Шыпакерлердиң көпшилик тәрепинен әмел етилмейтуғын ең әҳмийетли 5 усынысы

RA-img

  


«Базыда наўқас ушын оның өзинен көре жаман душпан жоқ», – дейди шыпакерлер. Әлбетте, ҳәрқандай ҳәзил сыяқлы буның астында да ҳақыйқат бар.

Базыда инсан саўалып кетиўи ушын қолынан келгенин ислейди ҳәм тек денсаўлығына емес, ал өмирине де қәўип туўдырады. Таң қаларлысы сонда, көпшилик бирдей қәтеге жол қояды. Усындайда шыпакерлердиң гәплерине қулақ салыў ҳәм көрсетпелерине әмел етиў усыныс етиледи.

 

Наўқасты емлеўханаға алып барыўға урынбаң, тез жәрдем шақырың

Инсан өзин жаман сезгенде ең жаман нәрсе – емлеўханаға өзи барыўы. Бириншиден, егер наўқас жолда жаманласса, жәрдем беретуғын адам табылмаўы мүмкин. Екиншиден, өз-өзин емлеўханаға жатқарыў ҳәм дизимге алыў тез жәрдем менен жеткерип бериўге қарағанда көбирек ўақыт талап етеди. Үшиншиден, тез жәрдем жолда бир нәрсе надурыс болса, шыпакерлер зәрүр реанимация шараларына ҳәмме нәрсени таярлайтуғын емлеўхана хызметкерлери менен байланысады. Улыўма алғанда, шыпакерге мүрәжат етиў ҳәр тәреплеме абзал.

 

Кеселликтиң биринши белгилеринде-ақ шыпакерге мүрәжат етиң

Кеселлик қанша тез анықланса, емлениў де сонша аңсат болады ҳәм унамлы нәтийжеге ерисиў итималы үлкен. Егер наўқас қолайсызлық ямаса аўырыў сезсе, оны өз-өзинен өтип кеткенше күтпеўи керек. Шыпакерге дәслепки белгилерди хабарлаў кеселликти анықлаўда көбирек жәрдем береди.

 

Мүддети өткен дәрилерди қабыл етпең

Дәри-дәрмақлар ушын көрсетпелерди ҳәрдайым дыққат пенен оқыў усыныс етиледи. Әсиресе, жарамлылық мүддети ҳәм шийшени ашқаннан кейин пайдаланыўға айрықша итибар бериў тийис. Ҳәм ҳәрқандай «гүманлы» дәрилерден пайдаланбаған мақул. Надурыс сақланған ямаса әдеттегиден узағырақ сақланған дәрилерди қоллаў жаман ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.

 

Шегиўди тоқтатың

Шегиўшиликтиң зыяны ҳаққында соншелли көп мәлим етилген, бул әдеттен ўаз кешиўге шақырыў ашыўланыўға ҳәм ҳәтте ғәзепке алып келиўи мүмкин. Бирақ, ҳақыйқат ҳақыйқатлығынша қалмақта: шегиў көплеген кеселликлердиң раўажланыў қәўпин асырады. Неше жаста болыўына қарамастан, шегиўди таслаў денсаўлық ушын үлкен пайда.

 

Егер өзиңизди жақсы сезсеңиз, дәри ишиўге асықпаң

Әлбетте, бул, биринши гезекте антибиотиклерге тийисли, бирақ басқа барлық дәри-дәрмақлар шыпакер көрсетпесине муўапық қабыл етилиўи керек. Симптомлардың жоғалыўы кеселлик өтти дегени емес, тиклениў ушын да ўақыт керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар