Көбинесе аналар жаңа туўылған нәрестениң көп тынышсызланып атырғанын, оның уйқысы жақсы емес екенин айтып мүрәжат етеди. Айырым аналар бул белгилерге итибар бере бермейди.
Негизинде булар бас мий гематомасының клиникалық белгилеринен есапланады. Гематома – нәрестениң туўыў процесинде бас мийдиң механикалық зыянланыўы. Бул туўыў ўақтында баланың басы ананың туўыў жолларына органикалық ҳәм функционал жақтан сәйкес келмеўи ҳәм акушерлик процесс ўақтында нәресте басының жумсақ тоқымалары, бас сүйеги ҳәм бас мийиниң зыянланыўы болып табылады. Бул жағдайда нәрестениң басы туўыў жолларында қысылып қалады. Бас мий гематомалары мий тоқымаларының қысылыўы, оның исиўине алып келеди. Бул кеселлик бир жасқа толмаған балалардың дерлик 10 пайызында бақланады. Гематома белгилери әпиўайы көк ямаса тәртипсиз форма, қызыл-көк ямаса фиолет реңде болыўы мүмкин. Айырым гематомалар көринисине қарап «қулыпнай» деп те аталады. Себеби олар түрли мийўе формасында болады. Айырым гематомалар баланың туўылғанынан соң оның басында бар болады. Олардың айырымлары болса нәресте өмириниң биринши айларында пайда болады. Дәслеп барлық гематомалар бирқыйлы реңде болыўы мүмкин. Ақ, көк-күлрең ямаса пушты түсте. Бастағы гематомалардың 50 пайызы 5 жаста, 75 пайызы болса 7 жаста ҳам бала 9 жасқа келип олардың 90 пайызы сорылып кетеди.
Егер жаңа туўылған нәрестениң басында гематома болса, оның организм ишки ағзаларына тәсирин анықлаў мақсетинде ультрадаўыс тексериўи әмелге асырылады. Баланың басында үлкен исик болса, ол жағдайда улыўма қан анализин көрип шығыў тийис. Бас мий гематомасы бар нәрестелерде көбинесе аўқатланыў менен байланыслы машқалалар, яғный көкиректи дурыслы ембеў ҳәм аўқатланыўдан бас тартыў жағдайлары бақланады.
Сондай-ақ, наўқаста тынышсызлық, уйқының бузылыўы, бастың надурыс формада болыўы ушырайды. Нәресте көзин гематома болмаған тәрепинде ашып-жумады. Балада ишек тутылыўы менен байланыслы машқала, қоллардың, аяқлардың ямаса пүткил денениң булшық ет тартылыўы менен байланыслы қыйыншылықлар (гипотоникалық булшық етлер) белгилер анықланады.
Бундай жағдайларда балаға өз ўақтында медициналық жәрдем керек болады. Себеби туўма жарақатлардың басқа унамсыз тәсириниң ақыбетлери көп болыўы мүмкин. Тийкарынан, ақылый әззилик, сөйлеўдиң раўажланбаўы, физикалық кемшиликлер сыяқлы басқа кеселликлер усылар қатарында. Соның ушын наўқаста жоқарыдағы клиникалық белгилер бақланса ата-аналар перзентлерин дәрҳал невропатолог қабыллаўынан өткериўи тийис.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…