Базыда адамдағы жағымсыз өзгерислерди кеселлик пе ямаса тәбийий ҳалат деўге екиленип қаласаң. Мине усындай машқалалардан бири – балалар ҳәм жас өспиримлер арасында тез-тез ушырасып туратуғын сидик услап тура алмаў есапланады. Көпшилик ата-аналар оған бийпәрўа қарайды, «Тексерттик, бүйрек ҳәм сидик жолларында аязлаў жоқ, демек, үлкейгеннен кейин өзи жоғалып кетеди», дейди.
Жақында бир мағлыўматқа көзим түсип қалды, онда келтирилиўинше, сидик услап тура алмаў аязлаў асқыныўлары болыўы менен бирге руўхый ҳалатқа да байланыслы екен. Буны көпшилик билмейди, билсе де әмел етпейди.
Кеселлик пе ямаса ҳалат?
– Сидик услап тура алмаў машқаласы жас баласы бар аналардың көпшилигин ойландыратуғын мәселе. Усыннан келип шығып, сидик услап тура алмаў кеселлик пе ямаса тәбийий процесс?
– Халық арасында көбирек жас балалар турмысында ушырайтуғын энурез кеселлиги сидик шығарыў менен байланыслы болып, ол бирнеше кеселликлер себепли келип шығады. Уйқы ўақтында 2 ямаса 3 жасар балалардың жатқан жерин ығаллап қойыўы бул нормал ҳалат. Себеби оларда сийиўди қадағалаўшы церебрал орайлар еле раўажланбаған болады. Егер бул жағдай 3 жастан кейин де байқалса, онда кеселлик есапланады. Гейде мектеп жасындағы балаларда да түнде сийип шығыў ушырап турады. Буған себеп не?
Тилекке қарсы, бүгинги күнде мектеп жасындағы балалардың шама менен 20%и энурезден қыйналады. Кеселликтиң еки түри парықланады: невротикалық ҳәм невроз тәризли энурез. Невротикалық энурез бала руўхыятын жарақатлаўшы факторлар тәсиринде жүзеге келеди. Невроз тәризли энурез болса бас мийдиң органикалық, инфекциялық ҳәм травматикалық жарақатланыўының асқыныўы есапланады.
Сондай-ақ, энурезге созылмалы ЛОР кеселликлери бар, физикалық тәрептен әззи балалар да мейил болады. Және оған урологиялық кеселликлер де тәсир етеди. Қулласы, энурез диагнозы қойылған балалардың 90 пайызында невротикалық бузылыў ушырасады.
Баланы қорқытпаң!
Бүгинги турмысымызда кишкенелер руўхыятын жарақатлаўшы факторлар көп. Мәселен, күшли қорқыў, ата-анасының ажырасыўы ямаса биреўиниң қайтыс болыўы, оның узақ мүддетке таслап кетилиў ҳалатлары, ҳәттеки, екинши перзент туўылғанынан кейин бириншисине итибарсызлық та баланың руўхыятына унамсыз тәсир көрсетип, оны жарақатлайды.
Буннан тысқары, надурыс тәрбия, шаңарақтағы даўамлы урыс-жәнжеллер де кишкене баланың руўхыятына қатты соққы береди. Бундай балалар жүдә ынжық, жылаўық, қайсар ямаса адамларға қосылмай қалады. Олар түнде қатып уйқылайды ҳәм сийгек болады.
Баланың кескин қорқып кетиўи, үлкенлер менен бир қатарда қорқынышлы фильмлер көриўи сыяқлы жағдайлар да энурезге себеп болыўы мүмкин.
Перзентти руўхый жарақатлардан сақлаң
Бала руўхыятын жарақатлаўшы факторлар тәсири күшейген ўақытта сийип қойыў ҳалаты көбейеди. Оны бундай жағдайлардан узақластырыў болса энурездиң әдеўир азайыўы, ҳәтте жоқ болып кетиўине де себеп болады. Сондай екен, сийип қойған баланы ҳешқашан қатты урыспаў ямаса оны әжаға яки әжапалары алдында масқараламаў керек. Бундай мүнәсибетлер энурезди күшейтеди, болғаны.
Ата-аналар соны да билип қойыўы керек, гейде энурезди емлеў ямаса алдын алыўда баланы дурыс тәрбиялаўдың өзи жетерли болады. Сондай-ақ, ата-аналар перзентиниң ҳәрбир ҳалатына бийпарық қарамаўы, кеселликлерден, жарақатланыўлардан, әсиресе, руўхый соққылардан асырап-абайлаўымыз тийис.
Невроз себепли сидик услап тура алмайтуғынлардың кеселлик тарийхы үйренилгенде – ананың жүклилик ўақтында көп аўырғаны, туўыў қыйын өткени, бала әззи өсип, мийи зақымланғаны анықланады. Сондай екен, әлбетте, бул ҳалатлардың алдын алыў керек.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…