Қуртлардан қорғаныўды балалықтан билиў тийис

RA-img

  


Қандай пайда болады?

Қуртлар адам ҳәм түрли ҳайўанлар органларында, тоқыма, ишеклерде жайласып алып ҳәм сол организм есабына жасайды. Олар адам организминде тийкарынан ишекте жасайды. Бирақ айырым жағдайларда баўыр, өкпе, мий, көз, ҳәтте сүйеклерди де зыянлайды.

Айырым қуртлар адам организминде бир-екеўи ушыраса, басқа түрлери онлап, жүзлеп ҳәм ҳәтте мыңлап жасайды. Гейде наўқас ишегинде 2-3 ҳәм оннан артық түрлери де жасаўы мүмкин.

Ишекте жасайтуғын қуртлар жүдә көп мәйек қояды ҳәм шығынды менен ажыралады. Қурт мәйеклери жүдә майда болады. Айырым жағдайларда, қуртлар пүтинлигинше, лента тәризли қуртлар болса буўын-буўын болып сыртқа шығады, оларды балалар шығындысында анық көриў мүмкин.

Қурт туқымлары адам организмине аўыз арқалы түседи. Буған көбинесе қолды жуўмастан аўқатланыў, писпеген ямаса шала пискен гөшти қабыл еткенде, ыдыстабақлар, көк шөплер, мийўе-палызларды салманың суўында жуўыў ямаса жуўмастан қабыл етиў сыяқлы абайсызлықлар себеп болады. Себеби, палыз мийўелерде салманың суўында қурттың мәйеклери болыўы мүмкин. Базыда қурт мәйеклери түрли ҳайўан ҳәм балық гөшинде болады, оларды жақсы писирместен қабыл еткенде қуртлар жуғады. Базы адамлар гөш фаршы дузын татып көреди, бул зыянлы әдет болып, сол арқалы қуртлардың жуғыўы көбирек бақланады.

 

Зәҳәри қандай?

Қурт организмде жасаў процесинде өзинен зәҳәрли элемент ажыратады, бул зәҳәрли элемент қанға сорылып, пүткил организмге тарқалады. Нәтийжеде қанның қурамы өзгереди (қызыл қан денешелери азаяды), кемқанлық келип шығады. Буннан тысқары қурт зәҳәри орайлық нерв системасына тәсир етип, онда зат алмасыўын (әсиресе, фосфор алмасыўын) бузады, буның ақыбетинде әсиресе балалар ашыўшақ, иштейи төменлейди, оқыўға қәбилети пәсейеди, кеўли айныйды, асқазаны аўырады, иши өтеди ҳәм денеге ақ дақлар түсиўи (гейде витилигогаға айланыўы) ҳәм тутқанақ тутыў жағдайлары болады.

Егер емизиўли ана қурт пенен зыянланған болса, олар ана сүти арқалы балаға тәсир етип, онда аўыр иш өтиўине себеп болыўы мүмкин. Буннан тысқары, қуртлар ишек  дийўалы ҳәм басқа органлардың жаралаўы себепли түрли зыянлы микроблардың өтиўине жол ашып береди, яғный қарын тифи, иш терлеме, дезинтерия ҳәм басқа усыған уқсаған аўыр ишек кеселликлери көбирек қурт пенен зыянланған адамларда ушыраўы ҳәм аўырлаў өтиўи анықланған. Балаларда пневмонияға қурт та себепши болады, себеби қурт мәйеклери қан арқалы өкпеге барып, өкпе тоқымасын жарақатлайды.

 

Кеселликтен қалай сақланыў мүмкин?

Қуртлар менен зыянланыўдың аўыр ақыбетлерге алып келиўин жоқарыдағылардан аңлап алған болсаңыз керек.

– Билимлендириў-тәрбия орынларында тазалыққа итибар бериў, тез-тез саламатлық тексериўлери ҳәм тазалық саатларын өткерип бериў;

– Мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине жаңа қабыл етилип атырған балалар ҳәм ҳәрбир пуқара тез-тез өзин гельминтоз ҳәм ишек қуртларына тексертип турыўы тийис;

– Балаларды жеке гигиена қағыйдаларына әмел еттириў (тырнақларды алып жүриў, бармақларды аўзына салмаў, ойын ҳәм уйқыдан кейин ҳәм аўқатланыўдан алдын қолларды сабынлап жуўыўға, патас жерлерде ойнамаўға үйретиў);

– Ҳәжетхана поллары, есик ҳәм суў арқалы үскенелер тутқышларын, терезе алдылары, стол-стуллар ҳәм басқа керекли буйымларды ўақты-ўақты менен хлорлы ҳәкте ямаса қайнаған суў менен зыянсызландырыў;

– Бөлмениң полларын ҳәр күни жуўып турыў ҳәм палас, гилемлерди шаңжутқыш арқалы тазалап турыў;

– Тийкарғы кеселлик тарқатыўшы ийт ҳәм пышықлар саналып, олар қоршаған орталықтан, малқора ҳәм ҳәжетханалардан кеселлик мәйеклерин жүнлерге илестирип алады. Сол себепли, жас балаларды ийт ҳәм пышықлар менен ойнамаў, үй ҳайўанларын орынкөрпеге жақынластырмаў ҳәм асханаларға киргизбеў керек;

– Палыз ҳәм палыз егинлерин қабыл етиўден алдын 2 пайызлы ишимлик содасына 10 минут салып қойып, кейин 2 мәрте жақсылап жуўып қабыл етсеңиз зыянсыз есапланады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар