ШАШ ТҮСИЎИ НЕНИҢ БЕЛГИСИ?

Ерназар Сейдуллаев, Республикалық қәнигелестирилген дерматовенерология ҳәм косметология илимий-әмелий медициналық орайының жоқары категориялы дерматологи
RA-img

  


Ҳәр бир адамда күнине 50-100 дана шаш талшығының түсиўи әпиўайы жағдай есапланады. Әдетте, шаш талшықлары 3-7 жыл жасайды. 90 пайызы актив өсиўди даўам еттирсе, 10 пайызы өспестен турады.

Жас өтиўи менен шаш сийреклесип барады. Базы жағдайларда түскен шаш қайтадан өсип шықпаўы да мүмкин.

Шашлардың нормадан артық түсиўине төмендеги факторлар себеп болыўы мүмкин:

• Қартайыў;

• Шаш түсиўиниң нәсилден нәсилге өтиўи;

• Бастағы жарақатлар;

• Бас терисиниң зыянланыўы;

• Надурыс аўқатланыў;

• Надурыс шаш түйдеги (қатты қысылған кекил ҳәм шаш орамы).

 

Сондай-ақ, төмендеги кеселликлер де шаш түсиўине алып келиўи мүмкин:

• Қалқан тәризли без кеселликлери;

• Инфекциялар, хирургиялық операциялар, күшли ыссылық;

• Дерматомикоз, тери раги;

• Гормонал норманың бузылыўы;

• Грибок ҳәм бактериалы инфекциялар, аутоиммун кеселликлер;

• Айырым дәри қураллары (қан басымы, антикоагулянтлар, антидепрессантлар, артрит ҳәм подаграға қарсы препаратлар);

• Радиация ҳәм химия терапия (рагке қарсы химиялық емлениўде 90 пайыз наўқасларда шаш түсиўи болады);

• Стресс: физикалық, эмоционал, руўхый-нервлық.

Жоқарыдағы машқалалардың базылары сапластырылыўы мүмкин ҳәм машқала шешилгеннен кейин шаш талшықлары қайтадан өсип шыға береди.

Шаш түсиўи қандай да қәўипли кеселлик белгиси деген қәўетер болған жағдайда, шыпакер қабыллаўынан өтиў, соның ишинде, шыпакер-трихолог пенен кеңесип көриў тийис.

Шыпакерлер генетикалық анализлер тийкарында шаш түсиўиниң себеплери ҳәм сизиң қайсы топарға киретуғыныңызды анықлап, керекли шараларды белгилейди. Егер де шаш түсиўи нәсил ямаса кекселик пенен байланыслы болса, оны тиклеў қыйын болады.

Шаш талшықларының нормадан зыят түсиўин тоқтатыў ушын оларды азлаў бояң, басты жуўғаннан кейин имканы барынша феннен пайдаланбаң.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар