Пассив өлим. Сигарета түтини шекпейтуғын адамға қалай тәсир етеди?

RA-img

  


Пассив шегиў ҳаққында тез-тезден еситемиз. Өйткени көплеген адамлар шегиўшилер шығарып атырған темеки түтини қурбанына айланыўдан қәўетер алады. Бул бийкарға емес. Себеби пассив шегиў оғада қәўипли болып, ҳәтте өлимге де алып келиўи мүмкин.

Қалай тәсир етеди?

Бир қарағанда, сигарета түтини тек шегиўшиниң өзине зыян жеткеретуғындай сезиледи. Себеби ол сигаретадағы қәўипли химиялық бирикпелерди өзине тартып алады. Бирақ әтираптағыларға олар шығаратуғын түтинниң қәўпи де аз емес.

– Пассив шеккенде адамлар қаптал тәреплеме дозаны алады.

Пассив ҳәм актив шеккенде организмге дерлик бирқыйлы элементлер түседи. Әсиресе, шегип атырған адамның қасында узақ ўақыт қалып кеткенде бирқыйлы жағымсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Қаптал тәреплеме түтин қурамында шама менен 4000 дай химиялық элемент болып, олар арасында 69 ы қәўипли канцероген есапланады. Ең қәўиплилери:

N-нитрозамин, хош ийисли полиэфир, полициклик хош ийисли углеводородлар, – дейди россиялы жоқары категориялы шыпакер-терапевт Ольга Саакян. – Бирақ бәрибир қаптал тәреплеме түтиндеги қәўипли элементлер концентрациясы шегиўшиниң өзи алатуғынға қарағанда азлаў болады.

Ақыбети

Темеки түтининен дем алғанда шекпейтуғын адам да қәле-қәлеме денсаўлығы менен байланыслы машқалаларға дус келеди.

– Пассив шегиў аллергияның зорайыўы, түрли ЛОР-патологиялар, жүрек-қан тамыр кеселликлери, созылмалы өкпе обструктив кеселликлери ҳәм онкологиялық кеселликлер қәўпиниң жоқарылаўына алып келеди. Көбинесе қәўипли өспелер өкпе, бүйрек ҳәм сүт безлеринде келип шығады. Бул сыяқлы аянышлы ақыбетлердиң алдын алыў ушын шегиўшилер орталығынан қашыўға ҳәрекет етиў тийис, – дейди Ольга Саакян.

Егер пассив шегиў ақыбетинде денсаўлық пенен байланыслы машқалалар келип шықса, тезлик пенен шыпакерге хабарласыў керек. Әлбетте, шегиўши жақынлар менен сөйлесип алыўы ҳәм илажы барынша зыянды азайтыўға ҳәрекет етиўи тийис.

Шарасы

– Шегиўши менен бир үйде жасасаңыз, оннан үйде шекпеўди, сыртқа шығыўын өтиниш етиң. Бөлмелерди тез-тез самаллатып турың. Шегиўшиниң кийим-кеншеклерин ўақтында жуўып-тазалаўды умытпаң.

Шегиўшилер дыққатына: пассив шегиў, әсиресе, балалар ҳәм жүкли ҳаялларға қәўипли. Оларды пассив шегиўшилликке гириптар етпең, – деп мәсләҳәт береди терапевт.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар