Алтын тиси бар адамларға ҳәмме нәрсе күлкили сезиледи екен...
*** *** ***
Шыпакер:
– Есиңизде болсын, терең дем алыў микробларды өлтиреди.
Наўқас:
– Жүдә жақсы, бирақ микробларды қалайынша терең дем алыўға көндиремен?
*** *** ***
Шыпакер жүдә тәсирленип атырған наўқасты тынышландыражақ болды:
– Қорықпаң, тәўир болып кетесиз. Мен де усы кеселлик пенен аўырған едим. Мине, тәўир болып кеттим.
– Болыўы мүмкин, бирақ сизди басқа шыпакер емлеген-дә…
*** *** ***
Үйде ҳаял китап оқып отырса, мектептен келген баласы:
– Ҳә, мама, интернет ислемей атыр ма? – деген екен.
*** *** ***
Жүдә аш болған қонақ үй ийесиниң баласынан әсте-ақырын сорапты:
– Сизлер, әдетте, қашан аўқатланасыз?
– Өзимиз саат бирде, бирақ үйде қонақ болса, ол кетемен дегенше сабыр етемиз.
*** *** ***
Шыпакер наўқастың аўҳалын көрип, басын шайқады:
– Көринисиңиз маған жақпай атыр…
– Өзиңиз де онша шырайлы емессиз.
*** *** ***
Ишип отырған мәслердиң бири:
– Билесизлер ме, дүньяда ҳәр төртинши адам ишиўшиликтен өлип атырған екен!
Сонда екиншиси:
– Еле де биз ҳәрдайым үш адам болып ишемиз!
*** *** ***
– Хожайын, сыртта бир адам сизди сорап атыр.
– Мақсети не екен?
– Қандай да бир бассейн қурылысына жәрдем сорап келипти. Не берейик?
– Тааак, бир шелек суў берип жибериң.
*** *** ***
Медицина институтында лекция болып атыр. Профессор студентлерге сораў берди:
– Жүрек қай жерде жайласқан?
– Көкирек қуўыслығында!
– Надурыс, жүрек – жүрек қалтасында жайласқан!
– Онда сизге қарсы сораў бериўге рухсат бериң, профессор, сиз өзиңиз ҳәзир қай жердесиз: аудиторияда ма ямаса костюмиңизде?
*** *** ***
– Доктор, мына дәрилер ырастан да маған жәрдем бере ме?
– Әлбетте. Бул дәрини алған наўқаслар усы ўақытқа дейин алдыма қайтып келмеген.
*** *** ***
Нерв кеселликлери бойынша шыпакерге:
– Неге бөлимиңиздеги наўқасларды шала емлеп, үйлерине жиберип атырсыз?
– Ақыры, мен «ярым ставка» да ислеймен, меннен және нени күттиңиз?
*** *** ***
Бала әкесинен сорапты:
– Папа, неге мамама үйленгенсиз?
Сонда күйеўи ҳаялына қарап депти:
– Көрдиң бе, ҳәтте жас бала да ҳайран!
*** *** ***
Дәриханада:
– Маған ярым литр спирт бериң.
– Рецептиңиз бар ма?
– Бар. Бир кило қумшекер, ярым кило ләблеби ҳәм 100 г дрожжи.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…