Биз дерлик ҳәрқандай кеселлик ушын қан анализин тапсырамыз. Әлбетте, шыпакер бизди биринши гезекте қан анализине жибереди.
Төменде денсаўлығымыз қандай екенлигин анықлап беретуғын анализлерди келтирип өтемиз.
1. Гемоглобин (Hb)
Бул эритроцитлер қурамындағы қан пигменти есапланады. Оның тийкарғы ўазыйпасы кислородты өкпеден тоқымаларға жеткериў ҳәм карбонат ангидридти (СО2) денеден шығарып таслаў болып табылады.
2. Эритроцитлер
Эритроцитлердиң көбейиўи саламат адамларда таўларда, жоқары бәлентликте, сондай-ақ, жүрек нуқсанлары, бронхлар, өкпе, бөтеке ҳәм баўыр кеселликлеринде болады.
3. Лейкоцитлер
Зыят инфекция ҳәм асқынланыў бар екенлигин көрсетеди.
4. Тромбоцитлер
Қан жибиўин тәмийинлейтуғын клеткалар тромб болыўында қатнасады. Егер олар әдеттегиден көп болса, онда туберкулёз кеселлиги, жаралы колит, баўыр циррозы болыўы мүмкин.
5. ЭШТ (СОЭ ямаса РОЭ)
Эритроцитлер шөгиў тезлиги. Көрсеткишлердиң асыўы инфекциялар, асқынланыў, анемия, бөтеке кеселликлери, гормонал кеселликлер ҳәм жүклилик ўақтында жүз береди.
6. Глюкоза
Глюкозаның көплиги – жетерли ҳәм тәртипсиз аўқатланыў, гормонал кеселликлер, диабеттен дәрек береди.
7. Улыўмалық белок
Баўыр, бөтеке искерлигиниң жаманласыўы ҳәм тойып аўқатланбаў нәтийжесинде белок азаяды.
8. Улыўмалық билирубин
Ол баўыр функциясының көрсеткиши есапланады. Гепатит, өт-тас кеселлиги ямаса эритроцитлерди жоқ етиў нәтийжесинде билирубин көбейеди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…