Күлкитерапия

RA-img

  


– Күйеўим бәрқулла мазалы аўқат таярламаўымнан шағым етеди…

– Сиз оған ҳәптесине тек еки ирет аўқат берип көриң.

*** *** ***

Психотерапевт газетаға реклама берди: «Ишиўшилик ҳәм нәшебентликтен бир ғана сеанста қутқараман. Турақлы клиентлеримизге шегирме бар».

*** *** ***

Бир ер адам ҳаялын психотерапевттиң алдына алып барыпты.

– Доктор, мына биреў, … аты ким еди-я, … бәрқулла оған жетерли итибар бермей атырғанымнан шағым етеди.

*** *** ***

– Маған сизиң жәрдемиңиз керек, – деди клиент психоаналитикке.

– Яқшы. Кәсибиңиз не?

– Мен психоаналитикпен.

– Онда не өзиңизге жәрдем бере алмайсыз ба?

– Билесиз бе, мениң хызметлерим жүдә қымбат турады.

*** *** ***

Бир ҳаял шыпакердиң ханасына кирип кеселлик анкетасын берди. Врач анкетаны бетлеп аша баслапты. Бир-еки беттен кейин «Ўай-ўай! Соншелли де бола ма?!» деп басын шайқап қойыпты.

Буны көрген наўқас ҳаялдың «деми ишине түсип» сорапты:

– Доктор ырасын айтың, аўҳалым соншелли жаман ба?

Шыпакер болса оған қарап:

– Сизди емес, көзимди айтып атырман. Көзәйнексиз улыўма оқый алмайтуғын болып қалыппан…

*** *** ***

– Ағасы, егер телефоныңыздың паролин билип алсам, турмысымыз бузылып кетсе керек-ә?

– Ўай-ву, тек бизлердики емес, және үшеўиники бузылып кетеди, ҳаял.

*** *** ***

– Арақтың закускасына не алдың?

– Колбаса алдым.

– Шошқа гөши араласпаған ба, әйтеўир? Ҳарам нәрсе жеп қоймайық…

*** *** ***

– Сол сыйқырлы гәпти және ҳәм және еситким келип тур, ханым! Қайта-қайта айтың.

– Сиз кредитти төлеп болдыңыз!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар