Бадминтон профессионал ҳәм кеўилашар ойын сыпатында жүдә белгили. Ол тек шеберликти емес, ал сизиң физикалық күшли ҳәм көркем болыўыңызға жәрдем беретуғын кең дене ҳәрекетин, епшилликти де талап етеди.
Улыўма алғанда, бадминтон бүгинги күнде барлық жастағы адамлар арасында белгили болыўға үлгерди ҳәм ол ойнаў ушын жүдә аңсат. Буннан тысқары, сиз бадминтон ойнаў ушын арнаўлы майдан – кортқа барыўыңыз талап етилмейди. Сондай-ақ, бадминтонның денсаўлық ушын бир қатар абзаллықлары да бар:
1. Салмақты азайтыў ҳәм артықша майлардан қутылыўға жәрдем береди.
Бадминтон көп физикалық ҳәрекетлерди талап етеди. Жай ғана 1 саат даўамында шуғылланыў нәтийжесинде де сиз барлық спорт түрлери арасында ең жоқары деп баҳаланатуғын 400-550 калорияны кеткизиўиңиз мүмкин. Бул соны аңлатады, сиз турақлы бадминтон менен шуғылланып бир айда 4 килограмм салмақтан қутыласыз.
2. Өкпениң саламатлығын жақсылайды.
Бул спорт түри менен шуғылланғанларда мурын жоллары ашылып, қурылдаўдың алды алынғанлығын көриўимиз мүмкин. Тийкарғы себеп саламат қан айланыўын жақсылаў ҳәм пүткил денениң шыдамлылығын асырыў қәсийети есапланады.
3. Қан басымы көтерилиўин емлеўге жәрдем береди.
Жоқары қан басымы ушын ишип атырған барлық дәрилериңизди бир шетке ысырып қойсаңыз да болады, себеби бадминтон тек қан басымын түсириўге жәрдем берип қоймай, ал оны пүткиллей емлейди де. Бадминтон ойнаў қан басымын нормал ҳалатқа келтирип, денеңизде дәрилердеги сыяқлы қәсийетлерге ийе тәбийий химиялық реакцияларды ислеп шығарады.
4. Диабет қәўпин азайтады.
Себеби бадминтон жетерлише физикалық шынығыўларды талап етеди, ол баўырыңыздағы ҳәрқандай қантлы өнимлер келтирип шығарған қандағы артықша қант муғдарын азайтыўға жәрдем береди.
5. Сүйек тығызлығын (қалыңлығын) асырады.
Бадминтон артықша салмақты жоқ етиў, денедеги май муғдарын азайтыў менен бирге, сүйеклердеги күшлениўди де жеңиллестирип береди. Сүйеклердиң өсиўине жәрдем беретуғын клеткалар ҳәм оларды күшлендиретуғын максимал калъций топланыўына имкан жаратады.
6. Жүрек искерлигин жақсылайды.
Бадминтон қосымша майларды еритип, денеңиздеги артықша холестериннен қутылыўға жәрдем береди, буның нәтийжесинде жүрек булшық етлери күшлилесип, инфаркт қәўпиниң алдын алыўға ерисиў мүмкин.
7. Ҳәрекетшеңлик, ақылый қәбилет ҳәм нәтийжелиликти асырады.
Идеал ҳәрекетлерди талап ететуғын бадминтон, сондай-ақ, сергекликке де шақырады. Ол ислеп атырғаныңызда дыққатты жәмлеўге, шаққан болыўға, стресстен қутылыўға, күшли болыўға жәрдем береди.
8. Метаболизмди жақсылайды.
Бадминтон ойнағанда кардио-пулмонар искерлик денеңизде тәбийий терлеўди келтирип шығарады ҳәм токсинлерди жоқ етип, зат алмасыўын жақсылаўыңыз мүмкин. Жақсыланған метаболизм көбирек калорияны жоқ етип, және де саламат ҳәм гөззал болыўыңызға шараят жаратады.
9. Социаллық мүнәсибетлерде жәрдем береди.
Әлбетте, бадминтонды жалғыз ойнап болмайды. Сондай-ақ, бир адам менен қайта-қайта ойнай бериў де сизди зериктириўи анық. Демек, ҳәр сапар жаңадан жаңа қарсыласларды излейсиз ҳәм бул сизге адамлар менен, әтирапыңыздағы жәмийетшилик пенен байланысларыңызды жақсы жолға қойыўға имкан береди.
10. Жақсы турмыс тәризи.
Бадминтон денсаўлығыңызға беретуғын барлық пайдасының нәтийжеси сыпатында сиз, ҳәрқашанғыдан жақсырақ турмыс тәризине ийе боласыз. Жақсы уйқы жәрдеминде өзиңизди және де белсенди, ғайратлы сезе баслайсыз, күнлик режелериңизди табыслы әмелге асырасыз. Буннан тысқары, физикалық жақтан күшли болыў ҳәм саламат мий искерлиги дыққатыңызды жәмлеўиңизге, ҳәр күниңиздиң әжайып өтиўине жәрдем береди.
Мине, неге спорт инсан саламатлығы ушын пайдалы! Еле де отырсыз ба, дәрҳал қандай да спорт түри менен шуғылланыўды, ҳеш болмағанда, физикалық шынығыўлар орынлаўды баслаң. Сонда өмириңизде әжайып жетискенликлерге ерисе баслайсыз!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…