Не ушын ене менен келин келисе алмайды?

RA-img

Сораў: Не ушын ене менен келин бир-бири менен келисе алмайды? Келин енениң топырағынан дейди ғой. Не ушын? Бул нени аңлатады? Мен қыз гезимде жуўас едим. Ҳәзир келин болып түсип, көп өзгердим. Көп келисе алмайман.


Жуўап: Жүдә жақсы турмыслық сораў. Не ушын ене менен келин бир-бири менен келисе алмайды? Себеби – билим жоқ, яғный билимсизликтен. Бул не дегени? Мысалы, ене келин түсирежақ ўақытта «мен келин түсиремен, үйде келин болады, үйдиң барлық жумысларын ислейди, ол мениң айтқанымды етеди, бәри жақсы болады» деген кейпиятта болады. Ямаса қыз бала турмысқа шығатуғын ўақытта, ол да «мен турмысқа шықсам, тезирек басқа шығып кетсем, бәри жақсы болады» деп ойлайды. Бул жерде ене де, келин де өзиниң мәпин ойлап ҳәрекет етип атыр.

Негизинде ене: «Мине балам ер жетти, енди келин түсирежақпан, сол келин мениң қызым болғай, билмегенлерин өзим үйретейин» деп нийет етиўи керек. Ямаса қызлар турмысқа шығатуғын ўақытта: «Я Аллаҳ маған мына ер адамды күйеў етип берип атырсыз, усындай жигитти тәрбия еткен ата-анасына мың рахмет, мен соларға хызмет етейин, мен сол үйдиң адамларының кеўлинен шығайын, мени келин түсиргенине ата-енемди сондай ыразы қылайын» деп нийет етиўи керек. Егер келин түсирежақ болсаңыз, усындай нийетте келин түсириң, егер турмысқа шығажақ болсаңыз усындай етип нийетте ол босағадан атлаң!

Ене келинге ең дәслеп әўладларын даўам еттириўши, ақлықларды инам етиўши ретинде, ал келин енеге – устаз ҳәм ана сыпатында қарасын.

Келинлер ең биринши гезекте хызмет етиўге умтылыўы дәркар. Буның ушын жүрек таза болыў керек.

Енди, «Келин енениң топырағынан» деген даналыққа келейик. Егер де ене де көкиреклик басым болса, «абыйға бабый» нызамы бойынша оның көкиреклигин басыў ушын оған мүнәсип келин келеди, егер ене сықмар болса, сол сықмарлықты жоқ етиўге жәрдем беретуғын келин түседи.

«Мен қыз гезимде жуўас едим. Ҳәзир келин болып түсип, көп өзгердим» – сиз еле ол ўақытта баладай пәк едиңиз, бала едиңиз. Сизиң тәғдириңиз еле алдында еди. Адам улғайған сайын өтмиштеги жүрис-турысы, минез-қулқы есабынан қәлиплескен тәғдир оған үйилип келе береди.  Мине усы тәғдирди жеңиў ушын сиз руўхый билимлерди ийелеўиңиз, оларға әмел етиўиңиз керек. Жүрегиңизди тазалап турыўыңыз тийис. Ене ҳәм келин арасындағы мүнәсибетлерди қалай қурылыўы керек, мине усыларды үйрениң. Бунда, әлбетте, сиз жеке раўажланыўыңыз лазым.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар