес, ал басқа түрлери де баўырды зыянлайды ҳәм ақыбетинде өз хызметин толық орынлай алмай қалады. Кеселликти емлеўде диетаны сақлаў үлкен әҳмийетке ийе.

 

ДИЕТАНЫ САҚЛАЎДЫҢ ТИЙКАРҒЫ ҚАҒЫЙДАЛАРЫ

А гепатити менен наўқасланғанда диетаны сақлаў баўыр, өт ҳәм ас сиңириў жолларының жумысын жақсылаўға хызмет етиўи керек. Буннан тысқары, диетаны сақлаў май және холестерин алмасыўын тәртипке салып, баўырдың гликоген топланыўын жолға қояды. А гепатитине 5-санлы диетаны сақлаў столы туўра келеди.

Бул столдың суткалық усынысы төмендегише:

90-100 г белок;

80-100 г май;

350-400 г углеводлар.

Столдың энергетикалық нырқы 2800-3000 ккал.

Усыны есте сақлаў керек, диетаны сақлап атырған ўақытта ҳайўанат майларын пайдаланыўды азайтыў керек. Себеби, бул түрдеги майлар баўыр ҳәм өт жолларындағы жүклемени 2 есеге көбейтеди.

 

ЫССЫЛЫҚ ТӘРТИБИ

А гепатити менен аўырған балаға аўқатларды 15-60°C дәреже ыссылықта бериў лазым. Яғный, суўық та, ыссы да емес. Бул баўырды итиятлап, асқазан асты безиниң жумысын жақсылайды.

 

АЎҚАТЛАНЫЎ ТӘРТИБИ

А гепатитинде бөлип-бөлип, яғный суткасына 5-6 мәрте аз-аздан аўқатланыў усынылады. Бөлип бериў процесиниң мақул көрилгени, бириншиден, наўқастың иштейи ашылыўына жәрдем берсе, екиншиден, аз-аздан тез-тез аўқатланыў баўырға аўырлық түсирмей, инфекциялар менен гүресиўге жәрдемлеседи.

 

ДУЗДЫ ШЕКЛЕЎ

Бул кеселликте дузды суткасына 4 граммға шекем шеклеў лазым. Ас дузындағы натрий хлорид организмде суйықлықты услап қалады ҳәм буның ақыбетинде исик жүзеге келеди. Буннан тысқары, организмнен шығып кете алмаған суйықлық детоксикация процесин төменлетеди (кеселлик шығарыўшы токсинлердиң организмнен шығып кетиўи қыйынласады).

 

СУЙЫҚЛЫҚ

Бул кеселликте күнине 2-2,5 литр суйықлық ишиў керек. Бул – шиповникли ҳәм дәрилик қәсийетке ийе шөплерден демлемелер, өткир болмаған шай көринисинде де болыўы мүмкин. Бундай суйықлықлар бир тәрептен организмди токсинлерден тазалаўға жәрдемлессе, екинши тәрептен наўқастың иштейин ашады.

 

ДИЕТАНЫ САҚЛАЎДЫҢ ЗӘРҮРЛИГИ

А гепатитинде диетаны сақлаў кеселлик белгилерин азайтыўға, тәўир болыў процесиниң тезлесиўине алып келеди. Сондай-ақ, диетаны сақлаў тек ғана баўыр емес, ал асқазан-ишек жолының жумысын да нормалластырады. Өнимлердиң қурамындағы витаминлер кейпиятты және иммунитетти көтерип, өмирге деген көзқарасты жақсылайды.

 

ДИЕТАНЫ САҚЛАМАЎДЫҢ АҚЫБЕТЛЕРИ

Кеселликте диетаны сақламаў төмендеги жағдайларға алып келеди:

– гепатомегалия (баўырдың үлкейип кетиўи);

– баўыр жетиспеўшилиги.

 

 

ТУРНИККЕ ТАРТЫНЫЎ АЎЫРЫЎДЫ КЕМЕЙТТИРЕДИ

«Басым, аяғым ҳәм де белимде аўырыў бар. Оннан қутылыў ушын не қылсам болады?»

М.Жамалова, Шоманай районы

 

– Омыртқа бағанасында дисклер бар болып, олар әсте-әсте қысылып, сыртқа бөртип шығады. Буның есесине әтирапынан өтетуғын қан тамырлары ҳәм нерв қысылып қалады. Бул қан тамырлар аяқ тәрепке бағдарланған. Сонлықтан, ең алды менен, омыртқа бағанасын даўалаўға кирисиў керек. Ондағы жағдай жақсыланса, аяқ аўырыўы сапластырылады.

Аўырыўды кемейттириў ушын аўыр нәрселер көтериў ҳәм узақ ўақыт еңкейип, кир жуўыўдан тыйылыў мақсетке муўапық. Илажы барынша, барлық жумысларды турған жағдайда орынлаў керек. Әлбетте, дене тәрбиясы менен шуғылланыў, әсиресе, турникке тартыныў жүдә пайдалы.

Омыртқа бағанасының созылыўы есесине аяқтағы аўырыў кемейип, наўқас өзин жеңил сезинеди. Бирақ бундай ўақытта аяқ аўырыўының себебин анықлатыў ушын, әлбетте, компьютер томографиясы тексериўинен өтиў мәсләҳәт етиледи. Шыпакер көрик нәтийжелерине қарап, өз кеңесин береди.

Бас аўырыўының себеплери көп. Ол түрли кеселликлердиң ең көп ушырайтуғын белгилеринен бири есапланады. Гейде ол қан басымының артыўы есабынан да келип шығыўы мүмкин. Оны анықлаў ушын невропатолог шыпакер көригинен өтиў керек. Комплекс тексериўлер тийкарында сиздеги бул шағымның негизги себеплери анықланып, керекли емлер буйырылады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар