Елимиз тынышлығы, халқымыз абаданлығы, жәмийет раўажланыўы – әўели мәмлекетте қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң жетиклиги, беккемлиги ҳәм әлбетте оның орынланыўының тәмийинлениўинде кѳринеди.
Биз жаңа Ѳзбекстанды қурар екенбиз, барлық реформалар негизиндеги баслы нызамымыз есапланған Конституцияны да жәмийет ҳәм мәмлекет пенен теңбе-тең түрде жаңалаўға зәрүрлик жүзеге келди.
Ѳз нәўбетинде, алдын ала Инсан деген идеяны илгери сүрген түрде халықтың пикири ҳәм усынысы тийкарында миллий нызамшылығымыз тийкарын жаңалаўды мақсет еттик ҳәм де халық таңлаўы менен 2023-жыл 30-апрель күни ѳткерилген Ѳзбекстан Республикасы референдумында улыўмахалықлық даўыс бериў арқалы жаңа редакциядағы Ѳзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди.
Референдум кѳп миллетли халқымыздың аўызбиршилиги, суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет қурыў жолындағы қарарының исенимли сәўлеси болды.
Әсиресе, Конституцияда мәмлекет қурылысының жаңа стратегиялық мақсети етип – социаллық мәмлекет қурыў екенлиги белгилеп берилди, социаллық әдалат ҳәм бирдемлик принциплери енгизилди, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўдың жаңа механизмлерин нәзерде тутыўшы конституциялық тийкарлар беккемленди.
Жаңаланған Конституция мәмлекет, миллет ҳәм халық сыпатында кейинги қәдемлеримизди анықлап алыўымыз ушын оғада әҳмийетли мәселе, әдил жәмийет қурыў жолындағы үлкен қадем саналады.
Конституцияда Ѳзбекстан – суверен, демократиялық, ҳуқықый ҳәм социаллық мәмлекет екенлиги қатаң белгилеп қойылды.
Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамларымыздың, ҳәр бир министрлик ҳәм кеңселер искерлигиниң мазмунына айланыўы қатаң талап сыпатында белгиленди. Бул болса, мәмлекетлик уйымлары ҳәм де лаўазымлы шахслардыңғана емес, ал пуқаралардың мәплерин гѳзлеп искерлик кѳрсетиўине тийкар болары сѳзсиз.
Ҳәттеки, нызамлардағы анықсызлықлар, тосқынлықлар инсан пайдасына шешилиўи шәрт ҳәм зәрүр. Буған кѳре, инсан ҳәм мәмлекет ортасындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы нызамшылықтағы анықсызлықлар, түрли түсинбеўшиликлер шешиледи.
Халық турмысы ҳәм салматлық дәрежесин жақсылаўдың зәрүр шәрти сыпатында Конституцияда қоршаған орталықты қорғаў бойынша комплекс илажлар белгиленди.
Усы мүнәсибет пенен, мәмлекет қоршаған орталықты жақсылаў, тиклеў ҳәм қорғаў, экологиялық теңликти сақлаў бойынша илажларды әмелге асырады, пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм қоршаған орталыққа зыянлы тәсир кѳрсетилиўине жол қоймаслық мақсетинде қаласазлық искерлиги тараўында жәмәәтшилик қадағалаўды әмелге асырыў ушын шәраятларды жаратады деген норма белгиленип, қалалардың бас режелерин жәмәәтшилик қадағалаўынан мәжбүрий ѳткерилиўи шәртлиги кѳрсетилди.
Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм де тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық тәрептен раўажландырыў бойынша илажлар кѳреди.
Мине усындай илажлар қатарында, мәмлекетимиз басшысының тийисли пәрман ҳәм қарарлары менен Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған комплекс илажлар әмелге асырылыўы жолға қойылды. Солардан бири, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 9-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-66-санлы қарары болып есапланады.
Бул қарар менен пуқаралар, исбилерменлер, мәмлекет раўажланыўы ушын бир қанша жеңилликлерди енгизиў арқалы социаллық-экономикалық турақлылыққа ерисиў мақсет етилди.
Жуўмақлап айтқанда, биз басып ѳткен бүгинги қәдемлер ертеңги күнниң тарийхына айланады. Демек, биз бүгин беккем нызамды жаратыў арқалы уллы келешегимизди тик турып қура аламыз!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…